ШАҢАРАҚ ҲӘМ ЖУМЫС

Л. РАЎАЖОВА
RA-img

  


Көпшилик ҳаял-қызлар маған мынандай сораў береди: «Ҳаял адам қандай жумыс ислеўи керек? Улыўма жумыс ислеўи керек пе?».

Егер итибар берген болсаңыз, бурынғы ҳаял-қызлар тек ғана үй жумыслары менен шуғылланған: бала тәрбиялаған, кесте, гилем тоқыған, күйеўине хызмет еткен, оны руўхландырған ҳәм т.б. Бирақ, ҳәзир заман әдеўир өзгерип кетти. Бүгинги күнниң ҳаяллары бурынғыдай көп балалы болыўды қәлемейди.

Ҳаял адам қүдиретли күшке ийе. Ана-Тәбият оған нәсилин даўам еттириў, перзентин тәрбиялаў, күйеўине хызмет етиў ушын оғада көп энергия инам еткен. Бирақ, ҳәзирги ҳаяллар көп перзентли болыўды қәлемегенлиги ушын, бул энергия толығы менен пайдаланылмай қалып кетпекте. Өз орнында пайдаланылмаған энергия болса, ҳаял адамды тынышсызландырады ҳәм ол мәкемеде жумыс ислеп, өзин әмелге асырыўды қәлейди.

 

Не ушын бурынлары бундай машқала болмаған?

Себеби, ол дәўирлерде шаңарақлар көп балалы, тәшўиши де өзине жетерли дәрежеде болған. Ол дәўирде ҳаял адам ҳәм балалар бағшасының директоры, ҳәм тәрбияшы, ҳәм аспаз, ҳәм хожалық ислери бойынша директор орынбасары, ҳәм мийирбийке ўазыйпаларын қосып атқарған. Соның ушын да, олар өзин раўажланбай, үйде отырып қалғандай болып сезинбеген. Себеби, ол көп нәрсени билиўи, шаңарақ ишиндеги қарым-қатнасықты жақсылаўы керек болған.

Сондай-ақ, ол дәўирлерде бир шаңарақта үш-төрт хожалық бирге, көпшилик болып жасаған. Көпшилик пенен дурыс мүнәсибет орнатыў да ҳаял адамның ўазыйпасына киреди. Улыўма айтқанда, үйиндеги жумыс оған жетип, артқан. Соның ушын да, ҳаяллар өзин керексиз, «жатып ишер» деп сезинбеген.

Ҳәзир улыўма басқаша. Көпшилик шаңарақларда бир, асып кетсе еки перзент бар. Ҳәм айырым шаңарақлар 2-3 ханалы квартираларға басқа шыққан болады. Бундай жағдайда (әсиресе, перзентлери бағша ямаса мектепке баратуғын болса) олар, әлбетте, зеригетуғыны анық. Соның ушын да, ҳаяллар өзин әмелге асырмағандай, раўажланбағандай етип сезинеди. Яғный, «Мен мынандай нәрселерди әмелге асырыўым керек еди, бирақ ҳеш нәрсе ислей алмай атырман» деген пикирде болады ҳәм жумысқа шығыўды қәлейди.

Ол жумысқа кирискеннен баслап, өзиниң ҳаяллық ўазыйпаларын атқарыўға шамасы да, ўақты да жетпей қалады. Яғный, жумыстан асығып келип аўқат писиреди, оннан басқа да үй жумыслары менен шуғылланады ҳәм т.б. Бундай жағдай жүз бермеўи ушын ҳаял адам қандай жумыста ислегени мақул?

1. Бәринен бурын, ҳаял адам күнине 4 сааттан артық жумыс ислемеўи керек. Себеби, онын үйинде де ислейтуғын талабы көп ҳәм буны асығып жүрип ислеўге болмайды. Егер күнине 4 саат жумыс ислесе, меҳир менен аўқат писириўге де, балаларын бағшадан алып келиўге ямаса олардың сабақларына жәрдем бериўге де, өзине итибар қаратыўға да, китап оқыўға да, ямаса тек ғана бир нәрселерди әрман етип жатыўға да ўақты жеткиликли болады.  

2. Ҳаял адам ушын жумыс биринши орында болмаўы керек. Бундай жағдайда оның шаңарақлық бахты қәўип астында қалыўы мүмкин. Шаңарақ – сиз ушын ҳәмийше биринши орында турсын.

3. Ең баслысы, ҳаял адам усы бүгин өзине унайтуғын жерде жумыс ислеўи керек. Егер биз өзимиз жақсы көрген нәрсе менен шуғыллансақ, дөретиўшилик қәбилетимиз, искерлигимиз раўажланып барады. Ҳәттеки, жумыс ислеп шаршамаймыз да…

Сондай-ақ, ҳаял адамның тәбийий өзгериўшеңлигин есапқа алыў керек. Бизлер ер адамлардай емеспиз. Олар бир жерде бир жумысты 50 жыл ислеп, сонда да сол жумысынан рәҳәтленип жүре бериўи мүмкин. Мәселен, мениң қәйин атамның мийнет дәптершесинде тек ғана бир жумыс орны жазылған. Ол буннан бир неше жыллар бурын заводқа жумысқа кирген, лаўазымы да сол жерде әсте-ақырынлық пенен көтериле берген, қаншадан-қанша шәкиртлер таярлаған, жетик қәнигеге айланған ҳәм мийнет дем алысына шыққан. Басқа жумысқа кириўди ойлап та көрмеген ҳәм буны мақтаныш етеди. Бул – ер адамларға тән нәрсе.

Ҳаял адамларда сәл басқашалаў. Бүгин ол бухгалтер болып ислегиси келеди, ертең муғаллим болыўды әрман етеди, ал арғы күни журналистика бағдарын мақул көреди. Соның ушын да, көпшилик жағдайларда қыз баланың өзи қандай да бир жоқары оқыў орнын таңлайды ҳәм 4 жылдан соң таңлаған бағдарында жумыс ислегиси келмей қалады.

Сизлерге айтарым, өзиңиз жақсы көрген нәрсе менен шуғыллана бериң. Мәселен, сиз бухгалтерияны питкердиңиз, бирақ, енди гөззаллық салонын ашқыңыз келип тур. Бундай жағдайда өзиңизди қыйнамаң, кеўилиңиз нени күсесе, сол менен шуғылланың.

Егер сиз ҳәзирдиң өзинде жумыс ислеп атырған болсаңыз ҳәм ол кеўилиңизге унамаса, сизде еки вариант бар. Бириншиси, имканиятыңыз болса, улыўма жумыстан шығып кетип, аз ғана дем алың, соңынан өзиңизге унайтуғын бир жумыс пенен шуғылланасыз.

Екиншиси, сол жумыс орныңызда қаласыз, бирақ өзиңизди өзгертесиз. Мәселен, жумысты берилип ислемең, кешқурын сәл ертелеў үйиңизге қайтың, улыўма айтқанда шаңарақты биринши, жумысты кейинги орынға қойың. Себеби, ҳаял адам тек шаңарағы менен ғана бахытлы.

Сондай-ақ, мына нәрсени умытпаң: сиз кимди көбирек ойласаңыз, сол адамды ҳаяллық энергияңыз бенен тойындырып турасыз. Егер сиз тек ғана жумысыңыз ҳаққында ойласаңыз, энергияңыз баслығыңызға өтип турады. Ал, сиз жумысыңызда отырып та, күйеўиңиз ҳаққында ойласаңыз, энергияңыз басқаларға зая болмай, керекли мәнзилине жеткен болады. Ҳәм, бул энергия күйеўиңиздиң үлкен табысларға ерисиўи ушын ҳаўа менен суўдай зәрүр.  

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар