1. «Сен ул (қыз) бала болып туўылғаныңда, қандай жақсы болар еди?!»
Бундай етип балалардың жыныслық айырмашылығына қарай мүнәсибетте болыў – оны жаслайынан өмирге деген қызығыўшылығын сөндиреди. Өзин бул дүньяда ҳеш кимге керексиздей сезине баслайды.
2. «Ойынды қойып, китап оқы, сабағыңды таярла»
Ойын ойнаў – баланың тәбийий қәсийети. Бала ойнаў барысында көплеген нәрселерди үйренип, өмирлик тәжирийбеге ийе болады. Бундай сөзлер баланың белсендилигине тәсир етеди. Сонлықтан, ата-аналар өзлериниң көз-қарасларын баласына зорлап сиңдириўге болмайды. Ямаса сол сөзлерди басқаша жол менен жеткериўи керек.
3. «Еле кишкенесең, бул жумыс қолыңнан келмейди»
Балаларға «Мына жумыс қолыңнан келмейди, ана нәрсени сындырып қоясаң» деп, қолын қайтара бермең. Гейде баланың шамасына қарап, белгили бир жумысларды өзлери ислеўине имканият жаратып, илҳамландырып турыў керек.
4. Қолынан келмесе – кемситпең.
Кишкене бала емес, ҳәттеки, үлкен адамлардың өзи ҳәр ўақытта сәтсизликке ушырайды, ислеген жумысы күтилген нәтийжени бермейди. Сонлықтан, балаға артықша талап қойып, оның ислеген ҳәр бир жумысынан жоқары нәтийже талап етиў надурыс. Қәтелессе, сол жумысты ислеўге талпынғаны ушын да хошаметлеп турың. Керисинше жағдайда, яғный оны қәтеси ушын кемсите берсеңиз, бул нәрсе өсип раўажланыўына зыянын тийгизеди.
5. «Адам қәте қылмаўы тийис»
Адам қәтелесе алады, қәтеге жол қойыў оның тәбияты. Соннан тәжирийбе арттырып, адам екинши ирет сол қәтеге жол қоймаўға тырысыў лазым. Усыларды балаға жайпарахат түсиндириў керек.
6. «Үлкенлердиң жумысына араласпай, ойыныңды ойна»
Шаңарақта ҳәр қандай әҳмийетли мәселе де перзентлериңиздиң де пикири менен қызықсының. Себеби, олар да усы шаңарақтың ағзасы. Егер олардың пикирин инабатқа алмай, араңызға шегара орнатып тасласаңыз, перзентиңиз есейгеннен кейин де шаңарақлық мәселелерде ийкемсиз инсанға айланады.
7. «Пәленшениң баласын көрдиң бе?»
Өз баласын басқалар менен ҳәмийше салыстырып сөйлеў оның ишки дүньясына кери тәсир етеди. Сондай-ақ, балада қызғаншақлық сезими қәлиплесе баслайды. Ол әтирапындағы бәршени өзине қарсылас деп көретуғын болады. Ҳәр бир бала өз алдына бир дүнья, соны умытпаң.
8. «Айтқанымды булжытпай орынла»
Өз көз-қараслары менен буйрықларын балаға зорлап сиңдириў – перзентиңизде тек ғана басқаның айтқаны менен жүретуғын минез қәлиплестириўи мүмкин. Соның ушын, айырым мәселелерди балаңыздың өзи шешиўине имканият жаратың.
9. «Жылап, сыңсылай берме»
Бала болғаннан кейин жылайды. Бул – нормаль жағдай. Ҳәр қандай перзент ата-ананың меҳир-муҳаббатына мүтәж болады. Егер жылаған ўақтында бақыра берсеңиз, бул оның психологиясына кери тәсир етиўи мүмкин.
10. «Сен туўылмағаныңда жақсы болар еди»
Көпшилик емес, базы бир ата-аналар балаларына усы гәп арқалы тәрбия бермекши болады. Бирақ, бул сөзлер перзентиңиздиң кеўилин жарақатлап, өмир бойы жүрегинде сақланып қалады. Сонлықтан, баланың жанына аўыр бататуғын бундай сөзди ҳеш қашан айтпаң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…