Көплеген адамлардың машқаласы

RA-img

  


Кариес бул тоқымалар набыт болыўы менен пайда болатуғын ҳәм жуқпалылығы бойынша биринши орында туратуғын тис кеселлиги. Бул кеселлик әййемги тарийхқа барып тақалса да, дәслепки ўақыттан-ақ табыслы емленген.

Тис өзин өзи тиклей алмайтуғын бирден бир ағза. Эмалда тири клеткалар жоқ, сол себептен де тез набыт болады. Ҳәрқандай патология микроорганизмлер себепли пайда болады. Ураның раўажланыўы ушын ең қолай орталық жарататуғын өним бул қант ҳәм ширели затлар. Ширели затлар тислерди үлкен қәўип астында қалдырады. Бирақ, тислердиң шыдамлылығы ямаса тез зақымланыўы нәсилге де байланыслы болады.

Эндокрин ҳәм иммун системасы да тислердиң жағдайына тәсир етеди. Таң қаларлысы, энергетик ишимликлерди ишиў де тислердиң төгилиўи, жемирилиўиниң тийкарғы себеплеринен бири есапланады.

 

Себеплери:

• аўыз қуўыслығының надурыс гигиенасы, тислерди турақлы ҳәм дурыс тазаламаў;

• норационал аўқатланыў, жумсақ углеводларға бай аўқатты көп жеў, қам мийўелерди аз қабыл етиў;

• гиповитаминоз;

• ишимлик суўында айырым минераллардың (фтор, фосфор, кальций) азлығы;

• жаслықта өткерилген рахит, туберкулёз кеселликлери нәтийжесинде тислердиң надурыс қәлиплесиўи;

• иммунитеттиң әззилеўи ҳәм асқазан-ишек системасы патологиясы.

 

Раўажланыў басқышлары:

1. Дақ пайда болыўы – бунда тисте ақ ямаса қара реңли дақлар пайда болады, тис жүзесиниң сыйпақлығы сақланады;

2. Жүзеки кариес – зыянланыў эмаль қабатына өтип, онда деминерализация ошақлары пайда болып, жүзеси гедир-будырласады;

3. Орта кариес – зақымланыў эмаль астындағы дентин қатламына өтип, кариоз бослықлар пайда болады.

4. Терең кариес – аязлаў, дентин қабатынан тысқарыға өтип, пульпа әтирапындағы тоқымаларға тарқалады ҳәм түрли асқыныўларға алып келеди.

 

Алдын алыў ушын төмендегилерге итибар бериў керек:

• тислерди дурыс тазалаў – күнде 2 мәҳәл аўқаттан кейин 2 минут әтирапында.

• аўыз қуўыслығын шайыў – буны күн даўамында әдетке айландырсаңыз аўыз қуўыслығындағы бактерияларды 99%ға жоқ етеди.

• ыссы-суўық аўқатларды қабыл етпеў – жүдә ыссы ямаса жүдә муздай аўқатларды жеў ямаса суйықларды ишиў тис эмалын зыянлап микробларға сезиўшең етип қояды.

• cтоматолог бақлаўында турыў – стоматолог қабыллаўында ҳәр алты айда болыў тислердиң сарғайыўы, оларда минерализация процеси кетип, тис ети таслары пайда болыўы ҳәм кариестиң алдын алады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар