Хирурглар ҳәм трансплантологлардың жаңа жетискенликлери

Мэлс ҚАБУЛОВ, Медицина илимлери докторы, профессор. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери. Қарақалпақстан медицина институты трансплантология ҳәм хирургия кафедрасы профессоры.
RA-img

2024-жылдың 25-май күни Ташкент қаласындағы Академик В.Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының анжуманлар залында «Өзбекстан-Россия: саламатлық жолында шериклик» атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти. Оған Россияның 28 ўәлаятының медицина шөлкемлеринен 70 ке жақын медицина алымлары, Өзбекстан Республикасының 14 аймағынан 300 ге жуўық хирург ҳәм профессорлар қатнасты. Бул анжуман Россия Федерациясы Президенти В.В.Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары мүнәсибети менен өткерилди.


Конференцияны Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы бөлими баслығы, экономика илимлери докторы, профессор О.Қ.Абдурахманов кирис сөз бенен ашты. Ол өзиниң қутлықлаў сөзинде еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик мүнәсибетлерине тоқтап өтти. Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илимлери тараўындағы соңғы жетискенликлер ҳәм раўажланыў басқышлары ҳаққында мағлыўматлар берилди. Конференция қатнасыўшылары 2025-жылда Ташкентте Н.И.Пирогов атындағы Москва медицина университетиниң филиалы ашылыўы ҳаққындағы хабарды үлкен қуўаныш пенен қабыл етти.

Конференция даўамында Россия Федерациясы денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Н.Плутницкий кең көлемде баянат иследи. Ол кардиохирургия, онкология, гематология ҳәм экология тараўларында қоспа еки тәреплеме жойбарлар туўралы мағлыўмат берди. Биз рус шыпакерлериниң жетискенликлери ҳаққындағы мағлыўматларды қунт пенен тыңладық. Денсаўлықты сақлаў, медицина илимлери ҳәм кадрлар таярлаў тараўында еки тәреплеме меморандумларға қол қойылғаны туўралы айтылды. Ҳәзирги ўақытта Россия жоқары оқыў орынларында 23 мың өзбекстанлы студент билим алмақта, олардың 30 проценти бюджет тийкарында.

Академик В.Ваҳидов атындағы қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы директоры, профессор С.И.Исмаилов өзиниң «Өзбекстан Республикасында жоқары технологиялы жәрдемди раўажландырыў» темасындағы баянаты менен конференция қатнасыўшыларына орай алымлары тәрепинен әмелге асырылып атырған 10 ири илимий жумыс ҳаққында мағлыўматлар берди. Республикалық ҳәм ўәлаятлар орайларында, атап айтқанда, Нөкис қаласында Ташкент, Москва ҳәм Краснодарлы қәнигелер қатнасыўында соңғы заманагөй операцияларды әмелга асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Россия Илимлер академиясының академиги, В.И.Шумаков атындағы Трансплантология ҳәм жасалма органлар миллий медицина орайының директоры С.В.Готье жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы баянат иследи. Ол Россияның 50 аймағында орган трансплантациясы бойынша жаңа орайлар шөлкемлестирилгенин атап өтти ҳәм келешекте жасаў қәбилетин жойытқан донорлардан алынған органларды трансплантация етиўди раўажландырыў керек екенлигине дыққат қаратты. Себеби, бул усылда операциядан кейинги асқыныўлар аз болады. Кейинги баянатларда Россия Илимлер академиясының академиги, краснодарлы Россия Қаҳарманы В.А.Порханов, Москвадан Россия Илимлер академиясы академиги А.Ш.Ревашвили, профессорлар З.В.Лопатин, А.А.Сычев ҳәм Д.Б.Миразимовлар кардиохирургия, қан-тамыр хирургиясы, онкология, минимал инвазив эндоскопик операциялар, сондай-ақ, кадрлар таярлаў жойбарлары туўралы сөз етти.

Анжуман қатнасыўшылары академик Ф.Г.Назировты туўылған күни менен қызғын қутлықлады ҳәм барлық жыйналғанлар оны қол шаппатлаўлар менен күтип алды, оған беккем денсаўлық ҳәм узақ өмир тиледи. Конференция резолюция қабыл етиў менен жуўмақланды.

Жуўмақлап айтқанда, соны айтып өтким келеди, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен узақты гөзлеп ҳәм терең ойланған ҳалда алып барылып атырған реформалар нәтийжесинде, жүрек ҳәм қан тамырлары, онкология, гематология, балаларда туўма патологиялар сыяқлы ең көп ушырайтуғын кеселликлерге ерте диагноз қойыў, олардың алдын алыў ҳәм емлеўдиң жоқары нәтийжели усылларын енгизиўге қаратылған илажлар арқалы басқа сырт ел мәмлекетлерге емлениў ушын кететуғын наўқаслар саны азаяды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар