Рахит – бала организминде зат алмасыўы изден шығыўы ҳәм D витамини жетиспеўшилиги себепли раўажланып, сүйек ҳәм нерв системасына зыян жеткеретуғын кеселлик. Ол 3 жасқа дейинги болған балаларда бақланады. Соның ушын рахиттиң алдын алыў илажларын 3 жасқа дейинги болған дәўирде өткериў керек. Әсиресе, ўақтынан алдын туўылған, әззи, бир айлық нәрестелер, гүз-қысбәҳәр мәўсиминде туўылған балаларға итибар бериў тийис. Басланып атырған рахит белгилери (көп терлеў, шаш түсиўи, тер ийиси келиўи ҳ.т.б.) пайда болса, әлбетте, шыпакерге хабарласқаны мақул.
Рахитти емлеў ҳәм алдын алыўда дәри қуралларынан витамин D3 (холекальциферол) препаратын бөлек ажыратып көрсетиў мүмкин. Буннан тысқары, май ҳәм суўлы еритпелер де бар. Оларды ишириў дозасы ҳәм даўамлылығын педиатр-шыпакер белгилейди. Соның менен бирге, нәресте денесинде түрли витамин ҳәм минераллар жетерли болыўы ушын оны дурыс аўқатландырыў талап етиледи. Дурыс аўқатланыў дегенде емизиў түсиниледи: 4-5 айлықтан алдын қосымша аўқат бермеў керек. 6 айлықтан кейин қосымша азықлық берсе болады. Сондайақ, ишек микрофлорасын муўапықластырыў жүдә әҳмийетли. Өйткени, витамин ҳәм микроэлементлердиң ишеклерде сорылыўы көбинесе әне усы микрофлораға байланыслы болады.
Бәҳәрде қуяш нурында сейил етиў де пайдалы. Ультрафиолет нурлар тәсиринде териде витамин D ислеп шығарылады. Бунда баланы әптапта қалдырыў шәрт емес: тек кийимлери ашықлаў болса жетерли. Жазда күн тикке көтерилгенде бала менен қуяш астында болыў, витамин D препаратларынан пайдаланыў усыныс етилмейди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…