ИММУНИТЕТТИҢ СЕГИЗ ДУШПАНЫ

Роза Джуманазарова, Нөкис қалалық 7-санлы шаңарақ поликлиникасының шыпакери
RA-img

  


Заман раўажланған сайын, тилекке қарсы, оған тең қәдем басып саламатлық ушын зыянлы факторлар да ҳәўиж алмақта. Ең жаманы, кеселликти «алдына салып, қуўатуғын» қорғанымыз – иммунитет те «душпан»лардан толық қорғанбаған.

 

Надурыс аўқатланыў

Ҳәдден тыс тойып аўқатланыў сыяқлы диеталарға берилиў де зыянлы. Зыяны көп болса көп те, бирақ аз емес. Организм турақлы тәризде азықлық элементлерге мүтәжлик сезсе, қорғаныў тоқымаларының искерлиги изден шығады. Ас сиңириў, айырыў, дем алыў органларын қаплаған силекей қабатларда жайласқан иммун тоқымалары биринши гезекте азықлық жетиспеўшилигинен зыян көреди. Соның ушын да рацион пайдалы азықлықлар менен байлығын қадағалаў керек.

 

Стресслер

Улыўма стресслерсиз жасаўдың имканы жоқ – бундай жағдайда иммун системасы да бар болмайды. Дурыс, руўхыяттағы қысқа өзгерислер иммун тоқымаларын «шынықтырады». Бирақ созылмалы рәўиште стресс ҳалатында болыў организмде стресс гормонлары есапланған глюкокортикостероидтиң артып кетиўине себеп болады ҳәм иммун тоқымаларын толық орынлай алмайды, қарасаңыз, дыққатсызлық, ашыўшақлық, созылмалы шаршаў узын-қысқа болып есигиңизди қағып келеди.

 

Зыянлы әдетлер

Ишиўшиликке берилгенлердиң иммун системасы «терең уйқыға кеткен» болады. Соның ушын да оларда қәўипли кеселликлер симптомсыз өтеди ҳәм соңғы басқышларда ғана анықланады. Шегиўшилер де бул гәп тийисли.

 

Артықша сантиметрлер

Семизликтиң саламатлыққа зыяны ҳаққында жар салмаған шыпакер қалмады шамамда. Бул тек сыртқы көринисиңизге зыян жеткерип қоймай, ал саламатлығыңызды да изден шығарады. Себеби май тоқымалары асқынланыў процесин қозғатыўшы адипокин элементлерин ислеп шығарады. Сондай екен, семизлик бул – иммун системасы искерлигиниң төменлеўине қойылған биринши қәдем есапланады. Ең ашынарлысы, салмақ таслаўдың өзи менен иммунитет тикленип қалмайды, иммунолог жәрдеми керек болады.

 

Физикалық зорығыўлар

Физикалық шынығыўлардың пайдасы бойынша гәп болыўы мүмкин емес. Бул дурыс. Бирақ норма ҳаққында умытпаў тийис. Ҳәрдайым дене имканиятлары менен есапласыў керек. Зыят физикалық зорығыў иммун тоқымаларын «шаршатып» қойыўы мүмкин.

 

Инфекциялар

Кеселлик есик қағып келгенде, иммунитет «ләббай» деп қарсы шығады. Бирақ үш-төрт «күшли» күтилмеген мийманлар бастырып келсе не? Иммунитет не қыларын билмей қалмай ма? Әлбетте, сондай. Инфекциялар қоршаўында қалған иммунитет «узаққа бармайды». Соның ушын инфекциялық кеселликлерден сақланың.

 

Аллергенлер

Аллергия — иммун системасында бузылыўлар жүз берип атырғанының ең бирлемши ҳәм жарқын мысалы есапланады. Әпиўайы етип айтқанда, саламат организм аллергенлер менен тым-тырыс, аллергияға мейиллер болса «шаўқымлы» тәризде гүреседи. Аллергенлерге биринши гезекте иммун тоқымалары ең әззи болған орган жуўап қайтарады.

 

Дәрилер

Надурыс таңланған, тәртипсиз тәризде, қәнигениң көрсетпесисиз қабыл етилген дәри қураллары иммунитет искерлигине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Соның ушын дәри сатып алыўда өзбасымшалық етиў ямаса дус келген «ақыллы»ның гәпине кириў жарамайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар