Шаршаў организмниң ҳәдден тыс зорығыўы нәтийжесинде мийнет қәбилетиниң төменлеўи менен өтетуғын физиологиялық жағдай есапланады.
Ақылый шаршаў интеллектуал мийнет өнимдарлығының азайыўы, дыққат ҳәм пикирлеўдиң төменлеўи, итибарсызлық, ҳәўес ҳәм қызығыўшылықтың пәсейиўи, ҳәлсизлик, өз жумысын орынлаўдан кеўли толмаў, балаларда болса, ҳәрекетлениў ҳәм белсендиликтиң төменлеўи сыяқлы көринислерде өтеди.
Тез шаршап қалыў бул әпиўайы ҳалат болмай, анық бир кеселлик белгиси есапланады. Созылмалы шаршаў синдромы надурыс аўқатланыў, турмыс тәризиниң тәртипсизлиги ҳәм базы кеселликлер себепли де келип шығады. Сондай-ақ, оған жүрек кеселликлери, қантлы диабет, депрессия, қалқан тәризли без кеселликлери, йод жетиспеўшилиги, бас мий жарақатлары, кемқанлық (анемия), нерв кеселликлери де себеп болыўы мүмкин.
Аўыр кеселликти басынан өткерген адамларда шаршаў тез жүз береди. Арзымаған ҳәм айтарлықтай узақ даўам етпейтуғын зорығыў да оларда бас аўырыўы, демигиў, жүрек урыўының тезлесиўи, терлеў ҳәм ҳәлсизлениўге себеп болады.
Өспиримлер организминде витаминлер жетиспеўшилиги себепли де шаршаў бақланады. Балаларда болса, бул әдеўир қурамалы процесс есапланады. Себеби олардың организми анатомофизиологиялық қәсийетине қарап, ҳәтте, оншелли ҳәрекет етпегенде де тез шаршап қалыўы мүмкин. Мысалы, нәресте уйқыға тоймағанда, бала мектеп партасында узақ отырғанда да бақланады. Сондай-ақ, күн тәртибиниң надурыслығы, бир түрдеги шынығыў, артықша ойын-күлги де баланы тез шаршатады.
Балаларда шаршаў белгилери көбинесе ис-ҳәрекет бузылыўында көринеди: олар тақатсыз, итибарсыз, сабақ ўақтында сөйлесетуғын, яғный тәртипсиз болып қалады. Кеселликти басынан өткерген айырым балалар босаң, муңлы, күшсиз болып, жақсы пикирлей алмайды.
Уйқы нормада болыўы бул, әлбетте, ҳәмме ушын унамлы жағдай. Балалар болса сегиз ҳәм тоғыз саат тынығып уйқылаўы тийис. Тез шаршаўдың алдын алыўда мийнет ҳәм дем алыўды дурыс жолға қойыў, жумыс күни даўамында қысқа мүддетли тәнепислер етип турыў, жумыс орнын тәртипке салыў ҳәм өзинде аз ғана шаршаў сезгенде шаршағанды шығаратуғын шынығыўлар орынлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Балалар тез шаршап қалыўының алдын алыў ушын оларда күн тәртибиниң бузылыўына жол қоймаў, шынығыў ҳәм дем алыўды дурыс бөлистириў, ашық ҳаўада көбирек сейил етиўге имканият жаратыў лазым.
Азанғы дене шынықтырыў, жуўырыў, жүзиў пайдалы. Егер адамда шаршаў жағдайы созылмалы даўам ете берсе, қыстаўлы түрде шыпакер көригинен өтиў мақсетке муўапық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…