Айырым аналар перзентлери 4-5 айлық болыўы менен балалар арбашасына отырғызып, сейилге алып шығыў ҳәрекетине түседи. Ямаса арқасы ҳәм қаптал тәрепине дастық қойып, қолына ойыншықларды берип, үй жумыслары менен бәнт болады. Бул жақсы ма ямаса жаман? Баланы ерте отырғызыў өсип атырған омыртқа ҳәм сүйеклерди зорықтырып қоймай ма?
Ең дәслеп айтыў керек, қыз ҳәм ул балалардың раўажланыўы түптен парықланады. Ерте отырғызыў ул балалардан көре көбирек қызларға зыянлы. Көпшилик педиатрлардың пикирине қарағанда, қызларды төс ҳәм уршық сүйеги, сол тараўдағы булшық етлер ҳәм органлар толық раўажланып үлгерместен отырыўға үйретиў айырым нуқсанлардың қәлиплесиўине алып келиўи мүмкин. Бул болса келеси ўақытта бийпушлық ямаса туўыў менен байланыслы машқалаларды келтирип шығарыўы ҳеш гәп емес. Соның ушын 6 айға дейинги болған қызларды сүйеп отырғызыў ҳәм отырған ҳалатта узақ қалдырыў мүмкин емес.
Ул балаларды да 6 айлық боламан дегенше отырғызыў усыныс етилмейди. Алты айлық нәрестениң бел ҳәм қарын булшық етлери раўажланып үлгерген болады. 6 айлықтан үлкен нәрестелер жатып ойнап атырған ўақтында өзи отырған ҳалатта өте алса, оны усы ҳалда бираз қалдырыў мүмкин. Бирақ бир сааттан көп қалдырмаў керек.
Балалар отырып ойнап атырғанында үлкенлер қадағалап турыўы, қаптал ҳәм арқа тәрепине жумсақ көпшиклер қойыўы, дийўал ҳәм қыры бар буйымларға басын урып алыўдан абайлаўы тийис.
Қыз балаларды ерте отырғызыў неге алып келеди?
Базы балалар 6 айлық болғанда да отырғанда теңсалмақлылықты сақлай алмайды. Ана қызы ямаса улы дурыс отыра алмай атырғанынан қәўетерленсе, педиатр менен ойласып, тексертип көриўи лазым. Шыпакер анаға баланы отырыўға ерте үйретиўдиң унамсыз тәреплерин де түсиндирип береди.
Қәўетерли тәрепи сонда, 6 айлыққа дейинги болған баланың омыртқасы еле жақсы раўажланбаған, вертикал ҳалатқа үйренбеген болады. Бул ўақытта отырыўға мәжбүрлеў бала ушын үлкен зорығыў есапланады. Соның менен бирге, бул оның омыртқа бағанасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бундай балаларда үлкейгенинде геўдесин дурыс тута алмаў бақланыўы мүмкин.
Кексе апаларымыз: «Ерте отырғызылған баланың жамбасы қайтып, жалпақ болып қалады», дейди. Бул гәпте де жан бар. Себеби кишкентайлардың сүйек ҳәм уршықлары жумсақ болып, көп отырғызылса тегис өспей қалыўы мүмкин.
Ортопед қәнигелер де өспирим қызлардағы сколиоз (омыртқа қыйсайыўы) себебин кишкенелигинде ерте отырыў ямаса мектепте партада надурыс отырыў менен байланыслы, деп есаплайды. Демек, ата-аналар жетерли мағлыўматқа ийе болмаса ҳәм нәрестелерди ғәрезсиз отырғызыўға асықса, келешекте олардың саламатлығы нуқсанлы болыўына себепши болыўы мүмкин.
Отыра алмаса, не ислеў керек?
7-8 айлық баланың өз бетинше отырыў ўақты жеткен болады. Егер ўақтынан алдын туўылған, әззи нәрестелер қәддин услап отыра алмаса, олардың аяқ ҳәм бел булшық етлерин массаж ислеў, ҳәр күни 1-2 мәрте аяқларын ийип-бүгиў, жатқан жерде қолынан услап көтерилиў шынығыўларын орынлатыў тийис.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…