Япониялылардан хызметкерлер менен ислесиў бойынша мотивацион усыныслар:
Билесиз бе, көпшилик японлар бир компанияда бир өмир ислейди. Олардан кейин олардың әўладлары сол компанияда ислейди. Бул әўладтан әўладқа өтип барады. Олардың алдында анық жумыс орны болып, оған садық хызмет етип турмыс кеширеди.
Жумыстан қуўылыў, жаңа жумыс табыў сыяқлы машқалаларға дерлик жолықпайды. Компания хызметкерлери бир шаңарақ сыяқлы дослық орталығын жаратып, өз мәплери компания мәплери менен уйғынласқан болады. Қәбилетли хызметкерлер жаратыўшаңлық ҳәм дөретиўшилик искерликлерин әмелге асырып, компания искерлигин кеңейтип барады.
Ҳәр бир хызметкер ушын мағлыўматлар базасынан пайдаланыў имканиятының бар екенлиги компанияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын белгилеп, ҳәрбир хызметкер ортасында командалық орталықты беккемлеў ҳәм өзара бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди. Бул мағлыўматлар менен танысқан әпиўайы жумысшы тәрепинен де қымбатлы идеялар туўылыўы мүмкин болады. Әлбетте, японлар ҳәрбир идеяны сыйлықсыз, яғный материаллық хошаметсиз қалдырмайды. Әне усы себепли де олардың жумысында өсиў тез көзге тасланады.
Ислеп шығарылған өнимлер ҳаққында мағлыўматлар топлаў арқалы компания өз кемшиликлери,өниминиң сапасы ҳәм оған жуўапкерлерди анықлап алады. Мағлыўматлар анализ етилип жуўапкер шахслар жуўапкершиликке тартылады.
Ислеп шығарыў процеси менежерлер тәрепинен турақлы қадағаланыўы ҳәм басшылардың хызметкерлер жумыс орны менен танысып барыўы өнимлердиң сапасы ҳәм бәсекилес болыўын тәмийинлейди. Сондай-ақ, хызметкерлердиң саламатлығын сақлаў ҳәм олардың кейпиятының унамлы болыўына жәрдем береди.
Көплеген компанияларда жумыс ўақтында жағымлы музыка жаңлап турады. Жумыс баслаўдан алдын жумысшылар музыка сазалары астында дене тәрбия менен шуғылланады. Бул хызметкерлердиң ҳәрекетлерин тезлестириў ҳәм олардың саламатлығын беккемлеў, ислеп шығарыў ямаса хызмет көрсетиў көрсеткишиниң жоқары болыўына хызмет етеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…