Күлкитерапия

RA-img

   


– Аға, мен бүгин үш мың сум үнемледим.

– Қалайынша?

– «Маршрутный»ға минбей, изинен жуўырып келдим.

– Таксидиң изинен жуўырсаң болады-ғо.

– О неге?

– Сегиз мың сумды үнемлер едиң!

*** *** ***

Имтихан тапсырыўға кеткен баласынан әкеси сорады:

– Балам, имтиханыңды жақсы тапсырдың ба?

– Мениң берген жуўапларымның профессорға унағаны соншелли, келеси жылы да келиўимди өтиниш етти.

*** *** ***

Профессор студенттен уллы шайырлардың бириниң туўылған ҳәм қайтыс болған жылын сорапты. Студент бул шайырдың туўылған жылын билгени менен қайтыс болған жылын билмес екен. Сонда:

– Устаз, бул шайырды өлди деп айтыўға тилим бармайды. Ол мен ушын мәңги тири, – деп жуўап берген екен.

*** *** ***

Бир депутат екиншисине деди:

– Сени де халық жаман көре ме?

– Адамларға ҳайранман, ҳеш нәрсе ислемесем де, мени жақтырмайды.

*** *** ***

Қараңғыда Өмирбек пенен дусласып қалған бай оны мазақламақшы болып:

– Өмеке, мен сени ийт шығар десем, – десе, Өмирбек:

– Кеширерсиз, бай аға, мен де сизди адам шығар деп едим, – деген екен.

*** *** ***

Бир адам ветеринар врачты мазақ қылмақшы болып:

– Сиз мал докторысыз ба? – десе, ветеринар врач:

– Аўа, қай жериңиз аўырып тур? – деген екен.

*** *** ***

Еки жилли емлеўханадан қашып кетипти. Шыпакерлер, милиция хызметкерлери оларды излеп таба алмапты. Кешки ўақыт еки жилли қайтып келипти. Қасындағылар оларға:

– Неге қайттыңыз? Сизлерди өлгенше излеп, таба алмады-ғо, – десе, жиллилерден биреўи:

– Бүгин биз репетиция қылдық, енди ертең қашамыз, – деген екен.

*** *** ***

– Бүгин жумыста директорымыз компьютер ойынлары бойынша жарыс шөлкемлестирди.

– Ал, нәтийже не болды?

– Жеңимпаз болған хызметкерлердиң үшеўи жумыстан босатылды.

*** *** ***

Художник көркем галерея шөлкемлестириўшисинен сорады:

– Мениң картиналарымды кимдур сорады ма?

– Аўа, бир адам қызығып, художниктиң өлиминен кейин дөретпелериниң баҳасы көтериле ме, деп сорады. Мен оған, әлбетте, көтериледи, деп жуўап бердим. Онда бирден 15 полотноны сатып аламан, деди.

– Әжайып! Ким екен ол адам?

– Сизиң емлеўши шыпакериңиз.

*** *** ***

Бир ер адам люстра дүканында сатыўшыдан сорады:

– Мына бир люстра беккем бе? Сынбай ма?

– Сиз мына биреўин алың. Бул еки есе қымбат, бирақ тоғызыншы қабаттан таслап жиберсеңиз де сынбайды.

Ер адам люстраны алып, үйине келгеннен кейин, ҳаялына депти:

– Ҳаў, неге мен артықша пул төледим өзи? Өзи мен биринши қабатта жасайман-ғо.

*** *** ***

– Неге сен күнде қатының менен урысып турып қәйиненеңди ҳүрмет етесең?

– Ўақтында ол бизлердиң турмыс қурыўымызға қарсы еди.

*** *** ***

Қыз бенен жигит интернет арқалы танысып ушырасыўға келисипти. Жигит:

– Мен қара шапка, көк джинсиде боламан, бойым 185 см, салмағым 78 кг десе, қыз:

– Яқшы, онда мен қара курткада, бир қолымда тәрези, екинши

қолыма метр алып тураман!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар