ДИСК ГРЫЖАСЫ ҮЛКЕН БОЛСА, ОПЕРАЦИЯ ШӘРТ ПЕ?
«Менде 11 мм үлкенликтеги омыртқалар аралық диск грыжасы бар. Айтыңызшы, бундай көлемдеги грыжаларды емлеўдиң бирден-бир жолы операция ислетиў ме?»
С. АРТЫКОВА, Беруний районы
– Грыжаның қәўипли ямаса қәўипсиз екенлиги оның үлкен-кишилигине байланыслы емес. Ең әҳмийетлиси, грыжаның омыртқа каналының қайсы бөлиминде ҳәм қандай жағдайда жайласқанлығы. Жүдә жиңишке омыртқа каналындағы ҳәр қандай кишкене грыжа да айтарлықтай машқалаға себепши болыўы мүмкин.
Грыжаны емлеў әмелияты оның көлемине байланыслы емес. Әдетте, грыжаның нерв талшықларын қысып қойыў ҳалатларының барлығына ҳәм буның тәсиринде наўқастың улыўмалық жағдайына қарап хирургиялық әмелият буйырылады.
Грыжа кеселликлеринде бирден-бир нәтийжели жол хирургиялық әмелият есапланбайды. Бунда емлеў илажы грыжа өз әтирапындағы тоқымалар ҳәм нерв талшықларына қай дәрежеде тәсир етиўине қарап әмелге асырылады. Көпшилик наўқасларға операцияның орнына физиотерапия, массаж, остеопатия, емлеўша ванналар, гирудотерапия (зүлик қурт пенен емлеў) сыяқлылар буйырылады. Базыларында жоқарыда санап өтилген емлеў илажларының барлығы комплексли тәризде алып барылады.
Сиз жағдайыңызға және де анықлық киргизиў ушын вертебролог, нейрохирург, невропатолог көригинен де өтиўиңиз керек.
КИСТАНЫҢ ЕМИ ОПЕРАЦИЯ МА?
«Талағымда эхинококк кистасы бар екенлиги анықланды. Оны операциясыз емлеўге бола ма?»
К. ПИРИМБЕТОВА, Шоманай районы
– Талақта еки түрли кисталар раўажланыўы мүмкин: паразитарлық ҳәм паразитарлық емес. Паразитарлық кисталардың ең көп тарқалғаны – бул эхинококк кистасы болып, ол инсан организминде узақ мүддет (15 жылға шекем) раўажланады. Бул киста раўажланып барған сайын әтирапындағы ағзаларды да қысып қойыўы мүмкин. Соның ушын да, хирургиялық әмелият жәрдеминде алып тасланады. Бирақ, бул усыл шыпакерлердиң арнаўлы тексериўлери ҳәм анализ нәтийжелерине қарай белгиленеди.
ТИСЛЕР НЕ СЕБЕПТЕН САРҒАЙАДЫ?
«Жасым 27 де. Тислерим негедур сарғайып кетти. Буның тийкарғы себеби не? Оны емлеўдиң илажы бар ма?»
Үзийпа, Шымбай районы
– Тистеги сарғайыў ямаса қарайыў организмниң өзине тәнлигине байланыслы. Айырымларда тис сарғайыўы тутынылатуғын өнимлер себепли келип шығады. Турақлы рәўиште ашшы чай ямаса кофе ишип жүретуғын инсанлардың тисинде де мине усы жағдай бақланады. Сондай-ақ, тистеги сарғыш қатламлар сигарет шегетуғын, насыбай ататуғын, аўыз қуўыслығы гигиенасына әмел етпейтуғын адамларда ушырасады.
Тислерди ағартыў ушын белгили бир химиялық усыллардан пайдаланылады. Бунда тис реңи аппақ болғаны менен, оның эмаль қатламы бираз жемирилиўи мүмкин. Тислерди сарғайтпаў ушын баланы кишкене ўақтынан баслап аўыз қуўыслығы гигиенасына әмел етиўге үйретиў керек. Себеби, аўқат қалдықларының тислердиң арасында қалып қойыўы нәтийжесинде сол салада оның ашыўы жүзеге келеди. Бул болса, соңын ала тис етлеринде әдеўир машқалаларды пайда етери анық.
Сондай-ақ, ҳәмиледарлық дәўирде қабыл етилген айырым дәрилер де келешекте бала тисиниң сарғайыўына алып келиўи мүмкин. Соның ушын да, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәр бир дәрини шыпакер менен мәсләҳәтлескен ҳалда қабыл етиўи шәрт.
ПРОТЕЗ ТИСЛЕР КИМЛЕР УШЫН?
«Жасым 54 те. Азыў тислерим түсип қалған. Аўқатланған ўақытта қыйналаман. Соның ушын, алынып-салынатуғын протез тис қойдырсам бола ма? Тийкарында, бундай тис кимлерге усыныс етиледи?»
Мухтар, Нөкис
– Алынып-салынатуғын протез тис, тийкарынан, тиси жоқ, азыў тислери улыўма қалмаған инсанларға усыныс етиледи. Сондай-ақ, тис егетиўди қәлемеген инсанларға да усындай тис қойылады. Сизиң жағдайыңызда да бул усылды таңлаўыңыз мүмкин. Бирақ, буның ушын бәринен бурын, стоматолог пенен мәсләҳәтлесиң. Умытпаң, тис етиниң исиниўи және неврологиялық кеселликлер менен аўырған наўқасларға да алынып-салынатуғын протез тис қойыў мүмкин емес.
БӨТЕКЕДЕГИ ТАСТЫ АЛДЫРЫЎ КЕРЕК ПЕ?
«Шыпакерлер бөтекемде тас бар екенлигин анықлады ҳәм «алдыртыўың керек» деди. Лекин, бул тас мениң тынышымды алып атырған жоқ. Сонда да операция ислетейин бе? Егер ислетпесем, ақыбети не болады?»
Замира ШӘРИБАЕВА, Нөкис
– Бундай жағдайда операция ислетиўиңиз шәрт емес. Таслар «мен бундаман»лап өзин көрсетпесе, тынышыңды алмаса, буған қәжет жоқ. Бирақ, ўақты-ўақты менен шыпакер көригинен өтип, тасты операциясыз түсириў жолларын қарастырғаныңыз да мақул. Егер бөтекеңиз аўыртса, өзиңизди жаман сезсеңиз, онда дәрҳал емлеўханада жатып даўаланың. Белгилер тезде өтип кетеғоймаса, тасты алдыртып таслағаныңыз мақул.
ҲӘМИЛЕДАР ҲАЯЛДА ЗОБ БОЛСА…
«Ҳаялым ҳәмиледар. Тексериўлер нәтийжесинде онда зоб (буғақ) бар екенлиги анықланды. Бул жағдай ана-баланың саламатлығы ушын қаншелли қәўипли болыўы мүмкин?»
Оралбай, Кегейли районы
– Сиз қәўетерленбең, ҳәмиледарлық дәўиринде көпшилик ҳаялларда йод жетиспеўшилиги ушырасады. Себеби, бул ўақытта ҳәмиледар ҳаялдың тек өзи ушын ғана емес, ал қарнындағы баласы ушын да бул элемент оғада зәрүр. Ҳәмиле саламат раўажланыўы ушын шыпакер-гинеколог ҳаялға қурамында йод элементи көп болған мийўе ҳәм палыз өнимлерин тутыныўды және йод препаратын қабыл етиўди буйырыўы керек.
Ҳәмиледар ҳаял организмине күнине 200 мкг йод элементи сиңиўи тийис. Егер бул жеткиликсиз болса, туўылажақ бала йод жетиспеўшилиги кеселлиги менен дүньяға келиўи мүмкин. Бул жағдай ўақыттың өтиўи менен оның раўажланыўына, ойлаў қәбилетине өз тәсирин тийгизеди. Буннан тысқары, анасы туўыў ўақтында да қыйналыўы мүмкин. Сол себепли, ҳаялыңыз йод элементине бай мийўе ҳәм палыз өнимлерин, шыпакер усыныс еткен дәридәрмақларды да өз ўақтында қабыл етиўи керек.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…