Қарындағы аўырыўлар, узақ даўам еткен қаталаўлар – булар адам өмири ушын қәўипли кеселликлердиң қәўетерли белгилери болыўы мүмкин.
1. Қарын бослығындағы аўырыў: оң жақта, төменде.
Бундай жағдайда шыпакерлер көбинесе «соқыр ишек» деген диагноз қояды. Не ушын бул қәўипли? Егер де асқынған аппендикс өз ўақтында алып тасланбаса, – жарылып кетип, ишин-деги сасықириңли нәрселер қарын бослығына келип түсиўи мүмкин. Ақыбетте, қарын бослығының барлық жерлери исине баслайды ҳәм бул – адам өмири ушын қәўипли.
Қарындағы аўырыўда болатуғын характерли белгилер:
Кеўил айныўы ҳәм қусыў – лекин наўқастың аўҳалы жеңиллеспейди. Өйткени, исиниў процеси жүз береди, нәтийжеде наўқастың температурасы көтерилип кетеди.
Егер сенде усындай белгилер болса, онда шыпакерге тез барып көриниўиңе туўра келеди. Диагнозды өз бетиңше қойсаң да болады. Төсекке шалқаңа жатып, аппендикс турған жериңди басып көр, соң дәрҳал қолыңды төмен түсир. Егер усындай ҳәрекетлериңниң нәтийжесинде аўыртыўлары қаттырақ болып кетсе, онда «Тез жәрдем»ди шақыр. Демек, сенде – аппендицит.
2. Қабырға астынан белбуўарыңды жағалай аўырыў.
Бул – өткир панкреатиттиң белгиси болғаны. Демек, асқазан асты бези исинген. Бул без инсулинди ҳәм аўқат қорытыўшы ферментлерди ислеп шығарыўға жуўапкер. Ас қорытыўшы ферментлер жүдә агрессив характерге ийе болады. Егер де ол толығы менен ишекке барып түспесе, онда қалдықлары асқазан асты безиниң өзин зыянлай баслайды, оны еритип-жемиреди. Егер усындай «катастрофа» ишиңде болып атырған болса, онда жылдам «Тез жәрдем»ди шақыр.
3. Үш сутка даўамында иштиң қаталаўы.
Бул ишектиң тығынланып қалғанғанлығынан дерек береди. Демек, ишекте исик бар болғанынан гүман етсек болады: ол жумалақланған аўқатлық бөлеклерди иркип тур. Буннан басқа, ашырқаў илажын надурыс өткерген ўақытта асқазан-ишек жолында ишеклер асқазан менен ҳәм де өзара жабысып қалады. Ямаса ишек шийеленисип қалыўы мүмкин. Бундай жағдайда ишек, ҳақыйқатында да, түйин болып байланып қалады.
Егер де 3 күн даўамында үлкен дәретке шығыўлар болмаса, онда шыпакерге көриниў ҳәм ишекти тексертиў керек.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…