«БИЗ ДЕ ТУЎҒАНБЫЗ!»

RA-img

  


Шаңарақ. Жәмийет ишинде киши мәкан болған усы дәргайды беккем қорғанға айландырыў инсаннан күш, сабыр, билим – және көп нәрселерди талап етеди. Көпшилик тийкарынан қәйинене-келин, ер ҳәм ҳаял ортасындағы келиспеўши-ликлерди сапластырыў бойынша мәсләҳәтлерге мүтаж. Бул бойынша бир неше тәрептиң пикирлери менен қызықтық.

 

ҚӘЙИНЕНЕ – Р.Н., 56 жас, Нөкис қаласы:

– Келиним жүкли. Ақырғы ўақытларда жүдә ынжық болып баратыр. Айтқанымды дәрриў орынламайды, жумыс ислеўи де келген күнлерине салыстырғанда өзгерген. Балама айтсам, ол да ҳаялының тәрепин алады. Арым келетуғыны, неше жыл ақ жуўып, ақ тарап ер жетирген перзентиң енди басқаның тәрепин алып отырыпты. Биз де жүкли болғанбыз, туўғанбыз. Ҳеш нәрсе демей жумысымызды ислеп жүре бергенбиз. Ҳәттеки жүклимен деўге уялар едик. Ҳәзирги келинлерге ҳайранман. Гейде ашыўым келип, көш-жүгин жыйнастырып, үйине таслап келсембекен, басқа келин алсамбекен деп ойлап қаламан…

 

КЕЛИН – Г.Е., 23 жас, Нөкис қаласы:

– Жүкли болғанымнан кейин жүдә ҳәлсизленип қалдым. Қаным да азайып кетипти. Азанда әўели шай ишип алып, соң үй жумысларын ислесем, қәйиненем биринши жумысларымды ислеп, кейин шайға отырыўым керек екенлигин айтады. Бирақ шай ишип алмасам, кеўлим айный береди. Расы, өзим де қыйналып кеттим.

 

КҮЙЕЎ – Т.С., 26 жас, Нөкис қаласы:

– Бир тәрепте анам, бул жақта болса ҳаялым. Перзентимниң саламат туўылыўына мен де жуўапкермен. Еки оттың арасында қалып кеттим.

 

ПСИХОЛОГ – Лола Раўажова

– Әўеле, көпти көрген, тәжирийбели қәйинене апамызға айтатуғын гәпимиз бар. Өзлери айтып өткениндей, ол адам да бир ўақытлар жүкли болған. Бирақ ҳәр бир организм индивидуал, яғный өзине тән айрықшалығы бар. Гейбир ҳаялларда туўыўдан кейин, ал базыларында болса туўыўдан алдын руўхый түскинлик байқалады. Бул жағдайда қәйиненемиз келинин улыўма еситиўди қәлемей атыр.

Келин де өз нәўбетинде жағдайын қәйиненесине жеткерип бералмай атыр. Соның ушын да, еки ортада еркек сергиздан. Бундай пайытларда келин қәйиненеси менен анық, жайпарахат сөйлесип алыўы керек. Келин сөйлемесе, ишиндегисин қәйинене қайдан билсин?

Тәжирийбем даўамында сәўбетке келген қәйиненелердиң көбиси, күн даўамындағы кейпиятлары келинлериниң  бөлмесинен қандай кейпиятта шығыўына байланыслы екенлигин айтады. Егер келин күлип шықса, қәйиненениң де кейпияты көтериледи. Егер де жаңа түскен келиншек түнерип жүрсе, өз гезегинде, қәйинене де унамсыз тәрепке өзгере баслайды.

Шапалақ еки қолдан шығыўын айтып өтиўим шәрт емес. Келин де, өз нәўбетинде, шаңарағы беккем болыўы ушын мийнет етиўи керек. Болажақ аналар жүкли болғаннан кейин, жүреги астында көтерип жүрген нәрестесин саў-саламат дүньяға келтирип алыўы кереклигин умытпаўы тийис. Ҳәр дайым унамсыз ой-пикирли, сондай-ақ, түскин кейпиятта жүрген аналардан жылаўық, түрли кемисликтеги балалар туўылады.

Япон алымлары изертлеў өткерипти. Ҳәмиледар ҳаяллар УТТ өткеннен кейин, бир топардағы ҳаялларды күлдирткен, екинши топардағыларға қорқынышлы, кеўилге қонымсыз сөзлерди айтқан. Буннан ҳәмиледар ҳаяллардың ашыўы келип қапа болған. Анықлаўынша, күлип турған ҳаялдың ҳәмилеси де анасына қосылып күлген, керисинше, түнерген кейпияттағы ананың туўылажақ нәрестесиниң жүз көриниси де муңлы болған. Демек, ана баласына ҳәм физикалық, ҳәм руўхый тәсир етеди. Соның ушын болажақ аналарымыз оларға берилип атырған инаяттан қуўанып, шырайлы болып жүриўи керек.

Жүкли ҳаял туўылажақ нәресте менен сәўбетлесип, болажақ әкеге нәрестеге ертеклер айтып бериўин сорап, қәйинене, яғный баланың кемпир апасы менен таныстырып, унамлы пикирлерди көбейтиўи керек. Ана өз перзентин жүреги астында 9 ай көтерип жүрер екен, бул исти жаман энергетика менен әмелге асырмаўы лазым. Әне сонда саламат, ҳәр дайым күлип туратуғын, иммунитети күшли, сүйкимли бала дүньяға келеди. Себеби әмелиятымда бундай жағдайларға көп мәрте дус келгенмен.

 

ЕРКИН ЭКСПЕРТ – Сулыўхан Турдымуратова

Усы жағдайға қәйинене сыпатында түсиник берсек, мениң келиним де жүкли болып, бизге сүп-сүйкимли ақлық инам еткен.

Өз шаңарағымнан келип шығып айтатуғын болсам, ҳаял адам 40-50 жастан кейин климакс дәўирин басынан кешире баслайды. Әне усы дәўирде ол баласын үйлендиреди. Ҳаял өзи қәлеп емес, ал физикалық жағдайында болып атырған өзгерислердиң руўхыятына тәсири себепли ынжық, ашыўшақ болып қалады.

Аналар өз қызларын турмысқа берип атырған мәҳәл сол жағдай ҳаққында да жигербентлерине бир аўыз айтып қойыўларын қәлер едим. Өз гезегинде, келиншеклер де ҳәмиледарлық ўақтында организмде түрли өзгерислер байқалады. Бул болса оның руўхыятына тәсир көрсетеди. Жүкли ҳаял да ашыўшақ болып, ҳәттеки кеселлениў жағдайлары да ушырайды. Қәйиненелер келинине душпан сыпатында қарамай, жанында турып, тәбиятына нәзер салған ҳалда оннан өз меҳирин ҳәм көмегин, өмирлик тәжирийбесин аямаўы керек. Тартысып-таласыў менен мақсетке ерисип болмайды. Соның ушын, апа, «Басқа келин алсамбекен…» деген сөзлериңизди қойың. Сиз келиниңиздиң бахтын перзентиңиз тынышлығында көрип атырсыз. Улыңызда келиниңизди жаманламай атыр.

Бул сизиң дурыс тәрбияңыз нәтийжеси. Организмиңизде болып атырған өзгерис себеп келиниңиздиң сәл ғана әдетий емес ҳәрекетинен үлкен машқала жасап атырсыз. Буны даналарымыз түймени түйедей етип көрсетиў дейди.

Болажақ әкеге айтар сөзим: сиз жүдә жақсы перзент ҳәм ер болыпсыз. Тек ҳаяллар ортасындағы гәп-сөзлерге көп те итибарлы болабермең. Өзлери келисип алсын деп, өзиңизди улыўма шетке де алып кетпең. Беклигиңизге садық қалың. Анаңызға: «Келиниңизге бираз жәрдем бериң, ол тәжирийбесиз. Бундай жағдайда өзин қандай тутып атырғанлығын түсинбеўи мүмкин» деп, ал қостарыңызға болса: «Анамның кеўлин табыўға, оған шырайлы сөйлеўге ҳәрекет ет. Ол жасүлкен адам. Гейде қатты сөйлеп жибериўи мүмкин. Бундай ўақта аўыр бол», деп нәсият етиң.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар