Не ушын психологтың консультациясы керек?

RA-img

Психологтың консультациясы — бул, профессионал жәрдемге мүрәжат еткен, қәтержам жасаўына кесент берип атырған машқалалардан қутылыўды нийетлеген адамның өмириндеги өз алдына бир тәжирийбе сабағы болып табылады


Психолог кабинети — қәўипсиз ҳәм жеделлестириўши орын. Бунда психолог сизди сынға алмайды, айыпламайды ҳәм қараламайды. Адамларға жәрдем ете отырып, психолог өзиниң сыналған әдислерин, усылларын, сондай-ақ минез-қулқлардың түрлери, жасқа байланыслы кризислер, психиканың дүзилиси ҳаққындағы профессионал билимлерин қолланады. Психологтың шеберлиги, маманлығы ҳәм қоллап-қуўатлаўы машқалаларды шешиўге имкан береди. Өйткени:

·       Арнаўлы түрде шөлкемлестирилген сәўбети арқалы психолог дыққатты машқаладан оның шешимине қаратады. Машқала әтирапында әўере-сәрсең болып айланып жүриў, оның басқа да бир майда-шүйде тәреплерин излеў тоқтайды ҳәм нәтийжеге жетиў үстинде жумыс басланады.

·       Психолог болып атырған ўақыяны сапалы ҳәм терең анализлеўге зәрүр шәрт-шараятларды жаратады. Психологтың консультациясы — бул, бийпайда, нәтийжесиз ишки монологтан диалогқа өтиўди аңлатады. Бул диалог бизге жақсылық тилейтуғын ҳәм психологиялық жақтан жақсылап «тағаланған» сәўбетши менен бирге өтеди. Сиз психологтың кеңеслерине сүйене отырып, пайдалы ҳәм нәтийжели пикир жүрите байласыз, процесс даўамында конструктивли ҳәм тәсирли ойланыў көнликпелерин раўажландырасыз.

·       Арнаўлы психологиялық усыллар машқаланың қурсаўынан сыртқа шығыўға жәрдем береди. Сонда сиз оның аўырманлық салып турған ҳәм кесент беретуғын тәсиринен қутыласыз, қашықлайсыз. Машқалаға сырттан қарап турып сиз машқаланы аңсат ғана шеше аласыз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар