Психологиялық машқалалар шешими
Жақынларыңнан бири аўыр дәртке жолықса, оған қандай сөз айтыўды билмей қалады адам. Мәдет болыўшы сөзлер я әпиўайы сезиледи, яки улыўма жубатпайды. Гейде кеўлине аўыр батыўы ҳеш гәп емес.
Дурыс, оған ҳазар бериўди ҳәтте қыялыңызға да келтирмейсиз. Ҳәммеси жақсы болыўын қәлейсиз – сизге жақын инсанға жәрдем бериў, қоллап-қуўатлаў, жубатыў, кеселликке қарсы гүресиўде жәрдем болыўын қәлейсиз. Бирақ ол буны керисинше қабыл етиўи мүмкин.
КӨП ИСЛЕТИЛЕТУҒЫН 5 ГӘП
«ҲӘММЕСИ ЖАҚСЫ БОЛАДЫ! СИЗ, ӘЛБЕТТЕ, САЎАЛЫП КЕТЕСИЗ!»
Бундай сөзлерди айтып, наўқасты үмитлендириўге ҳәрекет етесиз, бирақ дәрти созылмалы, даўасыз болса, алдамшы үмит берип қоясыз. Соның менен бирге, ўақыялар барысы қандай таўсылыўын иш-ишиңизден билип турсаңыз да, оның аўҳалы ушын жуўапкершиликти өз мойныңызға алып қоясыз.
Жақсысы, усындай деген мақул: «Мен сиз ушын қәўетердемен. Ҳәммеси жақсы болыўын қәлеймен».
«АЎҲАЛЛАР ҚАЛАЙ?»
Бир қарағанда бул бийазар ҳәм зыянсыз гәп. Бирақ ҳәр күни «Аўҳаллар қалай?» яки «Жумыслар қалай?» деп сорай берсеңиз, адамның жанына тийиўи мүмкин. Өйткени бул сораўды ол ҳәр күни еситеди: шыпакерлерден, ағайин-таныслардан, досларынан… Нәтийжеде бундай сораўдан шаршайды, езилип кетеди.
Жақсысы, усындай деген мақул: «Мен сондай дәрежеде қайғырып атырман, аўҳалың қандай екенлигин ҳәр күни билгим келеди. Қарсы емессең бе? Қашан қоңыраў етсем болады?»
«ТАНЫСЫМДА БУННАН БЕТЕР БОЛҒАН ЕДИ»
Жақын адамыңызға жағдай пүткиллей үмитсиз емеслигин көрсетпекшисиз: басқалар да аўыр дәртке шатылып, көрмегендей болып кетип атыр. Бирақ ол буны басқаша баҳалаўы мүмкин: сиз оның кеселлигин арзымас, кеширмелерин жалған деп есаплап атырсыз. Нәтийжеде ол ренжип қалады, өйткени ҳәр бир адам кеселликти ҳәр қыйлы басынан кеширеди. Наўқас адамларды салыстырып болмайды – бул жарыс емес.
Жақсысы, усындай деген мақул: «Сизге қыйынлығын билемен, бирақ билип қойың: мен бәрқулла жаны-ңыздаман!»
«КӨРИНИСИҢИЗ ЖАҚСЫ! ҲӘТТЕ КЕСЕЛ АДАМҒА ДА УҚСАМАЙСЫЗ!»
Бул сөзлер қашан жалған болмағанда ғана жақсы. Егер айтып атырғанларыңызға өзиңиз исенбесеңиз, наўқас жасалмалықты сезип қалады. Бирақ емлеў усылы унамлы тәсир етип атырғанлығын көрсеңиз, адамның көз астындағы дөңгелеклер жоғалса, ернинде күлки пайда болса, бул сөзлер бийбаҳа болады. Жақсысы, реал ўақыялыққа сәйкес келгенде анық дәлиллер менен сөйлең.
«СИЗ КҮШЛИСИЗ, ЕПЛЕЙСИЗ!»
Бундай сөзлер менен адамның өз күшине исенимин беккемлеўге урынамыз. Соның менен бирге, оған әззи болмаўы ушын зәрүрлигин түсиндирип қоямыз.
Жақсысы, усындай деген мақул: «Көрип атырман, гүресип атырсаң… Еле ядымда, баяғы да сиз усындай жағдайды аңсат жеңгениңиз» (бул сөзди тастыйықлаўшы мысал келтириң). Бул өзиндеги жасырын күшлерди ядқа салады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…