Америкалы шыпакер Поль Брегг өзиниң «Саламат жүрек» китабында, инсандағы жоқары қан басымын «тилсиз жаў» деп баҳалап, төмендеги пикирлерди келтиреди: «Қәлеген бир шарға жүдә көп ҳаўа үплесеңиз, не болады? Егер ол жарылып кетпесе, жуқа ҳәм нәзик болып қалады. Нормада исирилген шар ояқтан-буяққа еркин секирип тура береди. Артықша исирилген шар болса жарылып кетиўин күтип жатады. Бундай қубылыстың жүрегиңиз ҳәм қан тамырларыңызда болыўына жол қоймаң».
Расында да, бизге қан айланыўы қанды жүргизиў ушын зәрүр. Бирақ жүдә жоқары басым жүрек ҳәм қан тамырларын жуқаластырып, әззилетип жибереди. Артерия дийўалларында көтерилген басым майлы қалдықларға мейилликти және де асырады. Бундай жағдайларда инсанның қандай жол тутыўы билим дәрежесине, өз саламатлығы ушын қаншелли қайғырыўына байланыслы.
Бизге белгили, жүрек искерлиги инсан тирилигиниң дереги сыпатында әсирлер даўамында тараў қәнигелери тәрепинен табыслы үйренилип келинбекте. Ҳәр бир адам өзин қандай қорғаўы керек деген сораў ҳеш қашан актуаллығын жойтпаған. Халық арасында көп ушырайтуғын қан басымы асыўы менен кешиўши кеселликлердиң пайда болыў себеплери неде? Бул кеселликлер инсан организминде артериал қан басымының жоқарылаўы менен характерленеди.
Пайда болыў себеплерине болса – нәсиллик, мейиллик, семизлик, кем ҳәрекетлилик, оғыры эмоционал зорығыўлар (стресслер), зыянлы әдетлер (шегиў, спиртли ишимликлер ишиў), қантлы диабет, гиябентлик затларды қабыл етиў, орал контрацептив дәрилер қабылланыўы (ҳаялларда), бүйрек ҳәм баўыр искерлигиндеги бузылыўларды мысал ретинде келтириў мүмкин. Базы бир наўқаслар өзлериндеги гипертония (жоқары қан басымы) кеселлигин сезбейди.
Ең қәўипли тәрепи сонда, дәрт өз ўақтында емленбейди. Ақыбетте бул кеселлик өзиниң жасырын белгилери менен наўқас өлимине де себеп болыўы мүмкин. Яғный, даўаланбаған гипертонияның қәўпи қайғылы жуўмақланады. Егер емленбесе – артериялар жараланып, эластиклиги азайып, ағзаларға жетерли қан тасып берилмей қалады.
Жүрек, мий ҳәм бүйрек ең нәзик органлар есапланады. Жоқары қан басымы жүректиң кеңейиўи ҳәм нәтийжелилигиниң азайыўына себеп болады, бул жағдай жүрек шеп қарыншасының (гипертрофиясы) кеңейиўи сыпатында белгили. Бул қәўипли кеселлик инфарктқа алып келиўи мүмкин. Көпшилик стрессти қан басымының жоқарылаўы менен байланыстырады.
Жоқары қан басымлы кәсипке ийе ҳаўа транспорты қадағалаўшыларында гипертония ҳәм жүрек машқалалары 2-4 есе көбирек ушыраўы буған мысал бола алады. Солай етип, ҳәзирги медицинада жоқары қан басымы жоқарылаўы менен өтетуғын кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўде қандай зәрүрли илаж ҳәм усыныслар қолланылмақта? Наўқас шыпакерге қанша ерте мүрәжат етсе, кеселлик белгилериниң алдын сонша тез алыў мүмкин.
Саламат ҳәм шыныққан жүрек ушын қан басымын нормал 120 ға 70 муғдарында сақлаған мақул. Бул норманы азықлық ҳәм күнделикли өзгерислер арқалы әмелге асырыў мүмкин. Шынығыў, терең дем алыў, жетерли уйқы ҳәм саламат азықлық қан басымыңызды нормал ҳалатта сақлаўға жәрдем береди. Дузы көп, қантлы ҳәм майлы азықлықлардан өзимизди тыйыўымыз керек. Бүгинги жәмийетимизде жүдә жайылып кеткен тиз писетуғын, алдамшы аўқатлардан абайлы болыў керек. Диета услаў кеселликтиң ҳазарсыз өтиўине унамлы тәсир көрсетеди.
Жоқары қан басымы көтерилиўи менен өтетуғын кеселликлердиң биринши, екинши басқышларында наўқас амбулатор шараятта да емленсе болады. Үшинши басқышта болса стационар шараятта даўаланыў лазым. Бул кеселликлерди емлеўде керекли дәри препаратлары ҳәм наўқас әмел етиўи әҳмийетли болған усыныслар да үлкен пайда береди (соның ишинде, улыўма шекпеў ҳәм спиртли ишимлик ишпеў, нормада уйқы ҳәм дем алыў). Ҳеш ким ҳәм ҳеш нәрсениң сизге артықша басым өткериўине жол қоймаң. Тәшўиш, стресс ҳәм зорығыў инфарктке себеп болмаўы мүмкин, бирақ булар оннан қутылыўға да жәрдем бермейди. Әпиўайы, тәбийий, органикалық азықлықлар менен нормада аўқатланыў зәрүр.
Турақлы шынығыў менен шуғылланыў, ҳәтте аўыр жүрек инфарктинен кейин яки жүрек жүдә әззилегенде де пайдалы есапланады. Бул басқыш өтип кеткеннен кейин, бундай даўамлы шынығыў наўқастың жүрек ҳәм қан айланыў системасының қайта тиклениўине ҳәм де күшке кириўине жәрдем береди. Эмоцияларға берилиў наўқастың бийбаҳа нерв қуўатын заялайды. Жағымсыз адамлар яки жағдайлардан узағырақ жүриў, олардан пүткиллей өзимизди алып қашыў ең жақсы жолы болып табылады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…