«Тез шаршап қаламан. Айтыўынша, бул да жүрек жетиспеўшилигиниң белгиси болыўы мүмкин екен. Сол рас па?»
Гүлжанат Амангелдиева, Тахтакөпир
Жүрек машқалалары менен байланыслы бир қанша белгилер бар болып, олардан хабардар болыў аўыр жағдайлардың алдын алыўға жәрдем береди.
• КӨКИРЕК ҚУЎЫСЛЫҒЫНДАҒЫ АЎЫРЫЎ
Көкирек қәпесиндеги аўырыў көп кеселликлерде ушыраўы мүмкин. Тийкарынан, жүрек-қан тамыр, дем алыў органлары кеселликлеринде, көкирек жумсақ тоқымалары ҳәм нерв талшықлары исиниўинде, ҳәм де омыртқа кеселликлеринде көкирек қәпесинде аўырыў байқалады. Төстиң арқасында физикалық зорығыўдан кейин пайда болған, шеп қолға, шеп желке тараўына жалғаныўшы, физикалық зорығыў таўсылғаннан кейин өтип кетпеўши аўырыў (стенокардия) жүрек ишемик кеселлигине тән болыўшы аўырыў есапланады.
• ДЕМИГИЎ
Бул белги де бир қатар кеселликлерде ушырайды (жүрек-қан тамыр, өкпе, қан ҳәм де өспе кеселликлери ҳәм тағы басқалар). Демигиў қайсы органдағы бузылыўдан келип шыққанлығын анықлаў ушын шыпакерге мүрәжат етиў керек.
• СУЎЫҚ ТЕР БАСЫЎЫ
Жүрек ишемик кеселлигинде, стенокардия қәўипи ҳәм де өткир миокард инфарктинде инсанды суўық тер басады. Бирақ бунда суўық тер ажыралыўы демигиў ҳәм артериал қан басымының кескин төменлеп кетиўи менен бирге гүзетилиўи жүрек жетиспеўшилигинен дәрек бериўи мүмкин.
• ТАМЫР УРЫЎЫНЫҢ БУЗЫЛЫЎЫ
Аритмия (жүрек қысқарыўларының бузылыўы) жүрек-қан тамыр кеселликлеринде байқалыўшы тийкарғы белгилерден бири есапланады. Бунда жүректиң қысқарыўлар саны нормадан көбейип кетиўи (тахикардия) яки керисинше, кемейиўи (брадикардия) байқалыўы мүмкин.
• БАС АЙЛАНЫЎЫ
Бул жағдай бас мийдиң қан менен тәмийинлениўи изден шыққанда байқалады. Бул белги де бир қанша кеселликлерде байқалыўы мүмкинлиги себепли (жүрекқан тамыр, мий кеселликлери, омыртқа кеселликлери, дем алыў органларындағы бузылыўлар ҳәм т.б) жоқарыдағы кеселликлер бар-жоқлығын анықлаў мақсетке муўапық есапланады.
• ИСИК
Еттеги исиклер көбинесе жүректиң қысқарыў күши азайғанда, тоқымаларда суйықлық топланыўы нәтийжесинде пайда болады.
Исиклердиң пайда болыўы биринши гезекте жүрек-қан тамырлар жетиспеўшилигин инкар етиўин талап етеди. Бул ҳалаттағы исиклер басып көрилгенде бармақ орнында шуқыр пайда болады.
• ЖӨТЕЛ
Жөтел дем алыў органлары кеселликлеринде, жүрек-қан тамыр системасындағы бузылыўлар, аллергия жағдайларында, әсиресе, көп байқалады.
• ШАРШАЎ
Бул белги жүдә көп кеселликлер ақыбетинде, соның ишинде жүрек жетиспеўшилиги бар екенлигин билдиреди. Шаршаў бас мий, өкпе ҳәм жүректиң қан менен жақсы тәмийинленбеўи себепли байқалады.
• ҲӘЛСИЗЛИК
Бул белги денедеги ҳәр қандай унамсыз өзгерислер нәтийжесинде көринеди. Сол тийкарда, дәрмансызлық жүрек миокард инфаркти қәўипи барлығынан да дәрек бериўи мүмкин. Айырымларда бул кеселлик әсте-ақырын күшли ҳәлсизлик пенен басланады ҳәм қалған белгилер бираз кейинирек көрине баслайды.
• КЕЙПИЯТ ТҮСИЎИ
Күшли қәўетер ҳәм ҳәттеки қорқыў сезими де жақынласып киятырған жүрек инфарктине белги бериўи мүмкин. Сизде жоқарыда санап өтилген белгилер байқалса, өз ўақтында қәнигеге мүрәжат етиў ҳәм тийисли тексериўлерден өтиў мақсетке муўапық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…