Жеңгемниң айырым әдетлерин ҳеш түсинбеймен: қолын тез-тезден жуўады, балаларын бир күнде 3 ирет шомылдырады, кийимлер таза болса да жуўа береди. Қонақ келип кетсе, изинен пүткил ыдыс-табақлар қайнатылады, жаңа салынған көрпешелер, сүлгилер қайта-қайта жуўылып, тәкирар-тәкирар шайылады. Биз болса илажы барынша, ушып жүриўимиз керек. Себеби, аяғымыз жерге тийгени ушын жуўыўымыз керек. Неге ондай екен-ә, деп ойлап қаламыз…
Бул жағдайға психолог Лола Раўажовадан мағлыўмат алыўға ҳәрекет еттик.
– Инсан руўхыятындағы бундай өзгерислерди қандай атаў мүмкин ҳәм ол қалайынша пайда болады?
– Бул жабысқақ пикирлер синдромына адамның жуўап бериўи есапланады, яғный мийден ҳәрдайым бирқыйлы пикир яки қәлеўдиң кетпеўи. Сол пикир ҳәм қәлеўлерди басқара алмаў ақыбетинде аўыр стресске түсиў жүзеге келе баслайды. Жабысқақ пикирлерге нелер киреди? Жуғып қалыўдан қорқыў (кир, вирус, микроб, шаң, ийис сыяқлылар); қандай да қәўипли жағдайдан қорқыў (мысалы, жақынын жойтып қойыўдан, өлип қалыў, уры болып кетиўи, авария болыў, жынаятшылардан қорқыў) ҳәм т.б...
– Бул сыяқлы жағдайлар дерлик ҳәммеде ушыраўы мүмкин. Бирақ биз буны кеселлик дәрежесине көтерип атырмыз. Саламат адам менен олар ортасында қандай парық болады?
– Дурыс, ҳәммеде де бундай сезим ҳәм ойлар болыўы тәбийий, бирақ саламат руўхыят бул ҳалатты жеңе алады. Руўхыятында өзгерис барлары болса жабысқақ пикирин қалай болмасын, әмелге асырыў ҳәрекетлерин ислеп шығады. Мәселен, микроб жуғып қалмаў пикирине қарағанда алты мәрте көйлекти жуўыў, микроб жуқпасын деп есикти салфеткада ашыў, дәрўаза жабықлығын он мәрте барып тексериў, бир сөзди алты мәрте қайтарыў, мәселен, үйге кирип, алты мәрте «Мен келдим» деў, егер бул гәпти айтпаса, берекет болмаўынан қорқыў сыяқлылар. Олар шаңарақ ағзаларын қәўиптен сақлаў ушын ҳәрбир ханаға кирип, қандай да бир гәпти айтып шығыўы да мүмкин. Жабысқақ пикир синдромының ең көп ушырайтуғын түри – микроблардан қорқыў. Бундай адамлар басқалар менен ҳәтте сәлемлеспейди, есик тутқышын да усламайды, өз ыдысында аўқат жейди, столға отырса, микроб жуқтырып алыўдан қәўипсинип, тик турып аўқатланыўға да ыразы. Қолларын тынбай жуўып турады, ванна-моншада саатлап қалыўы кетиўи мүмкин. Негизинде олар қолы, денеси кирлиги ушын емес, мийдеги пикирди кемейтиў ҳәм «жеңиллестириў» нийетинде солай етеди. Қашыў – жабысқақ пикир синдромының орайлық бөлими. Қәўетер пайда етиўши барлық жағдайлардан қашыў, өзин сақлаў; бираз жеңиллик беретуғын ҳәрекетлерди қандай жол менен болса да табыў, өзинше рәҳәтлениў (қол жуўып, есик ҳәм полларды сыпырып, балаларын шомылдыра бериў, келген қонақты «шомылып шығың» деўге де уялмаў) менен өз көринисин табады.
– Бул синдромға шалынғанлар руўхыятында нелер жүз береди?
– Жабысқақ пикир неврозы жүдә күшли ишки азап береди. Наўқасларда өзин айыплы деп есаплаў, уялыў, түскинлик ҳәм себепсиз жылаў пайда болады. Бундайлар өз алдына мақсет те қоя алмайды. Өмирдиң мәнисин сол жабысқақ пикирлерден қутылыўға қарсы гүресиўден ибарат болып қалады. Жабысқақ пикирге шалынғанлар ҳешқашан шыпакерге мүрәжат етпейди. Ҳәттеки шыпакердиң қандайдур анализ қойыўынан да қорқады. Таблетка ҳәм ийнели емлеў усыллары олар ушын апаттай гәп. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми статистикасына қарағанда, бул түрдеги невроз – ислеў қәбилети жоғалыўына алып келиўши он кеселликтен бири. Рак, туберкулёз сыяқлы аўыр дәртке шалынғанлар да мийнетке жарамлы болыўы мүмкин, бирақ обсессив-компульсив синдром наўқаслары барған сайын өмирден үзилип қалады. Оларды мәжбүрлеп ислетиў болса руўхый зорығыўға алып келиўи мүмкин.
– Олар қандай емленеди?
– Шыпакерлер бул невроз түрине шалынғанлардың анализлеринде ҳешқандай өзгерис табалмаған. 75% жағдайларда олар психотерапевт көмегинде емленеди. Аўыр формасында болса невропатолог ҳәм психотерапевт шуғылланыўы да жақсы пайда береди. Психотерапевт наўқас мийине оны қыйнап атырған нәрсе бул тек пикир екенлиги, ҳешқандай бар емеслигин сиңдиреди. Оған әтираптағы нәрсе-буйымлардың тазалығы, ҳәммеси орнында екенлигин түсиндирип, бузық пикирлерди гипноз арқалы жоқ етеди. Инсан бундай машқалаға жолыққанда, дәслеп, шаңарақ ағзалары, жақынлары итибарлы болыўы керек. Және, әлбетте, психотерапевт қабыллаўына алып барыўы шәрт.
– Қабыллаўыңызда усындай наўқаслар да болған ба?
– Әдеўир алдын қабыллаўыма бир келиншек келген еди. Мийине туўыў процесинде балама микроб жуғып қалса не деген пикир жабысып алған екен. Ҳаялды баламды кимдур усласа, көтерсе, кийиндирсе, микроб жуғып қалады деген пикир сирә тыныш қоймаған. Нәресте жылап-ышқырыўына қарамай, кийим ҳәм жөргеклерин жуўып келиў ушын кетип қала берген. Сонда келиншектиң кемпир апасы усылай депти: «Балам, Қудай инсанды кир етип жаратпаған. Қара ҳәмме жақ таптаза, Алла берген инамлардан буншелли кир излеме. Шынын айтсам, сениң ишиң кирленип кетипти». Усы гәплерден кейин келиншек өзинде емлениўге күш тапқан екен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…