Ол орта мағлыўматлы медицина хызметкери, киши қәниге. Мийирбийкелер баслаўыш медициналық мағлыўмат алады. Олар орта арнаўлы медицина билимлендириў орнын тамамлаған болады ҳәм медицина орайларында шыпакер жәрдемшиси есапланады. Оларды ким басқарады? Мийирбийкелер жумыс профилине көре, бир неше түрлерге бөлинеди:
Бас мийирбийке – жоқары мийирбийкелик курсын тамамлаған қәниге. Медицина орайларында мийирбийкелер жумысын қәлиплестиреди ҳәм басқарады.
Үлкен мийирбийке – емлеўхана ямаса поликлиниканың бөлим баслығы есапланады. Ҳәкимшилик-хожалық жумыслары менен шуғылланады.
Палата мийирбийкеси – арнаўлы палаталарға бириктириледи ҳәм сол ханада емлениўши наўқасларға шыпакердиң емлеў усылын әмелге асырады, наўқаслардың күтимине қарайды, аўқатланыўына жуўапкер болады.
Емлеў иси мийирбийкеси – наўқасларға укол салады, шыпакер қоллаўшы манипуляцияларда жәрдемлеседи, лаборатор тексериўлер ушын тамырдан қан алады.
Операциялық мийирбийке – хирургиялық әмелиятлар ўақтында хирургке көмеклеседи, операцияға хирурглық әсбап-үскенелерди таярлайды.
Мийирбийке-анестезист – анестезиолог-реаниматолог шыпакер менен бирге ислейди, операцияға наркоз аппаратларын таярлайды, анестезиологиялық препаратлар жибереди.
Аймақ мийирбийкеси – өзине тийисли аймақ турғынларына шыпакер усыныс еткен тексериў ҳәм емлеў усылларын әмелге асырады, профилактикалық илажларда қатнасады.
Диета мийирбийкеси – шыпакер-диетолог шөлкемлестирген диетаға наўқастың әмел етиўин қадағалайды, наўқас ушын пайдалы өнимлерден рацион дүзеди, аўқатлар таярланыўы ҳәм асхананың санитар жағдайына жуўап береди.
Тар қәнигелер мийирбийкеси – шыпакерлер (окулист, оториноларинголог, невропатолог ҳәм басқалар) қабыллаўында ислейди, наўқасларды көзден өткериў ҳәм ҳүжжетлерди толтырыўда шыпакерге көмеклеседи.
Патронаж мийирбийке – медициналық тексериў ҳәм хызметти пуқаралардың үйлеринде көрсетеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…