Узақ жасаў тилеги әзел-әзелден бар болып, ата-бабаларымыз буған ерисиў жолларын тынбай излеген. Әййемги заманда тәўиплер ҳәм алымлар асқазанды тазалап турыў ҳәм тамырдан қан алдырыўды көп жасаў факторы деп есаплаған болса, базы бир илимпазлар мәселениң басқа тәреплерине итибар қаратқан.
Швейцариялық физиолог Галлердиң тастыйықлаўы бойынша, жүз жылдан көбирек жасаў негизинде нәсилге байланыслы екен. «Узақ өмир кешириў адамға өз ата-бабаларынан генетик жол менен өтеди», дейди алым. Басқа алымлар болса, көплеген изертлеўлер өткизип, «Узақ жасаў бас мий искерлиги менен байланыслы. Мий қаншелли көп ислесе, ақыл-закаўатты қанша көп пайдаланса, соншелли берекели өмир көреди», деген жуўмаққа келген.
Уллы данышпанлар узақ жасаўдың сыры үзликсиз ҳәрекетте болыў менен байланыслы екенин айрықша айтып өткен. Француз философы Жан Жак Руссо былай деген еди: «Пияда жүриў мени тирилтиреди, илҳамландырады, күшли қылады, кейпиятымды көтереди. Ҳәрекет қылмасам, ҳәттеки, пикирлей де алмайман. Билемен, денем ҳәрекетленсе, санам да ҳәрекетленеди!»
Шынында да, ҳәрекет болмаса, өмир тоқтайды.
Киевтеги Геронтология институтында 50-60 жаслардағы алты-жети адамды үш ҳәпте жатқарып қойды. 21 күн өткеннен кейин олардың жүреги ЭКГ тексериўинен өткизилди. Мәлим болды: жатқанлардың ҳәммесинде де миокард инфаркты басланып атырған екен. Кемҳәрекетлилик аўыр кеселлик дереги болыўы кимниң ойына келипти, дейсиз?! Буннан көринеди, мийимиз ҳәм булшық етлеримиз қаншелли актив ислесе, өмиримиз де соншелли узая береди екен.
Жоқарыда айтылған ҳәмме пикирлерди жәмлесек, мына жуўмаққа келемиз: «Көп жыллар наўқыран ҳәм тәндар болып турмыс кешириўдиң тийкарғы сыры — инсанның өзине болған меҳиринде, итибарында ҳәм сақлығында!» Демек, денемизди ҳәм руўхымызды сыртқы ҳәмде ишки тәсирлерден аман сақлаўымыз зәрүр екен.
сиз 60 жастасыз ба?
Ол ҳалда өмириңизди жаңадан баслаң!
Анық пикирлеў ҳәм узақ жыллар даўамында ақылый искерликти бурынғы қәддинде сақлап қалыўды илимпазлар жүдә қыйын мәселе деп ойлар еди. Японияның Акита қаласындағы университетте өткизилген тәжирийбелер бул машқаланың шешимин табыўға көмеклести. Кекселик жасындағы 1600 адам менен бирме-бир сәўбетлескен соң, алымлар өз алдына қойған мақсети таман умтылған адамларда ақылый искерлик 85 жастан асқаннан кейин де илгеридегидей сақланыўын анықлады.
Америкалық алымлар сегиз жыл даўамында жетпис жастан асқан 2500-ден аслам кекселердиң турмыс тәризин бақлап, 30 процентиниң елеге шекем ақыллары тынық екенлигине ықрар болды. «Бул инсанлардың бәршеси де жоқары мағлаўмат алған. Ҳеш қайсысы да өмир бойы шылымды аўызға алмаған. Пәс калориялы тағамлар менен аўқатланған, спорт машықлары менен турақлы шуғылланған. Сондай-ақ, мий искерлигин ҳәр күни кроссвордлар шешиў арқалы раўажландырып барған. Ең тийкарғысы, олар белгили бир мақсет таман умтылыўдан тоқтамаған», деп жуўмақ шығарыпты бул алымлар.
Қулласы, мий искерлиги тынымсыз шынықтырылып барылса, инсанлар тез пикирлеўге әдетленеди ҳәмде аўыр жағдайлардан аңсат шығып кете алады.
Жақын-жақын ўақытқа шекем көпшилик алымлар «60 жасқа жеткен адамларда ақылый имканиятлар жоғала барады» деп есаплар еди. АҚШ-лық геронтолог-қәнигелердиң изертлеўлери нәтийжесинде мына нәрсе аян болды: 60 жасқа жеткен адамлар Ақыл таўының ең шоққысында турады екен! Бул дәўирге келип инсанның бақлаў жүргизиў қәбилети, серлилиги максимал дәрежеге жетеди, организмде миелин затының муғдары көбейеди. Бул зат нейронлар арасында жеткерилип атырған сигналлар системасын асырады. Сонлықтан, адам тез ойлап, анық пикирлейди, тез шешимге келеди. Яғный, 60 жастағыларда ақыллық қүдирет жаслық дәўириндегисине қарағанда 30 есе артады екен! Алымлар буннан мынадай практикалық жуўмақ шығарады: «Сиз 60 жастасыз ба? Ол ҳалда өмириңизди жаңадан баслаңыз!»
Калифорниялық профессор Дилип Жейст кекселердиң ақылый искерлигин көп жыллар үйренип, айқын жуўмаққа келди. Оның айтыўынша, мий искерлигин тынымсыз раўажландырып барыў адамды ақылы зайыллықтан, алжыўдан сақлайды екен. Мийдиң клеткалары – нейронлардың искерлигин активлестириў ушын алым төмендегише усыныслар береди:
- китаплар оқыў;
- кроссвордлар шешиў;
- қызық сериалларды тамаша қылыў (Сериаллар көрип атырғанда кексе адамды өзге халықлардың турмысы, түрли гөззал тәбият көринислери, тарихый ўақыялар заўықландырады. Оны жағымлы ойлар шулғайды — буның нәтийжесинде мий клеткаларының искерлиги жақсыланады);
- өзине жаққан жумыс пенен шуғылланыў (қой-қозы, қоян, таўық бағыў, балық өршитиў) қартайыўдан шалғытады;
- компьютерде ислеўлер қәтийраны «қытықлағандай» сыяқлы ҳәрекетке келтиреди ҳәм пикирлеў қәбилетин күшейттиреди. Әсиресе, компьютердеги ойынлар оғада пайдалы болып, қартайып атырған адамның ақылын өткирлестирип, ўақытты мазмунлы өткизиўге имканият жаратады;
- қандайда бир шет тилди үйрениў;
- саяхат қылыў (бунда мий жаңа тәсиретлер менен байыйды).
Сондай-ақ, бас мий искерлигин жақсылайтуғын азық-аўқат өнимлерине де тоқталайық. Мәселен, гөш, балық ҳәм картошка қурамында витамин В3 көп болып, ол инсанды қәтийраның пәсейиўинен сақлайды. Кекселик босағасындағы адам күнине 4 дана жаңғақ, 21 дана қара кишмиш ҳәм бадам тутыныўы лазым. Күнине аш қарынға 1 чай қасық палды таңлайға қойып, сорып турыў пайдалы. Буннан тысқары, жер жаңғақ, түрли көкликлер, капуста, сельдерей, көк пияз, шиповник шербети, ерик қағы (оның қурамында калий ҳәм магний көп) мийдиң искерлиги ушын жүдә әҳмийели. Демек, адам саламат турмыс тәризи қағыйдаларын сақлап, минерал ҳәм витаминлерге бай тағамларды турақлы тутынып турса, өзин ўақтынан бурын қартайыўдан сақлаған болады.
сап ҳаўа, унамлы пикир ҳәм исшеңлик
Геронтолог алымлардың пикиринше, ўақтынан бурын қартайыўдың алдын алыў ушын адамның сап хаўада сейил қылыўы, унамлы пикирлеўи ҳәм исшеңлик кейпиятында болыўы оғада әҳмийетли саналады екен. Жүз жылдан көбирек ўақыт саў-саламат жасамақшы болған адамларды қәниге шыпакерлер төмендеги кеңеслерге әмел қылыўға шақырады.
Тәртипли өмир кешириң. Буның ушын күн даўамында белгиленген саатларда аўқатланыўға ҳәрекет қылың. Ҳәдден тысқары көп аўқат жеўден тыйылың, дене салмағын турақлы қадағалап барың. Актив ҳәрекетте болыўға үйрениң, мийнет ҳәм дем алыўды туўры шөлкемлестириң. Спиртли ишимликлер ишиў ҳәм шылым шегиў әдетлеринен аўлақ жүриң. Күнине кеминде бир саат пияда сейил қылың.
Тойып уйқылаң. Ҳәр күни уйқыны мәлим ўақытқа белгилең ҳәм белгили бир ўақытта турыўға әдетлениң. Умытпаң, уйқылаўдан алдын көп суйықлық ишилсе, бүйреклер зорығады, денеге исик келеди. Әдетленген орында ҳәм таза төсекте жатыў лазым. «Төсегиң қандай болса, уйқың да сондай», деген ҳикметли сөз бар. Жатақхана ҳаўасы онша ыссы да, онша суўық та болмасын. Уйқылаўдан алдын хананы шамаллатың. Күндизи бираз, ярым сааттай мызғып алың. Егер 1-2 саат уйқыласаңыз, бул — түнги уйқыны жаманластырады. Көпшикке бас қойыўдан алдын мийди қыйын ўазыйпалардан азат қылың, себеби тәшиўишли ой-қыяллар уйқыны қашырады.
Болар-болмасқа дәрилер ише бермең. Дәри препаратларын шыпакер буйырған муғдарда ҳәм анық ўақытларда қабыл қылыўға әдетлениң. Соны ядта тутың: аш қарынға ишилген дәри тез ҳәм күшли тәсир қылады. Керисинше, қарын тойғаннан кейин ишилсе, оның тәсири пәсейеди. Кекселик жасында зәрүр болатуғын раунатин, аллахол, диазолин, дибазол ҳәмде түрли витамин препаратларын аўқаттан кейин тутының. Себеби, олардың сорылыўы ушын ишеклерде өт болыўы лазым. Өт болса аўқатланғаннан кейин пайда болады. Эритромицин, оксацилин ҳәм соған уқсас антибиотиклерди аўқатланыўдан алдын қабыл қылың. Дәрилерди жөнсиз ише бериў жаман ақыбетлерге алып келиўин ядта тутың.
Ашыўланыўдан сақланың. Соны умытпаң, нервлик зорығыў себебинен набыт болған нерв талшықлары жүдә әстелик пенен, яғный бир кеше-күндизде шама менен бир миллиметрге шекем тикленеди. Адамның мудамы нерви шығып жүре бериўи тек ғана оның нервлерине зыян жеткизип қалмай, сондай-ақ қан басымының көтерилиўи, жүректиң ишемик кеселлиги, қантлы диабет, мигрень, асқазан жарасы сыяқлы аўыр кеселликлерди де келтирип шығарады. Нерви атланған адам уйқысызлыққа жолығады, қызба болып қалады, ақыбетте тек ғана руўхан емес, ҳәтте физикалық жақтан да майыпқа айланады.
Азадалыққа әмел қылың. Шырайлы қурылған үй азада ҳәм жыйнақлы болмаса, ол да денсаўлыққа кери тәсир көрсетеди. Медициналық гүзетиўлерден сол нәрсе мәлим, қараңғы ҳәм ызғар ханада жасаў — өкпе туберкулезы ҳәм ревматизм кеселликлериниң пайда болыўына алып келеди. Үй иши ҳәм әтирапы патас болса, қарын тифи (брюшной тиф), дизентерия келип шығады. Ханалар шамаллатып турылмаса, ҳаўасы дымық ҳәм аўыр болады, дем алыў қыйынласады, тери кеселликлери раўажланады.
Ҳәр бир адам өз денесин азада тутыўы зәрүр. Синтетик кийимлер кийилсе, дене жетерлише «дем» алалмайды ҳәм көп терлейтуғын болады. Әсиресе, аяғы көп терлейтуғын адамлар пахта, зығыр мамығы ҳәм жип гезлемелерден тоқылған шулықларды кийиўи лазым. Кери жағдайда терлеў себебинен тери ишине инфекция кирип, аяқларда грибок кеселлиги пайда болады.
Улыўма алғанда, қартайыўды ақырынлатыў инсанның өзине байланыслы. Егер ол саламат турмыс тәризине әмел қылса, өзин қәдирлеп-күтсе, өмирден заўықланып жасаса ҳәм кеселликлердиң алдын алса, көп жыллар саў-саламат өмир кеширеди. Бундай адамлар нураныйлық жасында да күшли ҳәм саламат көринеди. Сондай-ақ, олардың ақыллары өткир, қәтийралары жақсы, ақыллары бәркамал болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…