ИШЕКЛЕР УШЫН ҚОРҒАНЫЎ ЯМАСА БАЛА ИШЕКЛЕРИН КЕСЕЛЛИКЛЕРДЕН ҚОРҒАЙМЫЗ

RA-img

  


Ишеклерди бир толық үй деп қабыл етсек, микрофлора онда жасаўшы «тири жанлар» есапланады. Олар ишеклерде жасаўшы, көзге көринбес майда микроорганизмлер болып, ас сиңириўде ҳәм оның өзлестирилиўинде қатнасады. Соның ушын саламат ишеклерди оларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Бирақ усы «тири жан»лар денемизде балалықтан қәлиплеседи ҳәм оның надурыс раўажланыўы пүткил өмирге татырлық базы кеселликлерге себеп болыўы мүмкин.

 

ОРГАНИЗМНИҢ ЕҢ ҮЛКЕН «ХАЛҚЫ»

Ишеклердеги микроәлем адамды түрли кеселликлерден қорғайды. Бирақ олардың да өзине тән ўазыйпасы бар. Ишеклердиң «халқы» аўқат сиңиўинде белсенди қатнасып, организмди кеселлик пайда етиўши токсинлер ҳәм аллергенлерден қорғайды. Сондай-ақ, усы майда жаратылыслар 90 пайызға жақын витаминлерди синтезлеп, эндокрин ҳәм нерв системасы искерлиги ушын керек болған биологиялық белсенди элементлерди ислеп шығарады. Микроорганизмлерди көз бенен көриў мүмкин болғанында, олардың көп екенлигин көрип, басымыз айланып қалған болар еди.

Ишеклерде шама менен 1000 түрдеги «тири жан»лар қоныс басқан болып, олардан 95 пайызы пайдалы, 5 пайызы болса кеселлик пайда етиў қәўпи бар болған микроорганизмлер есапланады. Булардың барлығы үлкен бир системаны, ишеклер микрофлорасын қурайды. Жоқарыда айтылған көрсеткишлердиң ямаса баланстың бузылыўы саламатлық пенен көплеген машқалаларға: қантлы диабет, аллергия, семизлик, аутоиммун кеселликлер раўажланыўына себеп болыўы мүмкин.

 

ҚОРҒАҢ

Ишеклердиң саламатлық орталығына өткир ишек инфекциясын қозғаўшы кеселликлер үлкен қә ўип салып, ишек искерлигин изден шығарады. Антибиотиклер де мине усындай қәўип топарына кириўи мүмкин. Балаға бундай дәрилерди бериўден алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиўди умытпаў керек. Вируслы кеселликлер де ишеклер орталығына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Кишкентайды вируслы кеселликлерден абайлаўға ҳәрекет етиң.

 

ҚӘТЕЛЕР ҮСТИНДЕ ИСЛЕЙМИЗ

Ишеклер искерлигин дурыслаў ҳәм жақсылаў ушын қурамында тири бактериялар, пробиотиклерди сақлаўшы дәрилерди қабыл етиў керек. Бирақ бул сыяқлы дәрилер қабыл етилиўи кишкентай жасына қарап таңланады, буны, әлбетте, ядта сақлаң. Сол себепли бул «жумыс»ты қәнигениң қолына тапсырғаныңыз мақул.

 

ҚӘДЕМБЕ-ҚӘДЕМ

Балада микрофлора раўажланыўы ушын алдынғы 1000 күн, яғный ҳәмиле пайда болғанынан 2 жасына дейинги ўақыт жүдә әҳмийетли есапланады. Тиккелей усы мүддетте баланың пүткил организминиң раўажланыўы жүз береди. Бала дүньяға келгеннен кейин, оның аўқатланыў тәртиби нормалласқаннан кейин оның ишек микрофлорасы өзгерислерге қәдембеқәдем қәлиплесип барады. Бул қәлиплесиў дәўиринде тийкарғы 3 басқыш айрықша әҳмийетке ийе:

• Биринши басқыш – көкиректе емизиў. Бул процесс баланың 2 жасына дейин даўам етиўи керек. Өйткени ана сүти ишекте пайдалы микроорганизмлер қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Ҳешбир азықлық көкирек сүти орнын баса алмайды. Бирақ баланы қосымша азыққа ерте өткериў, баланың ас сиңириў системасы искерлигиниң бузылыўына себеп болыўы мүмкин.

• Екинши басқыш – қосымша аўқатланыў. Қосымша аўқатларды көкирек сүти менен бағыў дәўиринде аз-аздан берип барыў мақсетке муўапық. Бирақ бала рационына кефир ямаса ҳайўан сүтин киргизиўге асықпаған мақул. Себеби бала организминде еле бул белок түрин өзлестиретуғын фермент қәлиплесип үлгермеген болады. Кери жағдайда балада аллергия ямаса сиңириўдиң бузылыўы қәлиплесиўи мүмкин. Сокларды бериўде де итибарлы болыў керек.

• Үшинши басқыш – үлкенлер рационына өтиў. Үлкенлердиң аўқатына өтиўден алдын оны аз-аздан берип барыў тийис. Өйткени бул балада үлкенлер аўқатына үйрениў механизмин қәлиплестиреди. Бул болса бала организмин түрли кеселликлерден қорғайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар