Баслық болыў ушын

RA-img

  


Ер адам баслық болыўды әрман етеди, бирақ оның астарында қандай өзгешиликлердиң жатқанлығына кеўил бөлетуғынлар аз. Бул айрықша қәсийетлер менен танысыў ушын баслық болыўдың анықламасына нәзер аўдарған дурыс.

Баслықтың тийкарғы ўазыйпасы – қол астындағы хызметкерлерди илҳамландырып, солар менен биргеликте бир мақсетке жетиў. Усы ҳәрекетлерди жоқары сапада орынлай алыў ушын, адамның мынандай қәсийетлери болыўы керек:

- жуўапкершилик,

- тил табыса билиў,

- ораторлық өнер.

Бириншиден, ҳәр бир хызметкер өзиниң орынлаған жумысына жуўапкер болыўы керек. Әпиўайы хызметкер болсын, баслық болсын – бул қәсийет бәршесине оғада зәрүр. Өйткени, жумыс сапасыз ямаса кешигип орынланған жағдайда, тек жеке адамның ғана емес, сол мәкемениң де абырайы төменлейди.

Мәкемениң белгили бир нәтийжеге ерисиў итималлығы басшысының жуўапкершилигине тиккелей байланыслы. Баслық буйрық бере отырып, өзинен де жоқарыдағылардың буйрығын орынлайды, сонлықтан басшының ғана емес, ҳәр бир хызметкердиң жуўапкершилиги – жумыстың табыслы болыўына ҳәм сапалы орынланыўына алып келеди.

Екиншиден, баслықтың басқа хызметкерлер менен тил табыса алыўының әҳмийети. Бул да белгили бир буйрықтың орынланыўына тәсирин тийгизеди. Егер баслық  қол астындағы ҳәр бир хызметкердиң тилин таба алатуғын болса, жумыс тез ҳәм сапалы орынланатуғын болады. Адам менен тил табысыў ушын жумыс туўралы ғана емес, сол адамға қызық мәселелер туўралы сөйлесиў керек. Бул жағдайда хызметкердиң баслығына деген исеними артып, жумыс барысындағы түсиниспеўшиликлер азаяды, себеби қол астындағы хызметкер баслығы менен ашық-айдын сөйлесип, барлық мәселелерди өз ўақтында шешиўге имканият жаратылады.

Және бир баслыққа керекли қәсийет – ораторлық өнери. Басшы өз ойын, мақсетлерин дурыс жеткере ҳәм оған исендире алыўы ушын ораторлық өнерин раўажландырыўы керек. Бундай инсан оқуўда да, жумыста да басқа адамлардан бир қәдем алды да болады. Ораторлық өнери ой-пикириңди тез ҳәм түсиникли түрде жеткериўге имканият жаратады.

Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда атап өтилген қәсийетлерге ийе болған хызметкерге баслық лаўазымында ислеў де оншелли қыйыншылық туўдырмайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар