Күлкитерапия

RA-img

  


Шыпакер:

‒ Демек, наўқас, сизиң диетаңыз – бир дана алма, 1 дана қайнатылған мәйек, майсыз творог ҳәм көк шөплерден ибарат.

Наўқас:

‒ Доктор, булар аўқатланыўдан алдын ба ямаса кейин бе?

*** *** ***

Ярым түнде мәс бир адам көшеде турып бақырар еди: ‒ Адамлар! Ҳәй, адамлар!

Көп қабатлы үйлерде жасайтуғын адамлар қәўетер менен шырақларын жағып, терезеден төменге қарады.

‒ Тынышлық па? Неге бақырып атырсаң?

‒ Кеширесиз, саат неше болды?

‒ Саат үш болды.

‒ Ҳаў, түнниң қақ ортасында неге уйқыламай атырсызлар?

*** *** ***

‒ Жора, сениңше аҳмақ адам ким?

‒ Аҳмақ сондай адам, ол сөйлейди, бирақ басқа адам оны түсинбейди. Түсиндиң бе?

‒ Яқ, улыўма түсинбедим.

*** *** ***

Бир адам жорасына:

‒ Ҳаялымның кесиринен жасап болмайды. Дем алыўға да қоймайды-ғо.

‒ Менде болса керисинше. Үйге аяқ басыўым менен-ақ ҳаялым: «Қәне, демиңди шығар!», дейди.

*** *** ***

Қабыллаўхана телефоны шыңғырлады: ‒ Өтиниш, баслығыңызды шақырып берсеңиз.

‒ Ол бәнт.

‒ Ақыры, мен оның ҳаялыманғо!

‒ Э-э-э, көпшилик солай дейди.

*** *** ***

Еки гедей көшеде өткен-кеткенлерден садақа сорап отырған екен, бир жигит сәлем берип өтипти. Сонда гедейлерден бири екиншисине:

‒ Жақсы бала екен, неге пул сорамадың? ‒ десе, екинши гедей:

‒ Эй, аҳмақ, егер пулы болса сәлем берер ме еди?! ‒ деген екен.

*** *** ***

Бир ғарры врачқа барыпты. Врач ғаррыны тексерип турып, терисинде «галия» деп жазылған татуровканы көрип қалыпты.

‒ Ҳаў, ата, жақсы көрген қызыңыз болған ба еди? ‒ деп сорапты врач.

Ғарры: ‒ Яғаў, балам! Португалияға урысқа барғанымда «Португалия» деп жаздырып алған едим. Неше жыл өтти, жазыўдың жартысы өшип, «галия»сы қалды, ‒ деген екен.

*** *** ***

Бир адам қоңсысынан ҳалаўҳал сорапты:

‒ Ҳә, қоңсы, муңайып турсыз, тынышлық па?

Қоңсысы:

‒ Э..эй, бир достым пластик операция еттиремен деп, 1000 доллар қарыз алған еди, енди жүзин өзгертип алып, қашып жүрипти, ‒ деген екен.

*** *** ***

Еки дос қыз көшеде кетип баратырса бир жигит:

‒ Қарындас, атыңыз ким? ‒ десе, достысы:

‒ Наргиз, атыңды айтпа, десе, ол да достына қарап:

‒ Мейли, Нилуфар, айтпайман, ‒ деген екен.

*** *** ***

Бир апай көшеде бир ер адамды тоқтатып:

‒ Тоқтаң, сиз мениң балаларымның бириниң әкесисиз, ‒ депти.

Ер адам қорқып, түри бозарып, албырап турса, апай:

‒ Неге қорқасыз? Мен балаңыздың муғаллимимен, ‒ депти.

*** *** ***

‒ Кеше күйеўим менен және урысып қалдық…

‒ Әжапа, сиз өзи аҳмаққа күйеўге шыққансыз!

‒ Неге күйеўим аҳмақ екен?

‒ Аҳмақ болмаса сизге үйленер ме еди?!

*** *** ***

Үш ғарры машинада перевалдан өтип баратырса, айдаўшы ҳәзиллескиси келипти:

‒ Аталар, ҳәзир төбеликке, периштелерге жақын жерге шығып барамыз. Кимде ким жаслығында кемпирине қыянет еткен болса, қулақлары питип, ҳеш нәрсени еситпей қалады, ‒ депти.

Ғаррылардың қулақлары питип қала баслапты. Сонда олардан бири депти:

‒ Жүдә көп қыянет еткен герең болып қалмай ма, әйтеўир?

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар