Билип қойған пайдалы

Гүлзар Матмуратова, Нөкис қалалық 7-санлы шаңарақ поликлиникасының әмелиятшы мийирбийкеси
RA-img

  


Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми қәнигелери адам организми ушын ең зыянлы арзан азық-аўқатлар дизимин дүзди. Қәнигелер арзан колбаса ҳәм сосискаларды ең зыянлы деп тапқан. Бул өнимлердиң баҳасы қаншелли арзан болса, онда гөш соншелли аз ҳәм зыянлы канцерогенлер соншелли көп болады. Бундай өнимлер денсаўлыққа үлкен зыян жеткериўи мүмкин. Дизимге, сондай-ақ, арзан ярымфабрикатлар ҳәм консервалар киргизилген. Айтып өтиўинше, оларға фосфатлар ҳәм трансмайлар қосылады. Буннан тысқары, консерваланған балықта арзан материаллардан исленген банканың оксидлениўи ақыбетинде аўыр металлар ажыралып шығыўы мүмкин.

Диетологлар, сондай-ақ, жүдә арзан сыр өнимлерин де қабыл етиўди усыныс етпеген. Себеби, бундай сыр өнимлери көпшилик жағдайларда сүттен емес, ал денсаўлық ушын зыянлы маргариннен таярланады. Бундай өним болса жүрек-тамыр системасына зыян жеткериўи мүмкин.

*** *** ***

Надурыс аўқатланыў ҳәм зыят салмақ бас мий күлрең қатламына унамсыз тәсир етеди, деп жазады «Дер Спиегал». Европаның басқа мәмлекетлерине қарағанда Германияда семиз адамлар көпшиликти қурайды: ҳәр төрт ер адамнан үшеўи, ҳәр еки ҳаялдан биреўи! Бул тек ғана жүрек-тамыр системасына унамсыз тәсир етип қоймай, ал диабеттиң пайда болыў қәўипин асырады. Алымлардың пикиринше, денедеги зыят жүк бас мийдеги нерв клеткаларының жоғалыўына да себепши болыўы мүмкин. Бул машқала жүдә актуал: семизликтен 33 пайыз ҳаяллар ҳәм 31 пайыз ер адамлар қыйналмақта.

Артықша салмақтың орайлық нерв системасына тәсирин үйрениў мақсетинде Питтсбург университети алымлары Сирус Ражи басшылығында 70 жастан үлкен болған 94 наўқастың бас мийин үйренди. Изертлеў ўақтында алымлар семиз адамлардың бас мий аўырлығы арықлардикине қарағанда жеңилирек болыўын анықлады.

*** *** ***

Жүдә керек жағдайларда ғана компьютер томографиясы (МСКТ) тексериўинен өтиў керек. Мультиспирал компьютер томографиясы (МСКТ) радиологиялық тексериў есапланады. Бунда ионлы нур тарқатылады, яғный булар рентген нурлары есапланады. Бул тексериў рентген диагностиканың раўажланған түри есапланады. Әпиўайы рентгенде нурланыў 1 есе болса, компьютер томографиясында 3 есеге тең. МСКТ тексериўин шыпакердиң усынысысыз ҳәдден тыс көп өткериў мүмкин емес.

*** *** ***

Сүт жүдә пайдалы өним екенине ҳешким гүман етпейди. Оны сүйеклер беккем болыўы ушын да қабыл етеди. Бирақ россиялы илимпазлар өткерген гезектеги изертлеўлер сүт инсан денесин жасартып барыўын да көрсетти. Әлбетте, буның ушын ҳәр күни сүт қабыл етиў тийис. Сондай жол тутылса, сүт мий искерлигин жақсылайды, тоқымалар қартайыўын сезилерли дәрежеде пәсеңлетеди. Сүт қабыл етиў процесинде денеде глутатион қәлиплеседи. Бул нәрсе мийде болыўы мүмкин болған қәўипли кеселликлер пайда болыўының алдын алады.

*** *** ***

Миокард пенен байланыслы машқала бар ма? Онда оны әпиўайы ҳәм нәтийжели усыл жәрдеминде беккемлеймиз! Бир стаканнан – қақ ерик, – кишмиш, – клюква, – тазаланған ғоза, – 2 лимон, – пал 0,5 л. Жоқарыдағы өнимлерди майдалап пал қосып бир массаға келемен дегенше араластырамыз. 2 ҳәптеге дейин музлатқышта сақлаң, кейин ҳәр күни 1 ас қасықтан ишиледи. Еки ҳәптеден кейин және усы курсты қайтарың. Нәтийжеде саламат ҳәм тетик боласыз.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар