Қәнигелердиң пикиринше, интеллектти шынығыўлар ҳәм де бир неше усыллар жәрдеминде раўажландырыўға болады. Және де соны ескертип өтеди, жүдә узақ орынланатуғын ҳәм де жалықтырарлы шынығыўларды таңлаўға болмайды. Себеби, оннан адам тезде безеди. Сонлықтан да, шынығыўлардың ҳәрбир инсанға мас ҳәм де оның кейпиятына көтериңкилик бағышлайтуғын усылларын таңлаў мақсетке муўапық.
Шынығыўлардың оғада аўыр түри де бунда күтилген нәтийжени бермейди. Себеби, олар, бириншиден, көп ўақытты талап етеди, екиншиден, адамды тез шаршатады. Мәселен, дене тәрбиясында таяныш шынығыўлар бар (бир ўақыттың өзинде бир неше топар булшық етлерге тәсир етиўши, яғный қолға таянып, жатып-турыў, бруста тартыныў, отырып-турыў сыяқлы), соның менен бирге шекленген шынығыўлары да бар болып, бунда тек айырым бир топар булшық етлер шынығады.
Төменде шынығыўлар ҳаққында сөз етемиз.
Логикалық ҳәм интеллектуаллық ойынлар. Булардың қатарына шахмат, логикалық басқатырмалар, ҳәрқыйлы жанрлардағы ақылды раўажландыратуғын компьютер ойынлары ҳәм басқалар киреди. Интеллектуаллық ойынлар менен шынығыў адамның сана-сезимин жүдә кеңейттиреди. Еслеў қәбилетин беккемлейди ҳәм пикирин бир жерге жәмлеўге көмеклеседи. Адам өзиндеги шеберлик қәбилети себепли ләззетлениў туйғысын сезинеди. Бул өз-өзинен инсан саламатлығына жүдә үлкен пайда келтиреди.
Математика, анық пәнлер менен шуғылланыў. Ҳәммемизге белгили, анық пәнлер адамның пүткил бир ақылый сыпатларын раўажландырады. Бул, логикалық ҳәм абстракт пикирлеў, сын көзи менен қараў, анализ етиў, соның менен бирге еслеў қәбилети ҳәм пикирлеў тезлигин арттырады. Анық пәнлер тек ғана сизиң бул бағдардағы билимиңизди жетилистирип қоймастан, ойдағы пикирлердиң дүзилисин тәртипке салады.
Көркем әдебиятларды оқыў. Көпшилик “көркем әдебият адамның ақылый жетиклигин тәмийинлейди” деген пикирди қоллап-қуўатлайды. Дурыс, бул белгили дәрежеде ҳақыйқатқа жақын, бирақ, ақылый жетикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жетилистириў ҳәм де толық жоқары талант ийеси болыў ушын көркем әдебият пенен бирге, әлбетте, анық пәнлерге тийисли китапларды да оқыў лазым. Өйткени, көркем әдебиятқа тийисли китапларды оқыў менен шеклениў инсанның бир тәреплеме қәбилетин раўажландырады.
Ҳәр тәреплеме жетиклик ийеси болыў ушын болса, тең салмақлылық талап етиледи. Яғный, анық пәнлер ҳәм де әдебият пенен бир ўақыттың өзинде шуғылланыў мақсетке муўапық. Болмаса, сизиң гейпара қәбилетлериңиз раўажланады да, ал, гейпаралары жүзеге шықпай, ишиңизде қалып қояды.
Басқа тиллерди өзлестириў. Тил үйрениў пикирлеўимиздиң белгили бир тәрепин раўажландырады. Математик, техник хызметкерлерге тилди өзлестириў мүшкиллик етеди ямаса тилди жақсы билген адамлар анық пәнлер менен оншелли келисе алмайды, деген пикирлер бар. Негизинде олай емес. Себеби, адамда умтылыўшылық, қызығыўшылық, ҳәрекетшеңлик болса, еки тәрепти де теңдей раўажландырыўы, жетилистириўи ҳәм еки тәрептен де өзин жақсы көрсетиўи мүмкин.
Егер сиз дизе менен жүриўди үйренбекши болсаңыз, бунда қолға сүйенип, жатып-турыў (отжимания) ҳешқандай жәрдем бермейди. Дизе менен жүриўди өзлестириў айрықша шынығыўлар топарына киреди. Егер сиз күшли аяқлар ҳәм көкирек булшық етлериңиз саўлат төгип турыўын қәлесеңиз, ондай жағдайда, әлбетте, ҳәр еки шынығыў менен де шуғылланыўыңыз талап етиледи. Себеби, жаўырыныңыз дардыйып турса, ал, аяқларыңыз ҳәлсиз, қуўатсыз болса, бул – бир жақлама көркемлик, дурыс емес пе?! Демек, инсан ақылый жақтан раўажланыўы ушын белгили қәделерге әмел етиўи дәркар. Сонда ғана алға қойған мақсетке жетиў қыйыншылық туўдырмайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…