Шаңарақта еркек адамның орны өзгеше, саўлаты уллы. Ақыллы еркек бас болған шаңарақ абадан, бала-шағасы қуўанышта жасайды. Еркектиң ҳасылы диянатлы, мәрт болады, сөзинен қайтпайды. Жақсылыққа көкирек керип, жаманлықтан жырақ болады. Пәкликти мақтаныш тажы етип, ел-журты тәшўишинде жасайды. Ата-ананы басына қойып, туўысқанларына мийримли, балажанлы болады.
Шаңарақта еркек көпшилик жағдайларда ҳаялынан 4-5 жас үлкенлиги, өмирдиң ойлы-бәлентлигин көбирек билгени ушын оған киши хожалықтың баслығы сыпатында қаралады ҳәм ҳүрмет етиледи. Еркектиң орны, қәдири бар шаңарақта тынышлық-татыўлық болады, ҳаяллар сыйланады. Урыс-жәнжелге орын қалмайды. Меҳрибан аналарымыз өз әкелеримизди қандай сыйлағанларын, ер ҳүрметин қатты услағанларын, сөзлерин еки етпегенлерин жақсы билемиз. Аналарымыздың: «Тыныш, ағаң үйде», «Ағаң қапа болатуғын ис болмасын», «Ағаң не дейди екен?», «Әке разы — Қудай разы» сыяқлы сөзлерин еслеп қалғанбыз.
Әке ҳүрметиниң уллылығын аналарымыз үлгисинде көргенбиз. «Әкем қашан көшеден келсе, дәслеп анамызды жоқлайтуғын еди», деп еслейди жасы үлкен. — «Туўры асханаға өтип, анам менен еки-үш аўыз сөйлесип, соң басқа жумысқа айланысады. Анамыз үйде жоқ күнлерде әкем өзин қай жерге қоярын билмей қалатуғын еди. Бир-бирине жүдә мийримли еди. Жаслығынан бир-бирин ҳүрметлеп, кеўил қалатуғын ислер етпегени ушын да солай жасаған».
Ал, ата-бабалар, дана аналарымыздан қалған жақсы әдетлер даўам етип атыр ма?
Ҳәзирги ҳаялларымыз оқымыслы, ақ-қараны таныйды, еркеклер менен қатар турып хызмет етеди. Үйди де, жумысты да еплейди. Буннан жәмийетимизге де, шаңараққа да үлкен пайда етеди, әлбетте.
Бирақ, өкинишлиси, айырым шаңарақтағы миннетин, ҳаяллық гөззаллығын, ҳаялларға тән назы, уят-әндийшесин умытып қойып атырған ҳаяллар да жоқ емес. Буған бир ғана мысал келтиремен.
Бүгин Кәмилжанның кеўил-күйи жаман. Күн бойына өзи менен өзи сөйлести. Жумысында да жақсы кейипте болмады. Азанда ҳаялы кейпиятын бузды. Ҳәрдайымгидей жәнжел арзымаған нәрседен шықты. Шай үстинде баласы қолындағы шыны кесасын сындырып алды. Ҳаялы баланың бетине «тасыр-тусыр» етип, еки шаппат урды. Буннан Жолдасбайдың ашыўы шығып:
— Ахмақ, баланы да солай урасаң ба?
— Аўа, мен ахмақ, сиз «аппақ»-сыз. Мине мына «аппақ» та тап сизге тартқан. Бул гәп Жолдасбайдың жанынан өтип кетти. Кейинги ўақытларда ҳаялы өзгерип қалды. Неге? Оқытпаўы керек пе еди? Ойға шүмди: өзи билетуғын оқымыслы ҳаялларды бирме-бир ойынан өткерди. Ҳаялы менен салыстырып көрди. Өзинен наҳақлық өтпегенин түсинди…
Тәрбия процесинде баланың «қулағы герең, көзи көр ўақытлары» болыўы тәбийий. Шоқлық етип, қандай да бир нәрсени түсиреди, төгеди яки сындырады. Бул ушын балаға бақырып-шақырыў шәрт емес. Жақсысы: «Не ислеп қойдың? Мине мынандай етип услаў керек. Жүргенде әсте аяқ астына қарап жүриў тийис», делинсе әлем гүлистан. Бала ықтыятсызлығы себепли усы ис болғанына пушайманлығы ушын басқа ўақытта сергегирек болады. Усылай баланы саналы өмирге үйретип барыў арқалы, өзиниң де, перзентиниң де нервын сақлаған мақул.
Бала алдында әке атына болар-болмас гәплерди айтыў оның тәбиясын бузады. Әке абырайына зыян жеткереди. Ерли-зайып ортасындағы арзымайтуғын жәнжеллер, келиспеўшиликлерден бала хабардар болмағаны мақул, әлбетте. Себеби, бундай жағдайларда бала да екилениў, гүмансыраў пайда болады. Ата-анасының сөзине исеними кемейип барады. Әсиресе, бала алдында шаңарақ басшысы — ер ҳаққында гәп етиў тәрбияға зыян келтиреди.
Еркектиң пазыйлетлери де ҳәмийше толық бола бермейди. Айтайық, сизде оның опадарлығына гүмән туўылса, өмирде ҳәрқыйлы ислер болады. Айырым еркеклердиң жолдан адасқан жағдайларын еситемиз. Бул, әлбетте, жаман. Оның ҳаялы ҳәм балаларын ойлап аяймыз.
Бундай жағдайларда айырым ҳаяллар қанша қыйналса да, сырын әшкара етпеўге урынады. Буны ҳаял ар-намыс деп биледи ҳәм де ериниң атына жаман гәплер айтыўға тили бармайды. Не болса да, балаларының әкеси, сонша жыл бирге жасағаны ушын үндемейди, шыдайды. «Төрт аяқлы ат та сүрнигеди», деген. Жақсы күнлерге үмит байлап, сабыр етеди.
Улыўма алғанда, ҳаял бир дастыққа бас қойған әзиз өмирлик жолдасының кеўлин табыўға умтылыўы, оннан шийрин сөзин, хызметин аямаўы, итибарлы болыўы тийис. Шаңарақтағы ер адамның қәдири, абырайы оның өзине де байланыслы. Солай болса да, перзентлер алдында әкениң абырайитибарын беккемлеўге бийпәрўа қарамаў тийис.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…