Қыста неге жуқпалы кеселликлер ҳәўиж алады?

RA-img

  


Қәнигелер қыста мәўсимлик кеселликлер ҳәўиж алыўын иммунитет әззилеўи менен түсиндиреди. Ал, суўық температурада организмниң инфекцияларға қарсы гүресиў қәбилети неге төменлейди?

— Вируслар суўық ҳәм қурғақ ҳаўада белсенди болады. Дурыс, қыс мәўсими атмосферада ығаллық салыстырмалы жоқары болады. Бирақ, ханалар ысытылыўы себепли ҳаўа қурғақласады. Бул болса инфекциялардың ҳәўиж алыўы ушын қолай орталық. Қалаберди, патогенлер таза ҳаўаны жақтырмайды. Бирақ, суўық күнлерде есик ҳәм терезелер тығыз жабылып, бөлмелер ҳаўасы тез-тез алмастырылмайды. Адамлар тийкарғы ўақтын ыссы шараятта, бирнеше адам ямаса көпшилик бир жерде жәмленип өткереди. Вируслар болса жабық имаратлар, халық көп топланатуғын орынларда тезирек тарқалады.

D витамини — иммунитет системасының нормал ислеўи ушын әҳмийетли элемент. Денемиз бул элементти өз бетинше ислеп шығара алады. Тек буның ушын ультрафиолет нуры зәрүр. Қыс паслында қуяшлы күнлер аз болғаны ушын организмниң бул витаминге мүтәжлиги артады. Суўық температура жоқары дем алыў жолларындағы туўма иммунитет клеткалары искерлигине унамсыз тәсир көрсетеди. Өз гезегинде, қурғақ ҳаўа инфекциялар ушын тосық болған силекей қабатлар қәсийетлерин өзгертеди.

Жаңа үзилген ҳәрқыйлы мийўе-овощлар — витаминлердиң тәбийий дәреги. Қыста бундай өнимлерди таўып қабыл етиў қыйын. Бул да иммунитетимизди әззилестиретуғын және бир фактор. Кем ҳәрекетлилик те организмниң кеселликлерге гүресиў қәбилетин төменлетеди. Ақыбетте аязлаў ҳәм гриппке шатылыў итималы асады. Қыс мәўсиминде көпшилик тийкарғы ўақтын жабық орталықта өткериўи нәтийжесинде физикалық белсендиликтен шекленеди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар