Заманагөй инсан күнине 9 саатлап та, 12 саатлап ислей бериўи мүмкин. Себеби, қайерде болмаң, интернет сизди қуўалап жүреди: клиентлер менен нелердидур келисиў ямаса додалаў ушын сааттың неше болғаны сизге парқы жоқ! Дәрамат изинен қуўып, усы жумысты ҳәзир питкерип алайын, деп күнине 10-12 саатлап ислеп атырғанын сезбейтуғынлар қанша? Айырымлар болса ҳәтте түсликке сарыпланатуғын ўақтын қызғанып, түслигин жумыс орнында, компьютер алдында жейди. Мийнет дем алысы туўралы-ғо гәп болыўы мүмкин емес! Бундай хызметкер дем алыс нелигин билмейди де. Ол жақсы айлық алыў ҳәм басшыға жақсы хызметкер болып көриниў ушын күни-түни ислеўди өз мойнына алған. Бирақ, негизинде бундай ис-ҳәрекетлериңиз сизди «жақсы» хызметкерге емес, «әззи» хызметкерге айландырады. Әззи ҳәм күшсиз адам қалайынша бизнесин табыслы басқара алсын? Оның күннен күнге күши де, кеўили де сөнип бара береди. Ҳәммесине оның нормадан тыс мийнеткешлиги, нормадан артық ислеўи айыплы! Төмендеги сәўбетимиз мине усы темада болады.
Ҳәр нәрседе, тийкарынан, мийнет етиўде де норма болғаны жақсы, деген пикирдемиз… Психологлар мине бирнеше он жыллардан бери нормадан тыс мийнетсүйгишлик негатив мәниске ийе сезим екенлиги бойынша тартысып келмекте. Мийнетсүйгишликтиң тийкары «мийнет» болғаны менен 1970-жылларда өткерилген изертлеў нәтийжелери жүдә мийнетсүйгиш адамда тап гиябент ҳәм алкоголлықта бар болған ис-ҳәрекет – бузыўшы эффектке ийе ҳәрекетлерди ҳеш нәрсеге қарамастан орынлаў сезими үстинлик етиўин дәлиллеген. Бунда бузыўшы эффект биреў – организмге зыян келтириўден ибарат.
Нормадан тыс ислеў жүдә кемнен-кем ушырайтуғын руўхый бузылыў есапланады. Руўхыяттың бул бузылыўы изинен көплеген унамлы табысларды келтириўи себепли биз оған жетерли итибар бермеймиз. Тиккелей соның ушын да психолог Браян Робинсон бундай бузылыўды «адам руўхый саламатлығының ең шырайлы машқаласы» деп атаған. Изертлеўлерде белгиленген дем алыўдан пайдаланбай ислегенлердиң жумысында нәтийжелилик дәрежеси төменлеп барыўы анықланған. Жумыс орнын жойтыўдан қорқып мийнет дем алысына шықпайтуғынлар да арамызда тилекке қарсы, жоқ емес. Қалаберди, дем алыс инсанға жылда бир мәрте емес, ҳәр күни керек екенин билесиз бе? Әсиресе, узақ ҳәм машақатлы даўам еткен жумыс күнинен кейин…
Алымлар ислеў ўақтында да дем алып турыў кереклигин алға сүреди. Яғный, мийнет күни 52 минут жумыс ҳәм 17 минут тәнепис етиўден ибарат болыўы тийис. Сонда бас мий ислеўге жарамсыз ҳалатқа келмейди. Сондай-ақ, түсликти жумыс столының өзинде қылыў да надурыс. Түслик ўақты бас мийге дем бериўдиң ең идеал ўақты есапланады. Түслик ўақтында қайергедур барыў физикалық белсендилик саналады. Британиялы алымлардың айтыўынша, түсликти жумыс орнының өзинде қылатуғынларда семириўге мейиллик бундай жол тутпайтуғынларға қарағанда жоқары екен. Ҳәмде, кәсиплеслер менен бир жерде, кең орталықта аўқатланыў өзара аўызбиршиликти беккемлеўге жәрдем береди. Және сол зыянлар…
Буннан тысқары, нормадан тыс ислеў тәсиринде организмде стресс ҳәм шаршаў созылмалы тәризде жыйналып барады. Бундай адамның дыққат қылыў дәрежеси де сезилерли төменлейди. Дыққат-итибарсыз орынланған ис қалайынша күтилген нәтийжени бериўи мүмкин? Күни-түни ислеймен, көп пул табаман, деп инсаный мүнәсибетлерден де узақласып кеткениңизди билмей қаласыз.
Жумыс пенен бәнт адам шаңарақ ағзаларына, досларына да ўақыт ажырата алмайды. Психология әмелиятында жуплықлардан бириниң нормадан артық ислеўи көбинесе ажырасыў менен жуўмақланыўы көп бақланған. Көп ислеў ҳәттеки сүйикли жумысыңызға да қызығыўшылықты сөндириўи мүмкин. 40 саатлық мийнет ҳәптеси исшеңлик қәбилетин сақлап қалыўдың ең оптимал көриниси есапланады. Дем алыўсыз тер төгип ислеў уйқысызлыққа, жүрекқан тамыр кеселликлери, депрессия, қан айланысының бузылыўы ҳәм ерте қартайыўға себепши болады. Сол себепли профессионал мәжбүриятлар ҳәм жеке турмыс арасында теңсалмақты сақлаўға ҳәрекет етиў тийис. Мийнетсүйгишлик унамлы инсаный сыпат деп қабыл етилиўин қәлесеңиз мийнетке болған қәбилетиңизди абайлаўды үйрениң. Тән саламатлығы ҳәм руўхый тынышлықсыз буны әмелге асыра алмайсыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…