ҚЫСҚА ПАЙДАЛЫ МАҒЛЫЎМАТЛАР

RA-img

    


Көк шөплердиң биологиялық әҳмийети

Көк шөплер витамин ҳәм минералларға бай өнимлер есапланады. Олар С витамини сақлағаны ушын иммунитетти күшейтеди. Қурамындағы аскорбин кислотаның себебинен қартайыўды кешиктиреди. Пайдалы тәреплерге байлығы бойынша петрушка жоқары орынды ийелейди. Оннан кейинги орынларда болса укроп, шпинат ҳәм сельдерейлер турады. Петрушка қурамында 20 дан артық пайдалы элементлер, В ҳәм С витаминлери, фолат кислотасы бар. Жүрек-қан тамыр, көриў органлары системасына унамлы тәсир көрсетеди. Гормонлар ислеп шығарылыўын жақсылайды.

 

Шақалақ атып күлиўдиң пайдалылығы ҳаққында 9 факт

• Дыққатымызды жәмлеўге жәрдем береди.

• Мүнәсибетлерди беккемлейди.

• Қуўатымызды асырады, тетиклестиреди.

• Депрессияның алдын алады.

• Дөретиўшиликти хошаметлейди.

• Дем алыўды тынықластырады.

• Есте сақлаўды беккемлейди.

• Аўырыў сезимин азайтады.

• Артықша калориядан қутқарады.

 

Қайсы жағдайларда баланы дәрҳал педиатрға көрсетиў керек?

• Баланың салмағы азайып кетип ямаса салмағы жетерлише аспаса;

• Қусыў саны ҳәм муғдары асып барса;

• Қусыў дәрежеси күшейсе (фонтан болып атылып шықса);

• Қайтарылған массаның реңи жасыл ямаса тоқ сары болса;

• Қусыў менен бир қатарда баланың қарны аўырып атырғандай сезилсе;

• Бала аўқатланыў процесинде ҳәрдайым қақалып, жөтеле берсе.

 

Зулук процедурасы кимлерге мүмкин, кимлерге мүмкин емес?

Зулук тек наўқасларға қойылмайды. Саламат адам да жылына бир мәрте зулук салдырып турса, саламатлығы және де беккемленеди. Бир жылда ямаса алты айда бир зулук салдырған адамлар салыстырмалы кемирек кеселликлерге шатылады. Егер адамда зулук силекейине аллергия болса, кемқанлық, қан уйыўында машқалалар анықланса, зулуктен пайдаланыў қадаған етиледи.

 

Суўық ҳаўа күнлери ушын пайдалы мәсләҳәтлер

– Суўықта 30 минуттан көп бир жерде турмаң.

– Ыссы тутатуғын тағамлар қабыл етиң.

– Көбирек ҳәрекет етиң ҳәм тик ҳалатта бир сааттан артық турмаң.

– Қалыңлаў, ыссылаў тутатуғын кийимлер кийиң, мақулы пахта, жүн материалдан таярланған болса және де жақсы.

– Суўықта көшеге бас кийимсиз ҳәм шарфсыз шықпаң.

– Илажы барынша балалар ҳәм кекселерди көшеде узақ ўақыт қалыўына жол қоймаң. – Көшеден келгеннен кейин, ромашкалы, жалпызлы, лимонлы, наматаклы шайлардан бирин ишиң.

 

Жүрек пульси нормада қанша болыўы керек?

– Жаңа туўылған нәресте – 110-170;

– 1 жасқа шекемги болған балалар ушын – 102-162;

– 1-2 жас – 94-155;

– 4-6 жас – 86-126;

– 6-8 жас – 78-118;

– 8-10 жас – 68-108;

– 10-12 жас – 60-100;

– 12-15 жас – 55-95;

– 50 жасқа шекемги болған ересеклер – 60-90;

– 50-60 жас – 65-85;

– 60-80 жас – 70-90.

 

Қыста жуўырыў жаздағыға қарағанда пайдалырақ

Қыста ҳаўа кислород пенен 25-30 пайыз көбирек тойынған болады. Қыста жуўырыў пүткил дем алыў системасы ушын пайда келтиреди. Ҳаўа температурасы төмен шараятта калориялар сарыпы артады, салмақ таслаў аңсатласады. Жуўырыўдан алдын шыпакер менен ойласқан мақул.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар