Ҳәр күни бизиң зат алмасыў системамыз денемизди зыянлы элементлер ҳәм шлаклардан тазалаў ушын жумыс ислейди. Бул – организмдеги ең әҳмийетли процесс ҳәм бизиң денсаўлығымыз оған тиккелей ғәрезли. Егер сиз ҳәр күни төмендеги тазалаўшы әмелиятларды қолланып турсаңыз, организмиңиз ушын үлкен пайда келтирген боласыз.
Азанда:
• Бир стакан таза суўға ярым лимонның ширесин қосып, әсте-ақырын ишиў керек. Бундай ишимлик организмниң барлық системаларын белсендилестирип, денени шлаклардан тазалайды, иммунитетти беккемлейди, оны калий элементи менен тойындырады ҳәм ас сиңириўди жақсылайды.
• Сондай-ақ, аш қарынға 1 чай қасық зығыр туқымын тутыныў да жақсы пайда береди. Шайнап жеў қыйыншылық туўдырса, оны майдалап, суў менен ишиўге де болады. Ең баслысы, туқым сол ўақытта езилген болыўы керек. Бул әмелият пүткил организм ушын жақсы жәрдем береди, әсиресе, ишеклердиң жумысына.
• Тис пенен бирге, тилди де тазалаўды умытпаң.
• Душ қабылламастан алдын, денени қурғақ щетка менен массаж ислеў керек. Оны табаннан баслап, жоқарыға қарай әмелге асырған мақул. Бундай әмелият қан айланысын жақсылап, лимфалардан шлак ҳәм зәҳәрли элементлердиң шығып кетиўин тәмийинлейди. Сондай-ақ, қурғақ щетка денедеги өлген клеткаларды тазалап, териниң жумсақ ҳәм тегис болыўына тийкар жаратады, булшық етлердиң тонусын арттырады.
• Азанда салқын душ қабыллаўдың пайдасын бәршемиз айтпасақ та билетуғын шығармыз.
• Түски саат 12 ге шекем тек ғана мийўе ҳәм палыз өнимлерин тутының, олардан сок таярлап ишиң. Азанда адам организми тазаланады ҳәм бундай ўақытта асқазанға аўырлық ететуғын азықлық затларды тутынбаған мақул. Ал, мийўе ҳәм палыз өнимлери аўырлық етпейди.
• Ҳәр күни бир тарелка гешир, капуста ямаса ләблебини қырғыштан өткерип таярланған салат жеп турың. Оған басқа да көк шөплер ҳәм өсимлик майын қоссаңыз болады. Бирақ, салатты оншелли көп шайнамаң. Ол ирилеў болса, ишектеги зыянлы шығындылардың барлығын тазалап шығады. Бул салатты биз организмди тазалаў ушын тутынып атырғанымызды умытпаң.
• Ҳәр күни жетерли дәрежеде таза суў тутының.
• Ең баслысы кем ҳәрекетлиликтен сақланың. Бәрқулла ҳәрекетте болыў – организмниң толық тазаланыўын тәмийинлейтуғын әҳмийетли әмелият.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…