Үйиңизди тазалаў жәрдеминде стресстен қутылыў

RA-img

   


Арамызда ҳәрбир адамның стресс пенен гүресиўге жәрдем беретуғын жеке усылы бар: кимдур түскинлик жағдайында физикалық шынығыўлар менен шуғылланады, кимдур тойып жылап алады, және кимдур болса бир отырғанда бирнеше аўқатты жеп таслайды. Психологлар стресстен қутылыўдың ең жақсы ҳәм ең пайдалы усылларынан бири – үйди тазалап шығыў екенлигин айтады. Стресс пенен гүресиўде үйиңиздиң тиккелей қайсы жақларын тазалаў көбирек пайда бериўин билесиз бе?

Кийим текшесин тәртипке келтиремиз

Жумысты кийим-кеншеклерди тәртипке келтириўден баслаң. Кийимлердиң барлығын полға түсирип алың. Соннан кейин оларды реңи, қаншелли көп кийилиўи, көринисине қарап саралап шығың. Процесс даўамында олардың қаншасы сизге улыўма керек емеслигин көрип ҳайран қаласыз. Кийим текшесин тәртипке келтириў мийге дем береди ҳәм сизди унамсыз қыяллардан шалғытады.

Дәрилер қутысы қайерде?

Дәри-дәрмақларды тәртипке келтириў – ҳәр 4-5 айда әмелге асырыў керек болған әҳмийетли жумыслардан бири есапланады. Дәрилерди узақ мүддет даўамында сақлаў мүмкин деген қыялға бармаң, оларды жарамлылық мүддетине қарап, саралаўға әдетлениң. Қутышаны тәртипке келтириў көп ўақтыңызды алмайды, бирақ жарамлылық мүддети өтип кеткен дәрилерди ажыратып, оларды таслап жибергениңизден кейин өзиңизди алдынғыдан әдеўир жеңил сезесиз. Исенбейсиз бе? Сынап көриң.

Үйдиң босағасы

Әдетте үйге киреберистеги коридорға кишкене стол ямаса тумба жайластырылады, үй ийелери босағаны атлап өтиўи менен-ақ өз буйымларын мине усы жерге қояды. Нәтийжеде бул жерде майда буйымлар топланып қалады. Психологлар стресс ҳалатында үйдиң тиккелей мине усы бөлимин де тәртипке келтириўди мәсләҳәт береди.

Полларды тазалаймыз

Жумысты неден баслаўды билмей турған болсаңыз, сизге керекли жуўапты бериўге таярмыз: биринши гезекте үйдеги полларды тазалап шығың. Полларды тазалаў ҳешқашан ҳәм ҳешқандай жағдайда артықшалық етпейди. Тазалаў жумысларын жуўмақлағаныңыздан кейин болса тазалықтан кеўлиңиз ашылады, стресс дәрежеси болса әдеўир төменлейди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар