Адам денсаўлығындағы аўытқыўлардың 70 пайызы психосоматикалық екен. Булар — психологиялық факторлардың тәсири ақыбетинде ишки органларда ҳәм организм системаларында пайда болатуғын кеселликлер. Халықта «нервтен болған» деген сөз бар. Оның мәниси жумыстағы, үй ишиндеги стресслерди өз ишине қамтыйды. Бундай жағдайлардан асқазанның жарасы, мигрень, қантлы диабет, он еки бармақлық ишек ҳәм гипертониялық кеселликлер дөрейди. Иилимпазлар өзин-өзи тута билмейтуғын, ишки дүньясының қарама-қарсылықларынан шыға алмай жүрген, руўхыятында тынышлығы ҳәм гармониясы жоқ адамлардың усы кеселлик қурбанлары болатуғынын билдирмекте.
Социологлардың анықлаўынша, адам бир өзи қалғанда, көпшилик ишинде жүргендегисине қарағанда, он есе кем күледи екен. Ал, егер жалғыз отырсақ та күле басласақ, социологлардың статистикасы өзгерип кететуғыны ҳақыйқат. Егер биз юмордың түп дәреги адамлардың өз-ара қарым-қатнасығында екенин есапқа алсақ, онда бунда да резонанстағыдай қубылыс жүз береди. Радиотехникада — жийиликлер, ал турмыста адамлардың идеялары бир-бирине туўра келип қалса резонанс жүз береди. Бунда унамлы тәсир онлаған есе күшейеди.
Келиңлер, өзимизге-өзимиз ямаса қыялымыздағы әллекимге, алдымызда отырған сәўбетлесимизге, жақын достымызға анекдотлар, қызықлы ўақыялар айтып турайық. Бул метод стресслик жағдайлардан, депрессиядан, сондай-ақ турмыста ушырап туратуғын мәжбүрий бийкаршылықлардан аңсат ғана шығып кетиўге жәрдемлеседи. Усылайынша етсек, бара-бара бизде күлкили ҳәм қуўанышлы ўақыялар көбейеди.
Емлеўханада болып көрген адамлар буны биледи: ҳәттеки ең жақсы клиникаға кеселленип түссең де, бәрибир, өзиңди бийжағдай сезе бересең. Өйткени, бул — қәдирдан шаңарағың, баўыр басып кеткен жумыс орның емес. Алдыңда не күтип турғаны да неғайбыл: емлеў процеси қалай өтеди, қайсы кеселликтен даўалайды, қалайынша емлейди?
Наўқас үйин сағынады, «тезирек мени емлеўханадан шығарып жиберсе екен» дейди. Сол ўақытлары анекдотларды есине түсирсе, күлимсирейди, күледи, емлеўханаға үйренисе баслайды. Бираз күнлерден кейин тәўир болып, емлеўхананы тәрк етеди. Әне, юмордың күши!
Америка, Япония, Германия қусаған мәмлекетлердеги көплеген клиникалардың штатына психологлар да киргизилген. Олар наўқасларды күлдириўге, түскин кейпиятларды көтериўге шебер. Бундай психологлардың керекли жеринде ҳәм керекли ўақытта наўқастың жанынан табылыўы үлкен нәтийже береди.
Ҳәр бир бос ўақтыңызда унамлы эмоцияларды бастан өткериңлер, қапашылық басып баратырса, қызықлы ўақыяларды еске түсириңлер.
Мәкемедеги жумысыңа келип отырғаныңда, өзиңе «Пятиминутка» («Бесминутлық») уйымластыр. Еки-үш анекдотты есиңе түсирип, кейпиңди көтерип ал да, жумысыңа кирисе бер.
Ҳәр қандай унамсыз жағдайды юмор менен сындырып, оны унамлы жағдайға айландырыўға болады. Бизиң уранымыз «Ҳәр қандай ҳәдийсеге де юмор менен жантасайық!» болсын.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…