Әййем заманнан халық медицинасында сүлик қурт жәрдеминде қан алдырып, кеселликтен қутылыў кең қолланылып келинген. Ҳәзирги күнде заманагөй медицина илимпазларының тәжирийбелери сүлик қурт тек қан алдырыў қуралы ғана емес, ал оғада көп кеселликлерди емлейтуғын теңи-тайы жоқ жаратылыс екенлигин дәлиллеп берди. Бүгин усы ҳаққында сөз етемиз.
СҮЛИК ҚУРТТЫҢ ҚӘСИЙЕТИ
Сүлик қурттың тәбиятта шама менен 620 ға жақын түри бар болып, олардың тек ғана үшеўи медицинада қолланылады. Олар арнаўлы биофабрикаларда жетилистирилип, қатаң карантиннен өтеди ҳәм олардан тек бир мәрте ғана пайдаланыў мүмкин. Бул, әлбетте, қан арқалы өтетуғын АИЖС, вируслы гепатит ҳәм басқа да кеселликлерди жуқтырыў қәўпи менен байланыслы.
Бундай сүлик қуртлар аш ҳалатта 2-5 г салмаққа ийе болады. Оны наўқасқа қойыўдан алдын 3-4 ай диетада сақлаў керек.
Сүлик қурттың 3 жағы болып, оларда 270 хитинли тис жайласқан. Олар сол тислери астында гирудин элементин сақлайды. Оның қурамында ҳәзирги заманагөй химиялық тексериў ҳәм бақлаўларға бола инсанның өмири ушын оғада зәрүр болған 80 нен аслам элемент бар. Бул элементлер инсанның ағзаларына шыпалы тәсир көрсетеди. Нәтийжеде денениң наўқасланған бөлиминде қан айланысы жақсыланып, саўала баслайды. Сүлик қурт гирудин элементин инсанның денесине жибериў арқалы қанды суйылтады, тамырлардағы қанды кислород пенен тойындырып, жүректиң кислородқа болған итияжын қанаатландырады ҳәм усы арқалы инсан денесиндеги лимфа безлериниң қуўатлылығын арттырып, иммунитетти көтереди. Себеби, сүлик қурт тийкарынан «ҳарам қан»ды сорыйды – бул қан денедеги микроциркуляр ағым болып, ағзаларда топланған зәҳәрли элементлер, вируслар және шығынды элементлерден ибарат. Олар сүлик қурт жәрдеминде денеден сорып алып тасланғаннан соң, қан тазаланып, суйықласыўы себепли ондағы инсан саламатлығы ушын зыянлы есапланған басқа шығындылар да ерип, денеден шығып кетеди.
СҮЛИК ҚУРТ ХОЛЕСТЕРИНДИ МАЙДАЛАЙДЫ
Ҳәзирги заман медицинасында наўқасларды емлеў ушын қолланылатуғын дәри-дәрмақлар жасалма рәўиште ислеп шығарылса, сүлик қурттың силекейиниң қурамындағы биоактив элементлер, белоклар, ферментлер инсан организмине тәбийий ҳалда түсириледи. Бул жәнлик кеселликти емлеў менен бирге, инсанды жасартып, өмирин узайтады. Инсанның денесиндеги қан айланысын жақсылап, топланып қалған майларды тарқатады ҳәм терини жумсартып, артықша салмақты жоқ етеди.
Сүлик қурт қан басымын төменлетип, нормаға келтиреди. Тромбларды еритип, денедеги исиниўлерге себеп болған микроорганизм ҳәм бактерияларды өлтиреди. Ол инсанның майда қан тамырларынан қанды сорыў ўақтында силекейиниң қурамындағы биоактив элементин тоқымаларға берип, зат алмасыўын жақсылайды. Сүлик қурттың силекейиниң тәсиринде инсан терисиндеги ҳәм ишки ағзаларындағы майда қан тамырларында қан айланысы жақсыланып, мийдиң жумысы да белсендилеседи.
Сүлик қурт қанның денеге керексиз бөлимин сорып алады. Емлеў усылының нәтийжеси жүдә тез арада сезиледи. Көплеген пайдалы қәсийетлерди өзинде жәмлеген сүликтиң және бир ҳайран қаларлық тәрепи сонда, наўқас ораза болса, наўқас ямаса шыпакер қатты албырап атырған болса, ол қан сорымай қалады.
ҚАНДАЙ КЕСЕЛЛИКЛЕРДЕ ҚОЛЛАНЫЛАДЫ?
Сүлик қурт организмниң бир қанша ишки кеселликлерин емлеў мақсетинде қолланылады. Соның ишинде:
– жүрек-қан тамыр системасы кеселликлери: гипертония, жүрек ишемиялық кеселлиги, стенокардия, инфаркттен алдыңғы ҳәм кейинги дәўирде, миокардит және Рейно кеселликлеринде;
– бас мий ҳәм омыртқа бағанасы кеселликлеринде: бас аўырыў ҳәм мий айланыўы, мигрень, инсульттен алдыңғы ҳәм кейинги дәўирде, атеросклероз, остеохондроз, бел грыжасы, невралгия және невропатия кеселликлеринде;
– глаукома ҳәм көриў қәбилетиниң төменлеўинде;
– буғақ (зоб) кеселликлериниң түрли көринислери, қантлы диабет, мастопатия, веналардың варикоз кеңейиўи, тромбофлебит, артықша салмақ, түрли исиниў, аязлаўда, лимфа ҳәм көк тамырларда (вена) қан айланысы төменлегенде, қан жабысқақлығы бузылғанда, түрли тери кеселликлеринде, иммунитет төменлеп кеткенде, простатит, бийпушлық, асқазан ҳәм ишек кеселликлери, аллергия және ҳәр түрли бөртпелер, гайморит, полип, аденоид, аллергиялық ринит, стоматит, геморрой ҳәм соның менен бирге, көплеген гинекологиялық және урологиялық кеселликлерде усыныс етиледи.
Буннан тысқары, заманагөй медицина халық арасында көп ушырасатуғын түрли көз кеселликлери, бөтеке ҳәм өт қалтасында тас пайда болыўы, баўыр кеселликлеринде де сүликлер ең нәтийжели, пайдалы, бийминнет, арзан емлеў қуралы екенлигин көп санлы тәжирийбе және әмелиятларда дәлиллеген.
Бир жыл ямаса алты ай даўамында сүлик қурт пенен профилактикалық емлеў усылын алған инсанларда ҳеш қандай кеселлик белгилери бақланбайды.
ДЕНЕНИҢ ҚАЙСЫ БӨЛИМИНЕ ҚОЙЫЛАДЫ?
Адам организминде биоэнергетикалық орайлар бар екенлиги бизге белгили. Олар бас сүйекте, қас ортасында, мойын шуқырында, төс сүйегинде, шеп көкиректе ҳәм қарынның төменинде жайласқан. Сүлик қуртты қойыў ўақтында мине усы биоэнергетикалық орайларға айрықша итибар қаратылады.
Сүликлер өткир ийислерди жақтырмайды. Сол себепли шыпакерлер емлеў усылынан алдын душ ушын гель ямаса парфюмерия қолланыўды усыныс етпейди. Тек балалар сабынынан пайдаланыў мүмкин. 2 күн даўамында сүлик қурт тислеген жерде кишкене исик, көгериў, қызарыў ямаса жеңил қышыў болыўы мүмкин.
СҮЛИК ҚУРТТЫ ҚОЙЫЎДАН АЛДЫН…
Наўқастың гемоглобини, қанның суйықлығы, қан басымы тексериледи ҳәм сүлик қурт наўқастың таза денесине қойылады. Оның искенине қарап тойды, деп гүман етип, күш пенен ажыратыўға урынбаў керек. Тойғаннан соң өзи түсип кетеди.
БИР ЕМЛЕЎ УСЫЛЫНДА ҚАНША СҮЛИК ҚУРТ ҚОЙЫЎ МҮМКИН?
Гирудотерапияда сүлик қуртлардың саны наўқастың жасы ҳәм салмағына, қан басымының ҳалатына қарап белгиленеди. Бир емлеў усылы ўақтында 2-10, базы жағдайларда болса 15 данаға шекем сүлик қурт қойыў мүмкин. Емлеў усылы ушын қолланылатуғын сүлик қуртлар өз салмағына салыстырғанда үш есе көп қанды сорып алыў қәбилетине ийе. Бул процесс ярым сааттан бир саатқа шекем даўам етеди.
Әййемде сүлик қуртлар тек бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде ғана пайдаланылған. Ҳәзирги ўақытта илимпазлардың алып барған илимий-әмелий тәжирийбелери соны көрсетти, оны жылдың қәлеген мәўсиминде қойыў мүмкин. Сүлик қуртты тек наўқасланғанда ғана емес, ал ҳәр бир саламат адам жылына бир мәрте кеселликлердиң алдын алыў ушын пайдаланса мақсетке муўапык болар еди.
МҮМКИН ЕМЕС
Гирудотерапиялық емлеў усылы кемқанлық, қәўипли өсимтелер, гемофилия, геморрагиялық диатез, қан басымы төмен болғанда, температура көтерилгенде қолланылмайды.
ЕМЛЕЎ УСЫЛЫНАН СОҢ
Ванна қабыл етпеў, спиртли ишимлик, муздай суў ишпеў керек. Сондай-ақ, суўық ҳаўадан сақланыў, ашшы, дузлы азықлық затларды, цитрус мийўелер, собықлы өнимлерден таярланған тағамларды жемеў лазым.
ДЫҚҚАТ!
Күш-қуўаттан қалатуғын дәрежеде қан алдырыў ҳәм тамырдың үстине сүлик қойыў қәўипли.
Сүлик қуртлар ҳәмме кеселликти де емлемейтуғыны тәбийий. Гирудотерапия менен шыпакердиң мәсләҳәтисиз емлениў бийпайда ҳәм қәўипли. Себеби ол бир қанша күшли тәсир ететуғын қурал болып, тек шыпакер ғана сүлик қурт қоятуғын керекли орынды биледи. Сонлықтан, тек медицина мәкемелеринде ашылған гирудотерапия бөлимлеринде маман шыпакердиң қадағалаўы астында сүлик қурт қойдырыў усыныс етиледи.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…