Егерде грипп ямаса тымаў менен кеселленсең ҳәм төменде келтирилген белгилердиң бири бар болса, онда шыпакер менен мәсләҳәтлес:
— Турақлы ысытпа. Бул — бактериал инфекцияның келип қосылғанын билдиреди. Оны емлеў керек.
— Жутынған ўақытта аўырыўы. Тымаўда ямаса гриппте тамақтағы исиниў бизди жеңил-желпи тынышсызландырса, ал ангинада болса тамақтағы аўырыў күшейеди ҳәм шыпакердиң емлеўин талап етеди.
— Тәкирарый (рецидив) жөтел. Егер жөтел 2 ямаса 3 ҳәптеде де кетпесе, бул бронхиттиң раўажланыўынан дәрек береди. Буны емлеў ушын антибиотиклер зәрүр. Соның менен бирге, астма да тәкирарый жөтелге алып келиўи мүмкин. Астманы емлеў ушын стероидлар, асқыныўға қарсы препаратлар, бронходилятаторлар қолланылады.
— Мурын питиўдиң ҳәм бас аўырыўдың тоқтамаўы. Егер жүзиңиздеги ҳәм көзлердиң айналасындағы аўырыўлар, сондай-ақ мурыннан қойыў, реңи сары ҳәм жасыллаў силекейдиң ажыралыўлары ҳәптеден көбирек даўам етсе — демек, бактериал инфекция бар болғаны, антибиотиклер зәрүр. Гейпара жағдайларда қыстаўлы медициналық жәрдем талап етиледи. Ересек адамлардың критикалық жағдайға түсип қалғанлығын төмендегише белгилер көрсетип турады:
— көкиректиң қатты аўырыўы;
— қатты бас аўырыўы;
— демниң қыслығыўы;
— мийдиң айланыўы;
— сананың ғабырысыўы;
— күшли (профузлық) қусыўлар.
Балалардың критикалық жағдайына келсек, белгилери төмендегилер:
— дем алыўдың қыйынласыўы ямаса тез-тезден дем алыўы;
— жүзи көгис реңде болыўы;
— суйықлықларды жетерли қабылламаў;
— уйқысыраў ҳәм активлиликтиң төменлесиўи (енжар болыў);
— жүдә ашыўшақлық;
— жағдайының жақсыланыўы, соң бирден төменлеп кетиўи;
— бөртпели ысытпа.
Егер грипп болып аўырып қалсаң, шыпакерге мүражат еткениңиз мақул. Ол вирусларға қарсы препаратларды рецептке жазып береди. Оларды наўқас адам менен мүнәсибетте болғаннан кейин профилактика шарасы ретинде қоллансаңыз да болады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…