Сирә, тыным билмей ислеўде жүректиң алдына түсип кететуғындай пидайы ағза денемизде жоқ шығар. Өйткени, ол жарық дүньяға келгенимизден-ақ иске кирисип, оны тәрк етпегенимизше тынымсыз соғып турады. Сонысы қызық, оның ҳәр бир ҳәрекетин дыққат пенен еситиўге де, сезиўге де болады. Бул қәсийети ондағы барлық насазлықларды анықлаў ушын жүдә қолай келеди.
Жүрек кишкене электростанция киби электр қуўатын ислеп шығарады. Ислеп шығарылған импульслар жүректиң ислеў тәртибине тәсир етеди. Жүректе ислеп шығарылатуғын бундай биоэлектриклик сигналларды электрокардиография аппараты жәрдеминде регистрациялаў мүмкин. Бул — жүрек искерлигин тексериўдиң ең мақул усылы есапланады.
Электрокардиография наўқас жүрегиндеги ритмниң түрлитүрли өзгерислерин, жүректиң ишемиялық кеселликлерин, миокард инфарктының характерин ҳәм басқышларын анықлаўға жәрдем береди. Медицинада электр жүритиўши күш тәсир етип атырған ўақыттағы жүректиң өзгерисин көрсетиўши қыйсық сызық — электрокардиограмма (ЭКГ) деп аталады.
Саў-саламат адамның ЭКГ-сы геўде дүзилиси, жасы ҳәм басқа да көрсеткишлерине байланыслы. Нормаль ЭКГ-да ҳәрдайым жүрек булшық етлериниң избе-из қозғалысын көрсетиўши тисшелер ҳәм интервалларды парықлаўға болады. Түрли-түрли кеселликлерде ЭКГ тисшелериниң өлшеми, олардың даўам етиўи ҳәм жөнелиси, интерваллардың даўамлылығы ҳәм де жайласыўлары әдеўир өзгереди. Оны тек қәниге ғана «оқый» алады. Наўқас бул сызықлардан ҳеш нәрсени аңлай алмайды.
40 жастан асқанлар, әлбетте, бул тексериўден өтиўлери лазым. Ҳәттеки, өзин саламат есаплаўшы ҳәр қандай инсан да жылына биреки рет ЭКГ тексериўинен өткени мақул. Өйткени, бул тексериў жүректеги гейбир өзгерислерди өз ўақтында анықлаўға жәрдем береди. Буннан тысқары, жүрек тусы аўыртып кеткенде, жүректиң соғыўы тезлескенде, аритмия болғанда, қан басымы асқанда, қансыраўға ушырағанда, тез-тезден шаршап қала бергенде, ҳуўыштан кетиўлер гүзетилгенде электрокардиограмма тексериўинен өтиў жүрек ушын да, инсан ушын да пайдалы. Сондай екен, жүрегиңе қулақ түр. Ол «не деп атыр екен»? Буны анықлаў ушын ЭКГ-дан өтиң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…