Гейпара азық-аўқатлар рак, жүрек ҳәм басқа да аўыр кеселликлердиң алдын алыўда таблеткалардан мақулырақ.
Айырым өнимлердиң жәрдеми арқасында холестеринниң дәрежесин төменлетиўге, рак ҳәм жүрек кеселликлериниң раўажланыў итималлығын кемейтиўге болады. Бул суперөнимлер (дәрилерден парқы) денсаўлықтың жағдайын берекели етеди, адамды унамлы эмоциялар менен зарядлайды ҳәм де ҳешқандай да жанапай тәсирлерге ийе емес! Ҳәмде бир қызық жери, оларды қәлеген дүканнан сатып алса болады.
Жеп атырған өнимлеримиздиң қаншелли дәрежеде денсаўлығымызға — тек ҳәзирги ғана емес, ал келешектеги денсаўлығымызға да тәсир ететуғынын көпшилик билмейди. Дурыслы аўқатланыў ҳәм актив турмыс тәризи қантлы диабетти, ракти, жүрек кеселликлерин ҳәм артериаллық гипертензияны қайтарыўға қәбилетли.
Кеселликтен айығыў ушын белгили бир аўқатлар топарын жеўге умтылыўдың кереги жоқ. Дурыс аўқатланыў — бул, ҳәр қыйлы өнимлерди тутыныў болып, олар нормаль салмақты сақлап турыўы, иммунитетти асырыўы ҳәм өмиримизди узақ етиўи тийис. Лекин, бул барлық суперөнимлер улыўма бир қәсийетке ийе: «супер» деген категорияға жатыў ушын олар тәбийий ҳәм рафинирленбеген болыўы керек. Сондай екен, витаминлестирилген картошка чипслери бул категорияға кирмейди.
Денсаўлыққа жүдә пайдалы өнимлердиң дизими:
Брокколи
Собықлы дәнлер
Сулы
Апельсин
Қабақ
Соя
Шпинат
Шай
Помидор
Грек ғозасы
Сүт өнимлери
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…