Сабақлардан үлгериўи жоқары

RA-img

    


Америкалы илимпазлар спорттан және бир қәсийет тапты: оның менен шуғылланыў сабақлардан үлгериўди жоқарылатады екен.

Американ илимпазлары, бириншилерден болып, май тоқымаларының муғдары, сондай-ақ булшық етлердиң күши ҳәм ийкемшиллиги мектептеги сабақларды өзлестириўге қаншалық тәсир ететуғынын изертледи. Изертлеўге 6-8-класслардан гүлләни болып 312 оқыўшы қатнасты. Оқыўшылардың «физикалық форма»сын баҳалаў ушын илимпазлар ҳәр қыйлы шынығыўлардан ибарат арнаўлы программаны қолланды. Соң буннан алынған нәтийжелерди олардың жыл даўамында тийкарғы төрт сабақлық бойынша алған баҳалары менен салыстырды.

Алынған нәтийжелер жақсы физикалық формада жүрген оқыўшының (мейли ол бала, мейли қыз болсын) сабақлардан жақсы үлгерип жүргенин көрсетти. Демек, физикалық шынығыўлар, машықлар оқыўшының ақылый раўажланыўында әҳмийетли роль ойнайды екен. Тийкарғы сабақлардың өтилиў ўақты физкультура сабағының есесинен узайтылса, мектептеги үлгериўшилик дәрежеси жақсармайды екен.

«Жақсы физикалық формада жүрген оқыўшылар, спорт пенен сирә шуғылланбайтуғын ямаса оған аз ўақтын ғана бөлетуғын өз қатарларына қарағанда, жақсырақ оқыйды. Егер адам балалық дәўирден баслап-ақ спорт пенен шуғылланып жүрген болса, оған өз формасын үлкейгенде де сақлап жүриў қыйын кешпейди», – дейди изертлеў жумыслары бойынша авторлардың бири Джеймс Приварник.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар