ДЕНСАЎЛЫҚҚА ПАЙДАЛЫ КӨЛИК

RA-img

    


Қыс өтип бәҳәр келиўден-ақ, көшелерде велосипедлердиң саны көбейе баслайды. Көликтиң бул түринен пайдалана отырып, адам өз организминиң барлық системаларын шынықтырады. Сондай-ақ, моральлик жақтан да заўық алады. Велосипед организмимизди шынықтырыў менен бирге, өзимизди қоршаған тәбийий орталықтан таңәжайып ләззет алыўға имканият береди.

Ҳәзирги заман велосипедлери — технологиялық жақтан алып қарағанда қурамалы ҳәм адамға қолайлы етип исленген агрегатлар. Оларға қуўатлы тормозлар, ҳәр қыйлы жол жағдайлары ушын ҳәр қыйлы тезликти қойып бере алатуғын рычаглар орнатылған.

Ҳәзирги заман адамларға өз талапларын қоймақта.  Көбимиз офислерде ислеймиз, демек физикалық ҳәрекетлеримиз минимум дәрежеде. Бундайда гиподинамизм раўажланады ҳәм ол семириўге, созылмалы кеселликлердиң раўажланыўына, инсультке, гипоксияға ҳәм т.б. ларға  алып келеди. Велосипед бул машқалаларды шешеди және де, бир айтып кетерлик жери, ол адамнан айтарлықтай күш салыўларды талап етпейди.

Велосипедке күнине бир саат ажыратқанныңда-ақ бир ҳәптеден кейин өзиңде әдеўир өзгерислердиң пайда бола баслағанын сезе баслайсаң. Велосипедте жүриўлер ер адамның ҳәм ҳаял-қызлардың киши жамбас органларында қан айланыўларды стимулластырады. Мудамы бир баптағы айдаўлар ўақтында  ересек адамлардың ишки секреция безлериниң функциялары нормалласады, жынысый өмириниң сапасы жоқарылайды. Изертлеўшилер мынадай қубылысты байқаған: қызлық дәўирде велосипед айдаўға ҳәўес болғанлар, «көплер қатары» турмыс тәризин кеширген ҳаялларға қарағанда, ҳәмиледарлық дәўирди анағурлым жеңил ғана бастан өткереди, нәрестелери жүдә аз муғдардағы асқыныўлар менен туўылады екен.

Биз ҳәзир қандаймыз — келешегимиз де соннан ғәрезли. Сен адамның екинши жүреги — бул, олардың булшық етлери екенлигин еситкен шығарсаң? (Бул ҳаққында мектеп сабақлықларында да айтылады). Буны не ушын айтып турмыз? Егер биз салыстырыў усылын қолланып түсиндирсек, ҳәммеси де жай-жайына түседи. Бир жүрекке қарағанда, еки жүректиң қанды айдаўы анағурлым нәтийжелирек. Бул — факт: биреўге қарағанда екеў исти тезирек питиреди. Физкультура менен шуғылланғанда, педальларды басқанда, адам өзиниң булшық етлерин раўажландырады, «екинши жүрегин» шынықтырады. Булшық етлер қысқара отырып, тамырлардағы қанларды ысырады. Соның ушын да, жүрек-қан тамыр кеселликлерине жолыққанларға шыпакерлер көп жүриўди усыныс етеди. Әлбетте, кеселликке шатылып болып, жазылыўдың ҳәрекетине кирискенше, оның алдын алған мақул. Соның ушын да велосипед айдаў — бул, жүрек-қан тамыр кеселликлериниң ағла профилактикасы болып табылады. Велосипед айдағанда қайсы булшық етлер қозғалысқа кириседи? Барлығы да — балтырдан баслап бөксениң булшық етлерине шекем. Әсиресе, аяқтың булшық етлери (квадрицепс ҳәм балтыр булшық етлери) актив ҳәрекетте болады.

Әлбетте, велосипедти асықпай, өзиңе жағымлы тезликтеги режимде, турмыстан ләззет алыў ушын айдасаң, денсаўлығыңа унамлы тәсир етиўи ҳақ. Егерде буның үстине велосипедти парк ишинде де, тоғай соқпақларында да айдай алатуғынымызды қоссақ, онда биз физикалық жақтан шынығыўларымыз бенен бирге, дем алысты да жақсылап өткерген боламыз.

Артықмаш салмақ машқаласы қыйнап жүрген  көплеген адамлар мынадай саўал қояды: «Бурынғы турмыс тәризимизден кескин түрде бас тартпай-ақ ҳәм үйренисип қалған аўқатланыў режимимизди өзгерпестен яки оны тегараң өзгертип ғана азыўға бола ма?»  Жуўабымыз сол — болады, буның ушын велоспорт пенен шуғылланыңлар. Велосипед айдаўлар (жазда — тәбийий орталықта, ал қыста — үйде, велотренажёрда) — бул салмақты түсириўдиң ҳәм сөйтип қәдди-қәўметти ыраслап алыўдың ең тийимли усылларынан бири. Соның менен бирге, велосипед айдаўлардың да (денсаўлығымызды жақсылаўға бағдарланған ҳәр қандай емлер сыяқлы) «жақпаслықлары» бар — олар адам организмине кери тәсир жасайды. Қайсы кеселликлер ўақтында велосипед айдаўға болмайды? Атап өтейик: координацияның бузылыўы (адам аварияға ушырайды), жүрек қан тамыр системасы шынтлап аўырыўы, бас мий тамырларының бузылыўы, сүйеклердиң морт сынғышлығы, шемиршек ҳәм буўын тоқымаларының кеселликлери, анемияның гейпара формалары (адам естен танып қалады).

Егерде сен енди ғана велосипедти айдай баслаған болсаң, онда организмиңди бундай аўырманлыққа кем-кемнен үйренистирип бара бер,  бирден онлаған-жигирмалаған шақырым аралықларды басып өтиўге умтылма, өйткени дизе буўынларыңа ҳәм басқа да жерлериңе зыян келиўи мүмкин. Ҳәр қандай физикалық ҳәрекет кем-кемненликти талап етеди, бул соныңдай-ақ велоспортқа да тийисли. Спортшыларды бақлап көрген шығарсаң: олар дәслеп жеңил-желпи шынығыўлар ислеп, булшық етлерин «қыздыра баслайды», солай етип тосаттан болып қалатуғын кескин ҳәрекетлердиң ақыбетин жумсартады. Биз де сизлерге, велосипедтиң ерине отырмастан бурын 5-10 минут отырып-турыў, секириў қусаған шынығыўлар менен дизе ҳәм шығанақ буўынларыңызды жазылыстырып алыўыңызды усыныс етемиз.

Дозаланған велосипед айдаўлар жүрек-қан тамыр системасын жақсы тәрепке қарай өзгертеди. Бундай сейилден соң бет алмаңның қызарғанын, кейпиятыңның жақсарғанын өзиң де сезесең.

Ас сиңириў системасын кеселлендирмеў ушын биз аўқатқа тойып алып, велосипедке отырмаўымыз тийис. Бундай жағдайда биз айта кетерликтей жаман кеселликлерге дуўшар боламыз.

Велосипедти айдаў барысында өзиңди жаман сезе басласаң — онда тоқта ҳәм себебин билиўге тырыс.

Велосипед — бул, саламат турмыс тәризине қарай кетиў деген сөз. Буған ҳәр биримиздиң де шамамыз жетеди екен, келиңлер, бул жолды асықпай-албырамай, бир бапта басып өтейик!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар