Көплеген жаслар (сондай-ақ, орта жастағы ҳаяллар да) «аўқаттан ўаз кешиў ғана семизликтиң алдын алады» деп ойлайды. Ҳақыйқатына келсек, семириў тек усыған байланыслы емес, ол сондай-ақ орайлық нерв искерлигиндеги ямаса эндокрин системасындағы бузылыўлар ақыбетинде де келип шығады. Соны да умытпаңлар, салмақтың артып, денениң толықласыўы көплеген кеселликлерге қарай жол ашады. Семириўдиң ақыбетинде адам тез ҳәрекет ете алмайды, сәл нәрсеге-ақ деми қысып қалады, иммун системасының искерлиги төменлеп, кеселликлерге берилгиш болып қалады.
Узақ шайна, искер бол
Ҳәр сапары, аўқатланыўдан алдын бир кесе жыллы суў ишиң, еки түрдеги ҳөл мийўеден ҳәм еки түрдеги палыздан (ямаса оннан таярланған салаттан) жең. Бул иштейди төменлетеди, организмди зәрүр затлар менен тойындырады.
Салмағыңның кем-кемнен артып баратырғанлығы тәшўишлендирип баратырған болса ҳәм азыўды нийет еткен болсаң, онда айырым нағметлерди (конфета, шоколад, қумшекер, варенье, торт, пирожный, колбаса, дүтленген гөш, макарон, қой гөши, бадам, жержаңғақ қусағанлардан) әдеўир шеклеўиң керек.
Азанғы аўқатты тойып жең, кешки тағамды уйықлаўға еки саат қалғанда қабыл етиң. Егерде усы ўақыт ишинде қарның аш қалса, онда 1 стакан қатық ишиң ямаса 1 дана алма жең.
Тағамды асықпастан, узақ шайнаң. Сондай қылсаң, аз аўқат жесең де, қарның тойып қалады. Ўақты-ўақты менен дузы кем, майсыз аўқатларды тутынып турған пайдалы.
Күн даўамында искер бол. Егерде мудамы қызығарлы жумыслар менен қыялың бәнт болып турса, аўқат туўралы ойлаўға ўақтың да қалмайды.
Дәстүрханға саўатлы жантас
Дәнли өнимлер (горох, сөк, жарма, гүриш) ишектиң искерлигин жақсылайды, иштиң қаталаўына жол қоймайды, асқазан-ишек кеселликлериниң алдын алады. Қабығы аршылмай, суўда писирилген картошка темирге бай өнимлер менен бирге желинсе, кемқанлықты даўалаўға пайдасы тийеди. Бизиң ушын ең әҳмийетлиси, олар қайнатылған ҳалда желинсе, адамды семирттирмейди.
Палыз ҳәм мийўелер минерал ҳәм витаминлердиң кәни болса да, көпшилик адамлар бул өнимлерди жетерли дәрежеде тутына бермейди. Палыз ҳәм ҳөл мийўелер жыл даўамында дәстүрханға қойылыўы керек. Егер ҳәр күни бир-еки мәртебе палыз ҳәм мийўе жеп турсаң, онда семириў дәрти саған жақынламайды.
Гөш, балық, таўық, түйетаўық, үйрек майлары — тойынбаған май болғанлықтан, денсаўлық ушын пайдалы есапланады, лекин артықша желингенде салмақтың артыўына алып келеди. Демек, базарда гөшти сатып алғаныңда майсызырағын таңлағаның мақул.
Семириўге мейил адамлар майлы сүт, қатық, сыр ҳәм иримшикти көп жемегени мақул. Соның менен бирге, май менен қумшекерди де кем пайдаланыў керек. Тағамды писиргенде өсимлик майын аз ислетиң, аўқатларды илажы барынша пуўда ямаса суўда таярлаң.
Тез азыўға урынба
Соны да айтып кетиўимиз керек, азыў ушын көрмей-билмей ҳәрекет етиў унамсыз ақыбетлерге алып келеди. Мәселен, түрли аздырыўшы шайлар шыпакердиң рухсатысыз қабылланғанда ишектиң нормаль микрофлорасын жаманластырып жибереди, жүрек-қан тамыр системасын зорықтырады, бүйреклердиң әдеттеги жумысын изден шығарады.
Сондай-ақ, иштейди пәсейттириўши ямаса ишти сүретуғын дәри-дәрмақлар ишеклер перистальтикасын жасалмалы түрде күшейттирип, жуўан ишек моторикасының бузылыўына имкан жаратады. Бундай пайытта асқазан ҳәм ишеклердиң искерлиги истен шығып, гейде иш кетиўи, гейде иш қаталаўы қусаған машқалалар адамның мазасын ала баслайды.
Буннан тысқары, аздырыўшы дуз ҳәм түрли отлар салынған ванналар надурыс қолланылса, қан тамырларының функциясын күшейттирип жибереди. Бул болса, өз гезегинде, жынысый ағзалар әтирапындағы қан тамырлардың ислеўин үзилиске түсирип, әсиресе ҳаяллардың менструациялық циклине унамсыз тәсир көрсетеди. Көп жағдайларда ыссы суўлы ванналардан кейин етектиң келиўи тезлеседи ямаса әдеттегиден көбирек келеди.
«Аздырыўшы диеталар»ды үзликсиз қолланыў себепли адамда қуўат жетиспеўшилик жағдайы жүз береди. Оның көринислери: ҳәлсизлениў, териниң қурғап ағарыўы, булшық етлердиң тартылып қалыўлары, бүйректиң изден шығыўы, руўхый өзгерислер. Әсиресе, тез азыў ушын күнлеп-ҳәптелеп аўқатлардан тыйылып жүргенде сүйеклер нәзиклеседи, гейбир жағдайларда қақ айырылып кетеди. Ҳәттеки, бундай ўақытлары кемқанлық, авитаминоз, қан басымының төменлеўи, гемоглобин көрсеткишиниң кемейиўи ҳәм дәрмансызлық жағдайлары жүз береди. Демек, аздырыўшы диеталарды ямаса «ашлық» күнлери шыпакердиң мәсләҳәти бойынша әмелге асырыў лазым.
7-10 килоға аздыратуғын диета
Азыўға жәрдем беретуғын 20 күнлик диетаға көпшилик әмел етеди. Әдетте, ол адамнан анағурлым шыдам ҳәм табанлықты талап етеди. Зыянсыз болғаны ушын усы диетаны қоллансаңыз болады.
Оның дәслепки 2-3 күни «ашлық дәўири» деп аталады. Яғный, 3 бөлек қара нан, 1,5 литр сүт ямаса 2 стакан помидор шербети усы күнлер даўамында аз-аздан желинеди ҳәм ишиледи.
4-5 күнимиз — «белоклы дәўир». Бул күнлери таң азанда сүт, жуқа қылып сары май ямаса пал жағылған 1 бөлек қара нан желинеди. Түски аўқатқа 1 кесе сорпа, 1 бөлек қайнатылған гөш ямаса 2 шай қасық жасыл горох 1 бөлек қара нан менен бирге желинеди. Арадан 2-3 саат өтип, 1 стакан паллы шай ямаса соншалық муғдарда майсыз сүт ишиўге болады. Кешки аўқат саат 19.00-ге шекем желинип болыўы шәрт. Бунда 1 бөлек қайнатылған майсыз гөш ямаса 2 суўға писирилген мәйек жесе болады. Егерде буның илажы болмаса, онда 1 бөлек майсыз сырды ямаса 1 стакан қатықты жуқа етип кесилген қара нан менен жең.
6-7-күнлер — «мийўе-палыз дәўири». Бул күнлери таңерте 2 дана алма желиниўи шәрт. Түски аўқатқа палызлы сорпа ямаса түрли палызлардан таярланған салат (оған, әлбетте, өсимлик майы қосылады) 1 бөлек қара нан менен бирге тутынылады. Арадан 2-3 саат өткен соң алма ямаса алмурт жеўге болады. Кешқурын палызлы салат 1 бөлек қара нан менен биргеликте желинеди. Аўқатланыўдан алдын ямаса кейин 1 стакан паллы шай ишилсе болады.
Мине, усы үш дәўир 20 күн даўамында тәкирарланып турылады. Бул ўақыт ишинде организм өзине керекли муғдарда белок, витаминлер ҳәм минерал дузларын алады, нәтийжеде бул диета адамның ҳәлсизлениўине жол қоймайды. Соны да умытпаўыңыз керек, 20 күнлик диета тамам болғаннан кейин ҳәр күни азанда 20-50 грамм иримшик жеўиңиз керек. Бул — азыў ўақтында жоғалтылған қуўаттың орнын толтырады.
Улыўма алғанда, усы 20 күн даўамында кисиниң сабырлы ҳәм қанаатлы болыўының өзи-ақ жетип атыр. Оның организми пайдалы витаминлерге тойынған ҳалда тазаланады, ишеклердиң функциясы бир бапқа түседи, зат алмасыў жақсыланады, адам өзин тетик ҳәм тәндар сезе баслайды. Буннан да әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, инсан саламатлығына иритки салатуғын кеселликлердиң қәўипи кемейеди. Адамның сыртқы пишини, әсиресе руўхыяты унамлы тәрепке қарай өзгереди. Денениң салмағы сол 20 күн ишинде 7-10 килограммға шекем кемейеди.
Салмақты түсиретуғын өним
Мәлим болғанындай, гречиха адамды тоқ етеди, соның менен бирге, ол организмди тазалаўшы ҳәм салмақты түсириўши қәсийетлерге де ийе. Гречихалы диетаны сақлаў саламатлықтың ағла дәрежеде болыўын тәмийинлейди. Бундай диета 1-2 ҳәптеге мөлшерленген ҳәмде бир неше түрлерге ийе.
1. Бир ҳәпте даўамында тек гречихадан таярланған арнаўлы ботқа тутынылады. Ботқаны таярлаў ушын гречиха үстине қайнаған суў қуйылады ҳәм 12 саат даўамында демлеп қойылады. Гречиханы дузсыз, қанша қәлесең, сонша жей бересең — газленбеген әпиўайы суўды қәлегенимизше ишсек те бола береди-ғой, солай емес пе? Гречиха да сондай. Уйқыға жатыўдан 4-6 саат алдын бул аўқатты жемең. Жүдә аш қалсаң, онда уйықлаўдан 30-60 минут алдын қатық ишиўиң мүмкин.
2. Гречиха ҳәм қатықлы диета организмде микроэлементлердиң балансын тиклейди, стресс жағдайларын, уйқысызлықты, шаршаўды қойдырады. Сондай-ақ, кемқанлық, тери кеселликлери, буўынлар, баўыр ҳәм өт қалтасы кеселликлеринде жүдә пайдалы. Бул диета жәрдеминде 1-2 ҳәпте ишинде 7-12 килограммға шекем салмақ таслаўың ҳәм өзиңди жақсы сезиниўиң мүмкин.
Гречихалы ботқаны таярлаў ушын гречиха жармасының үстине қайнаған суў қуйың. Бираз қурығаннан соң майсыз қуўырың. Кейин қайнаған суў қуйып, орап қойың. Гречиха ботқасы суўды өзине тартып, дана-дана болып қалады. Ботқаны қайнатыў шәрт емес. Таяр болған ботқаны 1 литр қатық пенен жең. Диетадан жақсы нәтийже күтип жүрген болсаң, қатықты аўқаттан ярым саат алдын ямаса кейин ишкениң мақул болады.
3. Бул диетаның түринде жоқарыда айтылған ботқаларға қосымша тәризде қандай да бир өнимлер қосып, желинеди. Мәселен, таң азанғы аўқатқа қосымша қақ ерик ямаса жүзим желинсе, түски аўқатқа қосымша пуўға писирилген ямаса қайнатылған гөш жеў ямаса сүт ишиў мүмкин. Кешқурынғы тағамға болса гречихалы ботқаны ашыған қатық пенен араластырып жең.
Пайдалы кеңеслер
Барлық тағамлар сыяқлы, салатқа да дузды илажы барынша аз салың. Жақсысы, дузды аўқат писиўине 5 минуттай ўақыт қалғанда қазанға таслаң.
С витаминине бай ҳәм қурамында темир элементи көп болған палыз ҳәм мийўелерди тез-тезден жеп турың.
Егер қуўырылған тағамларды жеўге үйренип қалған болсаң, онда олардың муғдарын кем-кемнен азайтып бара бер. Соң, бара-бара, қуўырғаннан гөре қайнатып жеўге әдетлениң.
Гречихадан тысқары, сулыдан таярланған ботқалар да азыў ушын жәрдем береди. Бундай ботқаны майсыз қылып писириў керек. Оған дуз жүдә кем салынады. Бул өнимниң әҳмийетли қәсийети соннан ибарат, ол аздырыў менен бирге, организмге қуўат береди, адамды ҳәлсизлендирмейди.
Соны да умытпаң, аўқат жақсы сиңбесе, организмде май топланады ҳәм артықмаш салмақ жүзеге келеди. Соның ушын да, аўқатты жақсылап шайнаң, сонда ол аўыздағы силекей менен араласып, денеге жақсы сиңеди. Мәсләҳәтимиз сол, илажы барынша рафинадланған өнимлерден, қадақланған қурғақ аўқатлардан, әсиресе шийринликлерден ўаз кешиң. Көбирек мийўе-палыз өнимлерин жеп турың.
Ҳәр күни 6-8 стакан таза суў ишиң. Суў организмди түрли-түрли зыянлы нәрселерден тазалайды, зат алмасыўды тәртипке салады. Соның менен бирге, ҳәр күни физкультура менен шуғылланыўға әдетлениң. Дене шынығыўларының түрлерин көбейтип барың, оларды орынлаў ўақтын кем-кемнен узайта бериң. Ең әҳмийетлиси соннан ибарат, «тез азаман» деп асқазаныңды қыйнаққа салма, керисинше, аз-аздан ҳәрекетлерин ислей берсең, жақсы нәтийжелерге ерисесең.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…