– Дуқтыр, баўырым аўырып атыр...
– Арақ иштиңиз бе?
– Аўа, бирақ жәрдем бермеди.
*** *** ***
Бас шыпакер бир қәнигеге урысып атырыпты:
– Не ушын наўқасларды шала емлеп, үйлерине жөнелтип атырсыз?
– Ҳаў, мен ярым ставкадаман ғой!
*** *** ***
Наўқас:
– Дуқтыр, мен алтын қасығымды жутып алдым.
Шыпакер:
– Бул ўақыя қашан жүз берди?
Наўқас:
– Үш ай болды.
Шыпакер:
– Неге усы пайытқа шекем келмедиңиз?
Наўқас:
– Пулға мүтажлық сезгеним жоқ еди.
*** *** ***
Еки шыпакер өз-ара гүрриңлесип отырыпты:
– Билесиз бе, мениң бир наўқасым бар. Барлық диагнозларға көре, ол он жыл
алдын өлип кетиўи керек еди... Елеге шекем жасап жүрипти.
– Әне көрдиң бе? Адам... адам жасаўды қатты қәлесе, медицина бул жерде әжизлик етеди.
*** *** ***
Шыпакер:
– Сизге айтатуғын еки жаңалығым бар. Биреўи – жақсы, биреўи жаман хабар.
Наўқас:
– Дуқтыр аға, тек сол жаман хабарыңызды айтың!
Шыпакер:
– Неге?
Наўқас:
– Мен журналистпен ғой!
*** *** ***
Наўқас:
– Дуқтыр апа! Ҳаялымның даўысы шықпай қалды. Не қылсам екен?
Шыпакер:
– Үйге таңға жақын кирип келиң.
*** *** ***
Бир ер адам дәриханаға келип, лық-лықты қойдыратуғын дәри сорапты. Дәри
сатыўшы оның жүзине бир шапалақ түсирди.
– Не қылғаныңыз?
– Әне, көрдиңиз бе? Лық-лық атқаныңыз тоқтады.
– Мен өзиме емес, ҳаялыма сораған едим.
*** *** ***
Дәриханаға кирген ҳаял сатыўшыдан сорады:
– Медициналық мағлыўматыңыз бар ма?
– Аўа.
– Оқыў дәргайын қашан питирдиңиз?
– Он бес жыл болды.
– Пайтахтта оқыдыңыз ба?
– Аўа.
– Онда биймәлел саўда ислесем болады екен. Маған пахта бериң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…