Нервиңиз беккем бе?

RA-img

ТЕСТ


Соңғы ўақытларда «сиркеси суў көтермейтуғын», тырысқақ адамға айланып баратырғаныңызды сезип атырсыз ба? Мүмкин, нервиңиз шаршаған шығар? Төмендеги берилген сораўларға АЎА ямаса ЖОҚ деп жуўап бере отырып, машқалаларыңыз нерв пенен байланыслы ма ямаса жоқ па, соны билип алыўыңыз мүмкин. Ҳәр бир АЎА ушын 1 балл, ал ЖОҚ ушын 0 баллдан есаплап бара бериң.

 

1.   Сизди қапа етиў аңсат па?

2.   Тынышланыўыңыз қыйын ба?

3.   Уйқысызлық тез-тезден болып тура ма?

4.   Уйқылаўдан алдын тынышландырыўшы дәри қабыл етип көргенбисиз?

5.   Стресслер тәсиринде дөрейтуғын кеселликлер менен аўырып көрдиңиз бе? (мәселен, бас аўырыў, жүректиң шаншыўы ҳәм т.б.)

6.   Ҳаўлығыў жағдайлары сизде болып тура ма?

7.   Әтирапыңдағылардың сиз ҳаққында қандай пикирге барыўлары тәшўишке сала ма?

8.   Финанслық мәселелер жөнинде қәўетерленесиз бе?

9.   Иренжип қалыўыңыз аңсат па?

10.  Өзиңизди кимниңдур басымы астында жүргендей сезесиз бе?

11.  Телефоныңыз шыңғырлағанда сескенип кетесиз бе?

12.  Саламатлығыңыздан қәўетериңиз бар ма?

13.  Өзиңизди ўазыйпалары көп инсанман деп есаплайсыз ба?

14.  Әйтеўир нәрселерге-ақ тәшўишленетуғын әдетиңиз бар ма?

15.  Кесиспелердеги «пробка»лардан, асфальт жолдағы автомобильлердиң тәртипсиз ҳәрекетлеринен ғәзепленесиз бе?

16.  Қараңғылықтан қорқасыз ба?

17.  Толқып турғаныңызда даўысыңыз дирилдеп кете ме?

18.  Тынышландырыўшы дәрилерди қабыл еткенбисиз?

19.  Ислеп атырған жумысыңызға қол силтеп кетип қалғыңыз келген ўақытлар болған ба?

20.  Сасқалаққа түскишписиз? Албыраўшылыққа берилгишписиз?

21.  Қандайда бир хабарды еситпегенше тақатсызланып турасыз ба?

22.  Ҳаўлыққаныңызда, қатты тәсирленгениңизде бетиңиз қызарып кете ме?

23.  Күтилген нәтийжеге ериспесеңиз, түскинликке берилесиз бе ямаса керисинше ме?

24.  Биреўдиң үйине қыдырып барғаныңызда, дослар арасында отырғаныңызда ямаса қандайда бир шөлкемлестирилген жыйналысқа жол алғаныңда албырайсыз ба?

25.  Сиз ҳаққында ҳәзил гәп айтылса, қапа боласыз ба яки жоқ па?

26.  Шаўқым-сүренлер, бәлент музыка, адамы көп той-думанлар ғашыңызға тийе ме?

27.  Жаңа дослар арттырыўды жақтырасыз ба?

28.  Әтирапыңыздағы инсанлардың талаплары ашыўыңызды келтире ме? Олардан тез-тез наразы болып турасыз ба?

29.  Уйықлаўдан алдын дәлиздиң есиги қулыпландымекен деп, қайта-қайта тексересиз бе?

30.  Қандай да бир байрам шөлкемлестирсеңиз, узақ таярлық көресиз бе?

 

 

НӘТИЙЖЕЛЕРДИ ЕСАПЛАЙМЫЗ

 

Топлаған балларыңыз 20-дан 30-ға шекем болса, сизди ғәзеплендириў жүдә аңсат екен. Әйтеўир нәрселерге де өзиңизди тута алмай қалыўыңыз мүмкин. Шама мененги диагноз қоятуғын болсақ: нервиңиз жүдә шаршаған. Руўхый қәтержамлыққа ерисиў усылларын қоллана отырып, нервлериңизге дем бериң.

Топлаған балларыңыз 10-нан 20-ға шекем болса, сиз «нервный» болыўдың дәслепки басқышында турыпсыз. Сизиң нервиңиз тез-тезден шыға бермейди. Сондай болса да, саламатлығыңыз ушын нервиңизди асыраң! Ҳәр нәрсени де кеўлиңизге ала бермең.

Топлаған балларыңыз 5-тен 10-ға шекем болса, нервлериңиз орнында. Өзиңизди қолға ала билесиз. Әтирапыңыздағы адамлардың гәп-сөзлерине де, артықмаш машқалаларға да шалғымайды екенсиз. Бәрекелла! Нервлериңизди қәдирлесеңиз, түрли-түрли кеселликлерден сақланған боласыз.

Топлаған балларыңыз 5 ямаса оннан да кем болса, сизиң қәтержамлығыңызға ҳәўес етсе болады!

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар