Заманагөй инсан өзи қəлемеген ҳалда күшли стресс ҳалында жасайды ҳəм турақлы түрде нервлердиң зорығыўына ушырайды. Гейпара адамлар əтирапындағыларға бақырып, бундай жағдайдан аңсат ғана шығып кетеди. Ал, айырымлар тəрбиясының күшлилиги ҳəм мəдениятлылығы менен ямаса не қыларын билмей ҳəммесин ишине жутады ҳəм буның менен денсаўлығына зыян жеткереди. Кимдур бундай жағдайларда жəнжел көтериўге болады ҳəм керек деп есапласа, этика көзқарасынан болса оның кериси. Демек, инсан өзи жағдайға қарап дурыс қарар қабыл етиўи керек.
Сезим-туйғыларды жөнге салмаў, оларды тек тыйыў əдетте түрли кеселликлер келип шығыўына себепши болады. Қорқыныш бүйреклерди, қәўетерлениў асқазанды, ғəзеп-ашыў – баўырды, сабырсызлық асқазан асты безин, уўайым-қайғы қанды жарақатлайды ҳәм усы ағзаларға тийисли кеселликлер жүзеге келеди. Нервлердиң зорығыўы, албыраўшылықлар гипертонияға, жүрек хызметиниң бузылыўы ҳəм инфарктқа алып келеди.
Бүгинги күнде өз сезимлерин, ғам-қайғысын, ғəзебин ишине жутатуғын адамлардың денсаўлығы өз ғəзебин дəрриў шығарып жиберетуғынларға қарағанда төменирек. Алымлардың анықлаўынша, олар жүрек қозғаўларына еки есе көбирек ушырайды.
Бундай эмоциялық зорығыўдан шығып кетиўдиң басқа жоллары бар ма? Əлбетте!
Бириншиден, организмдеги эмоциялық зорығыўды тек ғана бақырыў менен емес, ал, түрли физикалық шынығыўлар менен де жоқ етиўге болады. Мəселен, үлкен тезликте жоқары қабатқа көтерилиў, велосипед айдаў, жер аўдарыў, отын жарыў ҳəм т.б.
Екиншиден, унамсыз кеширмелерди унамлы сезим-туйғылар менен алмастырыў. Ең аңсаты жағдайды қатаң қабыл етпеў ҳəм бул жағдайдан күлкили бир себепти таўып, «ўа-ҳа-ҳалап» шығып кетиў. Бул усыл да организмдеги дағдарысты жеңип өтиўге жəрдем береди.
Үшиншиден, бетти салқын суў менен жуўыў, муз бөлеги менен жүзди артыў ҳəм соның менен бирге, салқын суў ишиў жүдə жақсы шара болып табылады. Сизди тезирек тынышландыратуғын фактор – ағын суў. Стресс ҳалында шомылыў ҳəўизине ямаса спорт залына барып шуғылланған жүдә мақул.
Төртиншиден, егер имканы болса, унататуғын музыкаңызды еситиң. Бул усыл агрессияны тез де бастырыўға ҳəм кейпиятты көтериўге жəрдем береди. Аз ғана ўақыттан соң өзиңизди жақсы сезинесиз ҳəм болып өткен ўақыяны естен шығарасыз.
Жəниўарларды тамаша етиўде адамды тынышландырады. Стрессте еркеклер машина дүзетиўи, гараж тазалаўы, ҳаяллар болса көбирек дүканларға, базарларға барыўы жақсы пайда бериўин умытпаң.
Стресс зорығыўдың белгилери:
· Қандай да бир нəрседе дыққатты жəмлей алмаў;
· Жумыста қəтеликлерге жол қойыў;
· Еслеў қəбилетиниң төменлеўи;
· Шаршаў;
· Тез-тез сөйлеў;
· Пикирди жəмлей алмаўшылық;
· Аўырыўлардың тез-тез пайда болыўы (баста, асқазанда, геўдениң артқы тəрепинде);
· Жоқары тəсиршеңлик;
· Шуғылланып атырған жумыстың қуўаныш бағышламаўы;
· Иштейдиң жоғалыўы.
Егер биз өзимизде зорығыўды сезинсек, оның себеплерин анықлаўымыз керек. Жағдайдан шығыўда төмендегише пикирлеўлер жəрдем береди:
· Адамда ҳəмме ўақта машқалалар болады. Турмыста ҳəр қандай машқалалар болыўы анық;
· Бир машқаланы шешкеннен соң, екиншиси туўылады;
· Ҳəр қандай шығарылған қарар бүгин дурыс болса, ертең надурыстай түйиледи;
· Машқаланы шешиў ўақты бар, соның ушын инсанға ҳəмийше сабыр-тақат керек;
· Өз өмириңизди тəкирарланбас деп билиң;
· Ҳəр бир адам қəтеликлерге жолығыўын умытпаң;
· Сизге нелер унайтуғынлығын ҳеш қашан умытпаң;
· Оптимист адамлар менен қызықлы темаларда сəўбетлесиң.
Исенемиз, бундай қурамалы жағдайдан аңсат ғана шығып кете аласыз!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…