Сораған едиңиз

RA-img

8 ЖАСАР ҚЫЗЫМДА ҚАНТЛЫ ДИАБЕТ?!


«Мениң  8  жасар  қызыма «қантлы  диабет»  диагнозы  қойылды.  Қызым  қәўип-қәтерсиз ҳәм қатарынан кем болмай өсиўи ушын  оны  қалай  тәрбиялаўым керек?  Бул  кеселликке  жолыққан  балалардың  турмыс  тәрзи қандай?»

 

—  Балаларда  қантлы  диабеттиң 1-типи диагнозланады. Кеселликтиң бул түри үлкен жастағыларда ушыраўшы 2-типтеги диабетке қарағанда әдеўир күтимди, қадағалаўды талап етеди. Демек, бул жағдай өз-өзинен ата-аналарға  үлкен  жуўапкершилик жүклейди.  Егер  бала  қанындағы қант  муғдары  қадағаланбаса,  оның көбейиўи  тоқтатылмаса,  онда  ҳәрқыйлы  асқыныўларға  алып  келиўи мүмкин. Бундай наўқаслар тек ғана инсулин менен даўаланады. Егер бул дәри  көп  муғдарда  берилсе,  қант муғдарының кескин кемейип кетиўи менен байланыслы машқалалар жүзеге келеди.

Қантлы  диабетке  ушыраған  балаларды инсулин терапиясына өткериў ҳәм диета сақлатыў (углеводлы өнимлерди  шеклеген  ҳалда)  керек. Буннан тысқары, кеселликке жараса физикалық ҳәрекетлер ислетиў ҳәмде  стрессиз  өмир  де  баланың  асқыныўсыз  ҳәм  машқаласыз  өсиўине оғада үлкен жәрдем береди. Сондай-ақ, үйде қант муғдарын өлшейтуғын әсбап сақлаў да мақсетке муўапық. Соның менен бирге, ҳәр алты айда бир  мәртебе  баланы  арнаўлы  қәнигелердиң бақлаўынан өткизип турыўды әдет тусына киргизген мақул. Яғный — офтальмолог, нефролог ҳәм невропатологтың, себеби диабеттиң биринши  типинде  микро  қан-тамыр асқыныўлары  жедел  раўажланады. Оларда  нефропатия,  ретинопатия кеселликлериниң  раўажланыў  қәўипи жүдә жоқары.

Балаларда  қантлы  диабеттиң жүзеге  келиўине  ҳәр  түрли  аутоиммун  кеселликлер  ҳәм  вируслы инфекциялар   себеп   болады. Аутоиммун  процесслер  —  яғный ревматоидлы  артрит,  витилиго, псориаз,  диффуз  токсик  зоб  кеселликлери  —  асқазан  асты  безиниң лангерганс  бета-клеткаларын  қыйратыўы  мүмкин.  Көбинесе  биз қәўипсиз деп ойлаған грипп, қызылша,  сондай-ақ,  тепки  де  асқазан асты  безиниң  бета-клеткаларын бузады.  Көпшилик  жағдайларда  балалар  комаға  түсип  қалғанда  ғана оларда  қантлы  диабет  барлығы анықланады.  Буннан  тысқары,  бала жатқан үйден ямаса ол пайдаланған ҳәжетханадан  ацетон  ийиси  келип атырғанына  итибар  бериў  керек.

Егер ацетонның ийиси шығып турған болса, бул — бала қанындағы қанттың декомпенсациясы  болып  табылады, яғный  кетон  денешелериниң  пайда болып  атырғанын  билдиреди.  Бул болса,  ата-анаға  баланы  тез  эндокринолог  шыпакер  көригине  алып барыў кереклигин аңлатады.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар