ВИТАМИНЛЕРИ ТОЛЫҚ САҚЛАНСЫН ДЕСЕҢИЗ...

RA-img

   


Палыз өнимлерин сатып алыўдан алдын қарыйдар мыналарға итибар бериўи керек: капуста — аппақ ҳәм қатты; гешир — қойыў-сары ҳәм сып-сыйдам; қыяр — көк-көмбек, сыпқанақ ҳәм жақын ўақыт аралығында үзилген болыўы керек. Ең дәмли редиска — ақ тумсық редиска болып табылады.

Палызлар қаншелли аз сақланған болса, олардың қурамында витаминлер соншелли көп болады. Сонлықтанда, оларды узақ ўақыт сақлап турмастан, тезирек пайдаланыў керек. Сақлағанда да — қурғақ ҳәм салқын жайда, мәселен музлатқышта ямаса жертөледе сақлаў керек. Палызларды аўқат писирейин деп атырған ўақтыңда аршы ҳәм туўра, оларды суўда услап турма. Витаминлердиң ҳәм минерал дузлардың бир бөлеги суўда жоғалады. Мәселен, қыршылған картошка бир күнде С витамининиң 20 пайызын, туўралған шпинат бир саатта 24 пайызын жоғалтады. Палызлар суўық суўда емес, ал қайнап турған суўда писириледи, сонда ғана көп витаминлери сақланады. Көп витаминлер қайнатпаға өтеди, соның ушын да төгип жиберместен, оннан соус ямаса аўқатты писириўде пайдаланың.

Палызларды бир неше саатлап писирмең ҳәм қазанға (кастрюльге) керегинен артықша суў қуймаң. Қазанның қақпағын жақсылап жабың, сонда ғана пуў кислородты айдап шығарады ҳәм витаминлер оксидленбейди. Егер буған әмел қылынбаса, мәселен капуста қазанда қақпағы бастырылмай писирилсе, С витамининиң шама менен 3 пайызы, ал картошка ботқасында 20 пайызы қалады. Егер екеўи де қақпақ жаўып писирилсе, витаминлери еки есе көп сақланады. Ал, лобияда басқаша. Оны ашық қазанда писириў керек, болмаса қарайып кетеди.

Салат ҳәм винегретлерде каротин элементиниң сақланыўы ушын сметана ямаса майонезди тек дәстүрханға тартыўдан алдын қосыў керек. Егер салат 2-3 саат турып қалса, тойымлылығын дерлик жоғалтады, мазасыз болып қалады. Палызлы тағамларды көп етип, бир нешше күнлерге арнап таярламаў керек, өйткени күннен-күнге олардың қурамындағы витаминлер кемейип барады.

Музлаған палызларды музын түсирмей, тиккелей қайнаған суўға салыў керек. Сонда олар мазалы болып, витаминлери жақсы сақланады. Егер палызлар дузлы суўда писирилсе, қурамындағы витаминлердиң 70 пайызы жоғалады. Соның ушын да писейин деп турғанында дуз себилиўи тийис. Палызларды тат баспайтуғын полаттан исленген пышақ пенен туўраў керек, өйткени темир пышақты қолланғанда С витамини жоғалады.

Қақ мийўелер жуўылады, суўық суўда жибитиледи ҳәм сол суўда писириледи. Палызлар қаншелли ири етип туўралса, пискенде ҳәм консерваланғанда ондағы азықлық затлар соншелли кем жоғалады. Ләблеби, гешир ҳәм картошканы алдыннан суўық суўда щётка менен жуўып, қуры қол менен тазалаў керек. Дузланған палызлар суўық жерде сақланады ҳәм үсти мудамы дузланған суў менен себеленип турыўы керек. Егер үстки бети көгере басласа, көкпатлақлар алып тасланып, жабылған материал ҳәм бастырылған тас жақсылап жуўылады, үстинен қайнаған суў қуйылады ҳәм және жаўып қойылады. Егер дузланған палызлар банка, шелек ямаса бочкадан қасық пенен алынса, ыдыста қалғанлары узақ сақланады ҳәм дәмин жоғалтпайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар