Кариестен 100 пайыз қорғаныў мүмкин бе?
Тислерди кариестен 100 пайыз қорғаў мүмкин бе? Буның ушын нелерди ислеў керек? Мен тислеримди өмир бойы пүтин болғанын қәлеймен.
Қайырбай Алламуратов
— Кариес кеселлигиниң келип шығыў себеплери анықланбаған. Сол себепли оннан 100 пайыз қорғаныўдың, алдын алыўдың имканы жоқ. Лекин, бул тастыйықлаўымыз — кариестен сақланып болмайды, дегенимиз емес. Оған қарсы гүресиў ушын бир қатар қолланбалар бар. Усы дереклерге сүйене отырып, кариестиң алдын алыў ушын дәслеп үш тийкарғы қағыйдаға раўа қылыў керек екенлигин уқтырамыз.
1. Дурыслы аўқатланыў. Ширели өнимлерди илажы барынша шеклеп қойып, олардың орнын мийўе-палыз ҳәм сүтли өнимлер менен толтырыў керек.
2. Гигиена қағыйдаларын сақлаў. Ҳәр күни азанда ҳәм кешқурын тислерди жақсылап ҳәм дурыс тазалаў лазым.
3. Жылына еки мәртебе стоматолог көригинде болыў.
Ҳеш қандай кеселлик тынышыңды алмаса да, қәнигениң көригинен өткениң мақул. Бул пухталығың менен нервиңди ҳәм пулларыңды тежеген боласаң. Сондай-ақ, иммунитеттиң пәсейиўи, туўма мейиллик, зат алмасыўдың бузылыўы, стресслер, экологиялық ҳәм жас мингендеги өзгерислер де кариестиң пайда болыўына шараят жаратыўы мүмкин. Егерде жоқарыда келтирилген шәртлерден өзиңди қорғасаң, тислериңди кариестен аман сақлаған боласаң.
ДӘРИЛЕР ГРЕЛКАДАН АБЗАЛ МА?
«Мени тез-тезден қарын аўырыўы тынышсызландырып турады. Сондай пайытларда қарныма грелка қояман ҳәм тез арада машқаламнан қутыламан. Бир танысымның айтыўына қарағанда, қарын аўырғанда грелка қойыў қәўипли, ал аўырыў қалдырыўшы дәри пайдалы екен. Сол ырас па? Сонда дәрилердиң грелкадан абзал болғаны ма?»
Махмуд, 27 жас
— Қарындағы аўырыўлар көплеген кеселликлердиң белгиси болыўы мүмкин. Буның себеби анықланған соң ғана оған қарсы қандай усыл нәтийжелирек екенлигин айтыўға болады. Көп жағдайларда асқазан-ишек искерлигиниң бузылыўы қарын әтирапында күшли аўырыўларға себепши болады. Ҳәр қандай аўырыўға жүзеки яки жеңил қараўға болмайды. Себеби, организмде жүзеге келген өзгерислердиң бәри (ол мейли аўыр, мейли жеңил болсын) бизлерде қандайда бир машқала бар екенлигинен дәрек береди. Бундай ўақытта өз басымшалық пенен түрли усыллардан пайдаланыў ямаса ҳәр қыйлы дәрилерди шыпакер мәсләҳәтисиз қабыл етиў жарамайды. Олар келешекте қәўипли асқыныўлардың қәлиплесиўине тийкар жаратыўы мүмкин. Ҳәттеки, бул препаратлар машқаланы ўақтыншалық сапластырса да. Себеби, аўырыўы қойғаны менен, кеселлик ямаса оны келтирип шығарған себеп даўаланбайды. Керисинше, бийпәрўалық ақыбетинде бара-бара раўажлана береди. Сонлықтан, кешиктирмей шыпакер көригинде болың ҳәм зәрүр тексериўлерден өтиң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…