Жылаған баланың «тилин» түсин

RA-img

    


Жаңа дүньяға келген нәрестениң 2 ҳәптеден 6 ҳәптеге шекем ҳәр күни шама менен 2-4 саат жылаўы тәбийий ҳал. Баланың мәлим бир ўақытларда яки қандайда бир себептен жылап турыўы — жақсы раўажланып атырғанынан дәлил. 3 айлық болғанда, жылаўы күнине 1-2 саатқа кемейеди. Лекин, бала тез-тез ҳәм әдеўир ўақытқа дейин жыласа, әлбетте, педиатрға көрсетиў керек.

 

Анадан зийреклик талап етиледи

 

Нәресте сөйлей алмағаны себебинен бир жери аўырғанда, аш қалғанда, жөргеги ҳөл болғанда арызын жылаў ямаса қышқырыў арқалы билдиреди. Тәжирийбели ана нәрестениң жылаў себебин зийреклик пенен аңлайды. Тилекке қарсы, гей бир жас аналар перзентиниң не ушын жылап атырғанын, нени қалеп турғанын билмей ҳәрекет етип, кесел қылып қойыўы яки оған зыян жеткизиўи мүмкин. Егер ана нәрестесиниң «тилин» түсинбесе, ол қатты ҳәм узақ жылайды.

Саламат бала аш қалғанда, қолайсыз жатқанда, денесине бир нәрсе батқанда ямаса қолға алып еркелеткенин қәлеп жылайды.

Егер, үш айлық ямаса оннан үлкенирек баланың жылаўына ата-ана дыққат пенен итибар берсе, әлбетте, нәрестениң нени қалеп турғанын билип алыўы қыйын емес. Сонда оны жубатыў да аңсат кешеди.

Лекин, ҳәрдайым да баланың жылаўларына жан баса бермеў керек, гейде оны өз ҳалына қойың. Бундай қылмасақ, нәресте «Нени қәлесем, анам дәрриў орынлайды» деген жуўмаққа келеди ҳәм жылаўды әдетке айландырады.

 

Жыласа жубатыў керек пе?

 

Қәнигелердиң пикиринше, 20 ҳәптелик нәрестени анасы тез-тез қолына алып, баўырына басып турса, оның қәтержам, күшли өсиўине жәрдем береди. Лекин, үш айдан асқан балаларды кем-кемнен өзи тынышланыўына әдетлендирген мақул. Мәселен, жөргеги қурғақ, қарны тоқ болса, ҳеш жери аўырып турмағанын билсеңиз, аз-маз жылап алыўына қойып бериң, бираздан кейин өзинен-өзи тынып қалыўы мүмкин.

Бала оралған жөргектиң ишин қараң — түйме, ойыншық сыяқлы териге бататуғын нәрселер жоқ па екен? Оны қатты жөргеклемең. Терисине де итибар берип турың — әсиресе, қоллары ҳәм пәнжелери арасын көриң. Гейде оларға жип ҳәм шаш талшықлары оралып қалады. Буннан тысқары, терисине бөртпе шыққан ба, көгерген бе, қызарған ба, ыссылық жоқ па — тексериң.

Үш айлыққа шекемги балалар гейде қолға алыўын қәлеп жылайды. Көбинесе тәрбияшылар «Баланы тез-тез қолға ала бермең, үйренип қалады, еркетай болып кетеди» деп надурыс мәсләҳәт береди. Тексериўлер соны көрсетти, тез-тез қолға алынған бала керисинше кем жылап, ол-бул нәрсеге өжетлик қылмас екен.

Бала менен ҳәр күни күлип сөйлесиң, еркелетиң, баўырыңызға басып, жүз-қолларынан өпиң. Сонда ол мийримиңизден қанып, қуўанады, ўақтында ҳәм тыныш уйқылайды.

Бала қашан тынышсызланыўын шамалап билип алың (көп балалар көбинесе кеште жылайды). Егер бала қуры жылап атырған болса, пәрўа қылмаң: бул ўақытта ол өзиндеги артықша қуўатты жумсап атырған болады. Жылап-жылап, уйқылап қалыўы мүмкин.

 

Музыка да жәрдем береди

 

Жылап атырған баланы тынышландырыў ушын музыка қойып бериң. Әсиресе, най, шыңқобыз, дуўтар намалары, жағымлы үнлер оған жағады ҳәм пайдалы болады.

Жөргекти шешип, биймәлел ҳәрекетлениўи ушын оған имкан бериң (лекин бул пайытта қасынан кетпей, қарап турың). Аяқ-қолларын әсте сылап-сыйпалап, ықтыятлық пенен машық қылдырың.

Сейилге алып шығың; бир гез — арбашада, бир гез — көтерип. Оның менен сөйлесиң.

Бесик ҳәм әткөншекти әсте-ақырын тербетиң (ҳеш қашан қатты шайқамаң). Айырым балаларға машинада жүриў нервты тынышландырыўшы тәсир көрсетеди. Жатқан жайында жыласын-жыламасын, ҳалатын өзгертирип турың. Бир позицияда узақ жатып қалса, зеригеди.

Бала жататуғын жай тыныш, жарым-жарты қараңғы болғаны мақул. Оны көшеде сейил қылдырған соң уйқылатың.

Көбинесе бала жылап атырғанда аналар емизип тынышландырмақшы болады. Бул — аўқатландырыў тәртибиниң бузылыўына алып келеди. Бала, қайтама, беттер жылаўы мүмкин. Анасы тынышландыра алмаған нәресте, гейде атасы яки кемпир апасы қолына алса, жым болып қалады. Себеби, ана-бала бир-биринен қатты шаршаған болыўы да мүмкин. Бир қанша ўақыттан соң ана да, бала да алдыңғы ҳалатына қайтып, бир-бирине умтылады.

Бала қатты жыласа, оған жәрдем бериўге көзиңиз жетпесе, дәрриў жасы үлкен, тәжирийбели адамларға мүрәжәәт етиң, лекин түскинликке берилмең.

 

Күни бойы бесикте жатпасын

 

Үш айдан асқан бала жылап атырғанда оны жасына жараса ойыншықлар менен жубатыў мақсетке муўапық. Физикалық тәрбия машықлары, уўқалаў, суўда, ашық ҳаўада шынықтырыў усылларын турақлы түрде алып барыў жақсы нәтийже береди.

Бесиктен баланы жыламасынан алдын, күлимсиреп, ойнап жатқанында шешип алың (қәнигелердиң пикиринше, 1 суткада ол жәми 2-3 саат бесикте жатса жетеди, кейин басқа жайда тыныш уйқылайды).

Көпшилик ата-аналар нәрестени дурыс аўқатландырыўға ҳәрекет қылады. Лекин, гейде бала дурыс аўқатландырылса да жылайды. Ол бәлент даўыс пенен, тез-тез, тап бир нәрседен арыз қылып атырғандай жыласа, демек, ана сүтине тоймаған болады. Бундай жағдайда бала ана емизгеннен кейин жылайды. Ана сүти жетиспесе, бала нормада өспейди, азып кетеди. Иши қатады, кем сийеди.

Ана сүти жетиспегенин анықлаў ушын бала емизиўден алдын ҳәм емизгеннен кейин тәрезиде (анық болыўы ушын үш мәртебе) тартып көриледи. Мәселен, үш айлық бала 6 мәҳәл 135 миллилитрден бир суткада 800 миллилитрге шекем сүт емиўи лазым. Баланы емизиўден алдын ҳәм кейин тартып көрилгенде оның салмағындағы парық 100 мг.дан көп болса — ҳәммеси жайында болғаны, егер парық 100 мг.дан кемди көрсетсе — демек, баланың сүтке болған талабы қандырылмай атыр.

Аналар бала жыласа, «сүтим кем болса керек» деп ойлап, қосымша аўқатлар бере баслайды. Бул аўқатланыў процесин бузып, жылаўдың зорайыўына себеп болыўы мүмкин.

Балаға қосымша аўқат бериўден алдын, әлбетте, шыпакер менен мәсләҳәтлесиң.

 

Емип атырған пайытта жыласа…

 

Егер нәресте емип атырған пайытта жыласа, буған төмендеги жағдайлар себепши болады:

— Ананың ҳәдден артық майлы аўқатлар, көп муғдарда шийринликлер тутыныўы. Пияз, ашшы, шор, сыпатсыз тағам ҳәм жасалма суйықлықларды көп ишиўи яки жүдә кем суйықлық қабыл қылыўы.

— Ананың нервке тәсир қылатуғын (қурамында кофеин болған) дәрилерди ишиўи.

— Ананың спиртли ишимликлер ишиўи. Сигарета шегиўи, насыбай атыўы, наркотик затлар қабыл қылыўы.

— Баланың сүтке тойып кетиўи.

— Бала жедел раўажланып атырған дәўирде ана сүтиниң жетпеўи. Оның қарны тоймаўы.

— Қолайсыз жағдайда көкирек бериў.

— Бир көкиректи бала толық ембестен басқасын тутыў.

— Емген сүти сиңбестен және емизиў.

 

Басқа да жылаўлар:

 

— Қарны тоқ баланы бесикке беккем бөлеп қойыў.

— Бала басының пәс болып қалыўы (бесикте).

— Бесик тербетилгенде сүттиң аўыз ҳәм дем алыў жолларына, қулақ найларына кетип қалыўы.

— Балаға ўақтынан алдын (6 айға шекем) қосымша аўыр аўқатлар (печенье, сыйыр сүти ҳәм басқалар) бериў.

— Үйдеги шараяттың жаманлығы.

— Баланың нормадан артық ойнатылыўы.

— Үйде адам көп болғанынан шаршап қалыўы.

— Аўқатланыў қағыйдаларына, күн тәртибине әмел қылмаў.

— Аўыр сиңетуғын сүтли араласпаларды көп муғдарда ҳәм тез-тез бериў (бала 6 айға шекем бундай аўқатларды сиңере алмайды).

 

 

Буларды есте тутың!

Ананың сүтли аўқатлар, мәйек, жаңғақ, шийринликлерди көп жегени себебинен балада бөртпелер шығады.

Ана ренжисе, нерви бузыла берсе, бул дәрриў балаға тәсир қылады ҳәм ол себепсизден-себепсиз жылаўы мүмкин.

Баланың алдында әке «Қандай анасаң, баланы тынышландыра алмайсан» сыяқлы кейис бермеў керек. Ямаса басқалардың «Балаң өжет, жылаўық екен» киби сөзлери баланың кеўилин аўыртады ҳәм оның және де қаттырақ жылаўына себеп болады.

Еки айдан – бир жасқа шекем болған балалар күнине 1 л ана сүтин емиўи керек.

Ананың бәрқулла тыныш, жоқары кейпиятта болыўына шараят жаратыў керек. Сонда оның сүти жетерли болады, бала саламат өседи.

Емизгенде баланы шеп жанбасы менен жатқармаң, себеби баўыр асқазанды басып қояды ҳәм бундай позиция қусыўға алып келеди.

Шегиў, ишкилик, күшли дәрилер ана-бала салматлығына жаман тәсир көрсетеди.

Бала аўқатланып атырған пайытта шаўқым қылмаў, үйде сигарета шекпеў керек.

Жасалма аўқаттан соң баланың қарны қатты аўырса, дем болса, дәрриў шыпакерге мүрәжәәт етиң. Оның телефон номери бәрқулла қасыңызда болсын. Қәниге менен мәсләҳәтлесип, балаға байшешек ямаса укроп демлемесинен ишкизиң.

Балаға сүтли араласпаларды бериўден алдын, әлбетте, педиатр менен мәсләҳәтлесиў керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар