Саламат инсанның қанында глюкоза муғдары 3,3-5 ммоль/л әтирапында болады.
Күшли стресс яки шийрин десерттен соң қант муғдары қысқа пурсатқа көтерилиўи мүмкин. Бирақ асқазанасты бези жақсы ислеўи ҳәмде инсулин гормонының бир қәлипте турақлы ажыралыўы нәтийжесинде қандағы қант муғдары дәрриў нормаға қайтады.
Бирақ, инсулин ислеп шығарылмаса яки клеткалардың усы гормонға тәсиршеңлиги бузылса, диабет раўажланады. Ақыбетинде глюкоза клеткалар ушын қуўат дәреги болыўдың орнына қанда турып қалады ҳәм зәҳәрге айланады. Бүйрек, көз, тери, тамырлар… – пүткил организм қыйналады.
Егер де кейинги ўақытларда өзиңизде төмендеги жағымсыз белгилерди байқап атырған болсаңыз, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиң:
- Аўызда қурғақлық ҳәм күшли шөллеў сезиў, әсиресе, кеште;
- Сидик ажыралыў тезлессе;
- Тери қурғаўы ҳәм ийилиўшеңлигиниң пәсейиўи. Жара ҳәм тырналған орынлардың жақсы
питпеўи;
- Тез шаршаў, ҳәлсизлик, уйқышыллық, ашыўшақлық;
- Қол ҳәм аяқлар уйысыўы, балтырдың аўырыўы.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…