Дәрилер ҳаққындағы рекламаларға исениўге бола ма?

RA-img

   


Дәрилик препаратлардың рекламаларын бақлай отырып, биз ҳайран қаларлық парадоксларға дус келемиз. Медицина тараўы қәнигелери дәрилик рекламалар менен көбинесе «келисе бермейди». Шыпакерлер наўқаслардың рекламаларға инанып, өз бетинше емлениўин намақул әдет санайды.

Илимпазлар абайлы болыўды, рекламаларда даўрығы шыққан, тәсирлери кәрамат деп саналған жаңадан-жаңа дәрилерди сатып алыўда асықпаўға шақырады. Бирақ фармакологлар билмегенсип, үнсиз отыр. Олар бундай дискуссияға араласыўды өзлерине еп көрмейди. Не ушын бундай болмақта?

Өйткени, ең кейинги тайпа, яғный дүньяжүзилик медикаментлер базарын ийелеп алған фармакологлар дәрилерди сатыўдан көп пайда түсиўинен жүдә мәпдар. Олар наўқаслардың дәрилерди көп етип сатып алыўын, өз билдигинше ҳәм шеклеўсиз-қадағалаўсыз қабыллаўларын қәлейди. Буның ақыбети не менен жуўмақланатуғынына «бас аўыртпайды». Бундай жағдайда ең әҳмийетли сораў ортаға тасланады: «Дәрилер ҳаққындағы рекламаларға исениўге бола ма?»

 

Аўырып турсаң ба — аўзыңа бир таблетка сал да, суў менен ишип жибер!

Тоқтаўсыз түрде үстимизге ағылып атырған рекламалардың ең тийкарғы қәўпи соннан ибарат, олар медикаментлердиң адам организмине унамлы тәсирин оғада бөрттирип көрсетеди. Ақ халат кийген «шыпакерлер», күлимсиреген жүзлер ... «Бизлерге исене бер. Дәрилерди қорықпай, гүманланбай, қәлегениңше қабыллай бер. Олар сени көзди ашып-жумғанша тәўир қылады. Сени кеселликтиң машқалаларынан ҳәм қолайсызлықлардан қутқарады» дейди.

Белиңди радикулит еки бүклеп таслады ма — таблетканы тилиңниң астына таслап жибер!

Асқазаның шаншып тур ма — таблетка жут!

Аўырыўдан басың жарылайын деди ме — таблетка иш!

Ҳақыйқаты қандай? Буны айтыў да, түсиниў де қыйын емес. Рекламаға исенип, ойсызлық пенен ишилген дәрилер жақынлап киятырған қәўипли кеселликтиң қәдемлерин бизге еситтирмейди ямаса оның симптомларын жүдә тереңликке жасырып, көмип таслайды. Ал, кеселлик өз бетинше белсенди раўажлана береди, организмимиз болса, дөнип киятырған қәўипти билдиретуғын «қоңыраўын» шыңғырлатпайды, ал турмысымыз қәдимгидей, бир қәлипте өте береди.

Өз билдигинше ҳәмде шыпакердиң рухсатысыз ишиле берген дәрилер медициналық жәрдемге мүтәж организмдеги жағымсыз жағдайды елестирмеўге, аўҳалды асқынлата бериўге ийтермелейди. Ўақтының тығыз болыўы, турмыс ритминиң барған сайын жеделлесиўи салдарынан адамның (әсиресе үлкен қалаларда жасап атырған адамның) ҳәр бир машқала бойынша шыпакерге қарай жуўыра бериўине имканы да болмайды.

Адам өз денсаўлығы ҳаққында сөз еткенде бундай жағдайлардан үстин турыўы ҳәм дурыслы шыпакерди излестириўи, барып көриниўге ўақыт табыўы керек.

Денсаўлық — терең байлық. Әпиўайы кеселлик ўақтында рекламадағы мақталған дәри менен емленемен деп, оны асқындырып алыўың мүмкин. Гейде бул исиң оңалмастай ақыбетке алып та келеди. Соның менен бирге, бул мәселениң басқа да тәреплерин нәзерден шығарыўға болмайды. Гәп сонда, ҳәр бир дәри, қалай деген менен де, пүткиллей қәўипсиз емес. Оның жанапай тәсирлери болады — лекин, булар ҳаққында реклама роликлери ҳештеңе демейди. Гейде жанапай тәсирлер көп болатуғыны соншелли, нәтийжеде препарат саўалтыў орнына, денсаўлыққа үлкен зыянын тийгизеди.

Бир дәриниң екинши дәри менен әлпи алысыўы-алыспаўы да рекламаны дөретиўшилер ушын қызықлы емес. Соның ушын да, олар бул факторды елеспесиз қылып жибериўге умтылады. Лекин, рекламадағы көкке көтерип мақталған медикаменттиң надурыс қолланылып жиберилиўи жүдә жаман ақыбетлерге алып келиўи ҳақыйқат. Соның ушын да, реклама етилген дәрини «бул — бахтыбай саўда» деп, көзди жумып, ишип жибериўге болмайды — тек тәжирийбели шыпакер ғана зәрүр изертлеўлер жүргизип, медикаментозлық ем буйыра алады.

 

Витаминлерди шамадан артық қабыллаўлар денсаўлық ушын оғада зыянлы

Бизлерде балалық дәўиримизден баслап витамин группаларының, ҳәрқыйлы микроэлементлердиң денсаўлығымызға оғада пайдалы екенлиги ҳаққында түсиник беккем орнаған. Бул түсиникке қарсы саўаш майданын ашпақшы емеспиз. Лекин, бул тараўдың да рекламаларында, тап биоактив қосымталардағыдай, машқалаларға дус келеди екенбиз. Бунда да жөнсиз қабыллай бериўлер адам организмин әдеўир уныратады.

Витаминлерди ҳәм микроэлементлерди керегинен артық қоллана бериўлер төмендегише жағымсыз аўҳалларға алып келеди:

асқазанның бузылыўы ҳәм қанның суйықласыўы (витамин Е);

сидик-тас кеселлигиниң асқынлаўы ҳәм иш өтиўи (витамин С);

кемқанлық ҳәм сезимталлықтың белгили дәрежеде жоғалыўы (витамин В6);

бүйрек жетиспеўшилиги ҳәм депрессия (магний);

асқазан жолы кеселлигиниң пайда болыўы (темир).

Бул дизимди еле де даўам ете бериўге болады. Өйткени, ҳәр бир витамин ямаса микроэлемент организмге тек емлик тәсир өткерип ғана қалмастан, ал сондай-ақ оны қайтып оңалмастай етип буза да алады. Соның ушын да, ҳәр қандай қабыллаўлар алдынан шыпакер менен мәсләҳәтлесип алған абзал. Тек ғана ҳақыйқый шыпакер менен — ал телеэкраннан ҳәм рекламалық щитлерден күлимсиреп турған «шыпакер» менен емес!

 

Биоактив қосымталар тек тәбийғый қурамға ийе ме?

Ҳәммеге белгили биологиялық актив қосымталар, әлбетте, адамлардың ийгилиги ушын жаратылғанына ҳасла гүман жоқ. Адамзат ҳәзирги технологиялық әсирде 1) витаминлердиң жетиспеўшилигинен, 2) артықмаш салмақтан ҳәм 3) стресслерден қатты қыслығып атыр. Әне усы үш бағдар бойынша фармакологлар, көп ойланып-қыйланып отырмай-ақ, биоактив қосымталар өндирисин баслап жиберген. Бул өзи қандай қосымталар ҳәм әпиўайы қылып сорағанда: «Оларды не менен жеймиз?»

Биоактив қосымталарды ислеп шығарыўшылардың гәплерине қарағанда, оның қурам бөлеклери 100% тәбийий екен. Әне усы жерден өтириклери басланады ҳәм олар өзлериниң буйыртпалары бойынша исленген рекламалық баянламаларына да, телевизиялық роликлерине де таралады. Ҳәзирги жәмийетимиз өзиниң аўқатланыў рационында нелер ҳақыйқый тәбийий компонентлер, қайсылары жасалма екенлигин умыта баслаған. Өз қолымыз бенен жулып алынған ҳәм шайға араластырылған назбай гүл — тәбийий, әлбетте.

Ал, усы назбай гүлимиз капсулаға салынып, үстине қандай да бир суйықлықлар қуйылып, пломбаланып, аптекаларда сатылса — оны тәбийий десек бола ма?

Биоактив қосымталарды қолланыў нәтийжесинде:

— цинктиң организмде артықмаш топлана бериўи сүйек тоқымасын ҳәлсиретеди;

— никотин кислотасының шектен тыс болыўы баўырды бузады;

— магний муғдарының нормадан жоқарылап кетиўи депрессияға алып келеди, нерв системасына елеўли зыянлар жеткизеди.

Реклама буларды айтпайды, зыянлардан хабар бериўге ол әдетленбеген. Лекин, айтса да, айтпаса да, бизиң организмимизге жеңил болмайды: ол азапты тарта береди.

 

Жуўмақ

Ҳешқашан да дәрилер ҳаққындағы ҳәрқыйлы рекламаларға аңқайып, исене бермең ҳәм өз бетинше емлениўди ойыңызға да алмаң. Медикаментлерди тек шыпакер тайынлағаннан кейин ғана қабыллаң. Илажы барынша, өз исиниң маманларына, медициналық қәнигелерге мүрәжат етиң. Егер олар дүнья жүзилик шыпакерлик практика менен таныс ҳәм медициналық газета-журналларды шет тиллерде турақлы түрде оқып жүрген болса — онда жүдә бәрәкалла! Демек, сен исенимли бақлаўлар астындасаң ҳәм саламатлығың ҳаққында қәўетерленбесең де болады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар