ПСОРИАЗДЫҢ ДАЎАСЫ БАР МА?
«2 жыл алдын диземниң төменине жара шыққан еди. Докторлар «псориаз» деди. Емлендим, бирақ нәтийже сезилмеди. Қулласы, кеселлик еле кетпей атыр. Қышыўлар мениң тынышымды алмақта. Кеселликти пүтинлей емлеўдиң илажы бар ма?
Зафар, 28 жас
— Псориаз мульти-факторлы кеселликлер қатарына киреди, яғный келип шығыў себеплери жүдә көп. Дүнья алымлары псориазды «ишки секреция безлери, нерв, нәсилий бейимлилик себебинен пайда болыўшы кеселликлерден бири» дейди. Лекин, ҳәзирге дейин халық арасында бул кеселлик ҳақкында түрли гәп-сөзлер жүреди.
Псориаз гүз ҳәм бәҳәр айларында тутады. Лекин, гейде оның қысқы ҳәм жазғы, сондай-ақ аралас түрлери де ушырап турады. Егер кеселликтиң келип шығыў себеби анықланса ҳәм керекли емлер өткизилсе, кеселликти бир неше жылларға умытыў мүмкин. Бирақ, — пүткиллей емес.
Егер сиз емлерге толық ҳәм дурыс әмел қылсаңыз, зәрүр пайытта емлеўханада жатып емленсеңиз, псориаз сизди бир неше жыллар, ҳәттеки, 5-8 жылға шекем «тынышыңызға қойыўы» мүмкин. Демекши болғаным, ҳәммеси өзиңизге байланыслы. Лазым тапсаңыз, тери кеселликлерине қәнигелестирилген саламатластырыў мәкемелеринде де емлениўиңиз мүмкин. Неге десеңиз, ол жерлерде ҳаўа алмастырасыз. Бул болса псориаз кеселлигин жеңиў ушын және бир имкан есапланады.
Ўақтында емленсеңиз, кеселликтиң басқа ағзаларға да тарқап кетиў қәўпин кемейттиресиз. Мәсләҳәтим, қәнигели дерматолог көригинде болың.
АЯҚТАҒЫ БАРМАҚЛАРДЫҢ ҚЫШЫЎЫ
«Мени аяқтағы бармақларымның кышыўы әдеўир қыйнап қойды. Қанша қасымайын, бәрибир, қышыў тоқтамайды. Терим сыйырылып, гөши көринбегенше басылатуғын түри жоқ. Бул қандай кеселлик? Оны қайсы жол менен емлеў мүмкин?»
Т. Сапаев, 62 жас
— Нәзеримде, сизди замаррық (грибок) кеселлиги қыйнап атыр. Себеби, әйне сол кеселлик наўқастың аяқ бармақлары арасында күшли қышыў, ашыў сезимин пайда етеди. Бул қышыўлар, сиз, айтып өткендей, аяқтың гөши көрингенше қасығаннан соң бираз тоқтағандай болады. Бирақ, соны айрықша айтып өтиў лазым, сиз қоллап атырған усыл, яғный тынбай қасыў кеселликтиң және де ҳәўиж алыўына себеп болады. Замаррық кеселлиги тийкарынан тар аяқ-кийим, жасалма гезлемелерден болған байпақларды кийгенде пайда болыўы ямаса гигиенаны сақламағанда, яғный биреўдиң аяқ-кийимин кийгенде, сүлгисине сүртингенде жуғыўы мүмкин.
Замаррық кеселлигиниң түри көп. Сизди әйне демде қол ҳәм аяқ микозлары қыйнап атырған болыўы мүмкин. Сиз дерматолог көригинде болыўыңыз ҳәм териден анализ тапсырыўыңыз лазым. Анализ нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда керекли препарат ҳәм мазьлар мәсләҳәт етиледи.
Мәсләҳәтим, шыдап болмас дәрежедеги қышыў ҳәм ашыўлар тынышсызландырғанда аяқты қасымастан, шыпакерге ушырасың. Кери жағдайда кеселлик күшейип кетеди. Жақсысы, оның алдын алыўға ҳәрекет етиң. Сондай-ақ, гигиена қағыйдаларын сақлаң. Неге десеңиз, тазалық жүдә көп тери кеселликлериниң, соның ишинен, замаррық кеселлигиниң де алдын алады.
Егер усы қағыйдаға бәрше өз ўақтында әмел қылса, әпиўайы көринген, лекин кеўилди қапа қылыўшы аянышлы ҳалатлар жоқ етиледи.
ЖАРЫЛҒАН ТАБАН
«Табаным жарылған, буның үстине, дузы да бар. Жүргенимде аўырады. Оған қарсы не қылайын? Бул машқала даўасыз кеселликлер менен байланыслы емес пе?»
Дилфуза, 37 жас
— Табанның жарылыўы — тийкарынан ишки кеселликлер, А витамининиң жетиспеўшилиги ҳәмде эндокрин системадағы машқалалар себебинен пайда болады. Соның ушын, сизге эндокринолог көригине барыўды, және қан, сидик анализлерин тапсырыўды мәсләҳәт етемен.
Қәниге анализ нәтийжелерине қарап ем буйырады. Егер қандайда бир мазьдан пайдаланып атырған болсаңыз, оның ўақтыншалық тәсир көрсетиўи мүмкинлигин алдынан айтып қоймақшыман. Себеби, кеселликтиң түп-тамыры, яғный себеби анықланып, сапластырылмаса, дәри-дәрмақлар тек ўақтыншалық тәсир көрсетеди.
Егер эндокринолог тәрепинен ҳеш қандай машқала анықланбаса, дерматолог қабыллаўына барың. Сиз, әлбетте, ишки секреция безлерин гормонларға ҳәмде қанда замаррықлардың бар-жоқлығына тексерттириң. Шыпакер анализ жуўмақларын улыўмаластырған ҳалда аяқтағы машқаланың не себептен пайда болғанын айтады.
Сондай-ақ, себеп анықланғаннан соң, оған қарсы емлениў менен бир қатарда, иммунитетти көтериўди ҳәмде витаминлерге бай тағамларды тутыныўды мәсләҳәт беремен.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…