Күйеўиң менен тез-тезден жәнжеллесип турасаң ба? Бәлким, сен өзиңниң ҳақ екенлигиңди дәлиллеў ушын бақырып-шыңғырып кететуғын шығарсаң? Бәлким, күйеўиңниң «сотка»сын көп тинткилейтуғын шығарсаң? Егер сен сондай тәризде ис тутып жүрген болсаң, демек жубайың менен дурыс мүнәсибет орнатыўды билмейди екенсең. Психолог булар ҳаққында не дейди?
Не болғанда да, бақырысып кетпе! Жақсысы, бир жылап бер!
Бақырыў — агрессияға жатады. Бул — еркеклик тәриздеги жуўап. Жылаў — бул, ҳаялларға тән ис. Жылаў саған жарасады, ал еркекке ылайық емес. Бақырсаң — сени «еркек» деп тән алған күйеўиңниң психикасы дәрҳал, ҳеш екиленбестен, саған қарсы саўаш майданын ашады. Өйткени, қәлеген еркек оған қарсы сөйлеп турған адамды аңсыз рәўиште еркек деп қабыл етеди.
Көз жасы болса — әззилерге тән сөйлесиў жолы. Көз жасын көрген күшли жыныс ўәкили дәрҳал басылады ҳәм онда гүресиў сезиминиң орнына сени қорғаў туйғысы оянады.
Жоқарыдағы сөзлерди оқып, ахырғы ирет қашан жылағанын естен шығарған ҳаяллар өзлериниң қаншелли дәрежеде еркеклесип кеткенлигин сезген шығар?
Биз жүдә күшли болғымыз, өзимизди еплей алатуғынымызды дәлиллегимиз келеди… Енди өзлериңиз-ақ ойлап көриңлер, әзийз ҳаяллар, урысыў ҳәм гүрес майданын ашыў арқалы, бақыра отырып, басқа түскен машқаланың өзиңе аўыр тийип турғанын өмирлик жолдасыңа жеткизе алармекенсең? Сизге мәсләҳәтим: керек емес даў-жәнжелди тоқтатыўдың бир жолы — өзиңниң нәзик ҳәм әлжуўаз екенлигиңди күйеўиңе сездирте алыўың. Бунда сеннен шыққан көз жаслары күйеўиңе жәнжелдиң тереңлесип кеткенин жеткизетуғын хабаршы ўазыйпасын өтейди.
Өзиңди-өзиң айыплап, көз жасын төк
Өйткени, жылап турып, еркекти айыпласаң, даў-жәнжел бәлент шыңға қарай көтерилип кетеди. Ол қарсы гәп айтады ямаса «жора-жолдасларым қайдасызлар?» деп көшеге басын алып шығып кетеди. Ал, егер жылап атырған ҳаял бар айыпты өз мойнына алса, еситип турған күйеўинде «ҳаялымды қорғаўым керек» деген сезим оянады. Яғный, сен бундай жағдайда, өмирлик жолдасыңа «қорғаўшым екениңди көрсетегөр» дегендей боласаң.
Пикирлерине қосылыўың шәрт!
«Аўа», «Әлбетте», «Айтқаныңыздай орынладым», «Түсиндим», «Дуппа-дурыс», «Мақул», «Қуп болады» деген сөзлерди шаңарақта еситип жүрген қызыңның сөз байлығы анағурлым кеңейеди. Буннан тысқары, күйеўиңниң мәсләҳәт ҳәм кеңеслериниң дурыс екенлигин айтып турыўды умытпа! Неге десең, «Әкемниң айтқанлары дурыс» деп, ер жеткен балаң да өзиниң дурыслы пикирлей алатуғынына исенип улғаяды. Усылай дей отырып, айтқанларыңды орынлаўың да керек. Егер ондай етпесең, қызың да, улың да «айтыў аңсат, бежериў шәрт емес қусайды» деп пикирлей баслайды…
Күйеўиңди сезгир деп ойлама!
«Ҳаўа ысып кетти!» деп, 8-март байрамыңның жақынласқанына ишара етип отырыўың керек емес. Еркек киси ишинен «Ҳе, ысыса ысый қойыпты-дә» дейди де, қолын бир силтейди. Оннан жоқары дәрежедеги пәмлиликти күтип отырма. «Сериалларда бундай да гүл алып келеди, турмыста қайдан ондай болыўы!!!» деп те кесетпе. Еркек буныңа да мәни бермеўи мүмкин. Оның орнына, наз етип «Гүл алып келиўиңди қатты сағындым» дегениң нәтийжелирек.
Алдамаў
Шаңарақта бир жалған пайда болды. Әшкара болмаслығы ушын перзентиңе «Әкең билмесин» десең, оған «Әкени алдаў мүмкин » деген тәрбияны бериў тәрепдарысаң!
Иске жумылдыратуғын сөзлер айт
«Пәлен исти қыла алмайсыз ба? деўиң — «жоқ» деген жуўапты сатып алғаның менен барабар. Соның ушын да бундай мүрәжат етпестен, «Усы исти орынлап бериң», «Ҳеш ким де сиздей болып бул исти еплей алмайды» деген сыңарда айтсаң, әлем-гүлистан.
Саўғаны қабыллай бил!
Өмирлик жолдасың гүл саўға еткенинде «Шәрт емес еди», «Буның қымбат емес пе?» қусаған гәплерди айтпа.
Гейде ҳаяллар күйеўи гүл усынғанында «Өзимиздиң қарызымыз басымыздан асып атырғанда, сениң пулды әлле нәрселерге сарыплап жүргениң мынаў» деп айтып жибереди. Бул әлбетте, күйеўдиң ғәзебин келтиреди. Оның орнына, ең болмағанда жылап жибергениңиз мақул еди. Сонда бир тәрептен пуллардың бийҳүўдаға сарыпланғанының дәртин сыртқа шығарған болар едиң, ал күйеўиң “Ҳаялым гүл алып келгениме сондайын сүйсинди, көзлерине ийелик ете алмай қалды” деп ойлар еди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…